Репост из: ҚАРАҚАЛПАҚ САЛТ-ДӘСТҮРЛЕРИ ҲӘМ ҮРП-ӘДЕТЛЕРИ
#салт_дәстүр
ПАЙҒАЗЫ
ПАЙҒАЗЫ~атл. Бир жаңалық ушын берилетуғын сыйлық. [Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги, Жети томлық, 6-том, 5-бет.]
Мысаллар:~Пайғазы бер,--деп көйлектиң баҳасының еки есесин алды. [О. Сапарова. "Атасы қуўған келиншек"]
Кәсиплеслер жапқан орамалыма,
Дослардан алайын пайғазы сорап. [А. Аманияз. "Миннетдаршылық"]
Тулпар алдым шабаған,
Ақ баслы ер саламан,
Пайғазы бериң аламан,
Шуў, жәниўар, шап деймен.
["Бесик шабыў" дәстүринен].
ПАЙҒАЗЫ~дәстүр. Бул дәстүрдиң ең дәслепки келип шығыўы негизинен, жас балаларды қуўантыў ушын жаңа кийим кийгенде, жаңадан бир зат алғанда, тай мингенде үлкенлер тәрепинен берилетуғын сыйлық. Пайғазыны көбинесе жақын адамларынан, туўысқанларынан, аға-жеңгелеринен, дайыларынан сорайды.
Үлкенлер тәрепинен жас балаларға берилетуғын пайғазы түрлерине: ақша, бала ушын керекли зат, төрт түлик малдың төлинен ылақ, қозы, тай, бота ҳәм т.басқалар сыйлық түринде бериледи. Пайғазыны қоңсы-қоба да береди~ақша, шийринлик, зат түринде.
Пайғазы бериў менен бирге балаға қутлы болсын айтып, жақсы тилеклерин билдиреди.
Пайғазы сораў~дәстүр болғанлықтан, оны ҳеш ким ерси көрмейди, қайта баланың қуўанышын бөлисип ортақласады. Мине, соның ушын да пайғазы бериў~баланы қуўандыратуғын, кеўилин көтеретуғын дәстүр. Пайғазы сорағанда жеңгелери ҳәзиллеп "Пайғазыңа байдың қызы",--деп те айтады.
Пайғазы жас өспирим ул ҳәм қызларға да берилетуғын болған.
Ҳәзирги ўақытлары пайғазыны тек жас балаларға ғана емес, жасы үлкенлерге де [диплом алыў, машина алыў, жаңа үй алыў, т.б.] жаңалықларын қутлықлап беретуғын болды.
Мыс: Таза "Жигули" минип барып еди, "пайғазы" деп тоқ қызыл ғышырлаған түркмен гилемлери жаўылды. [О. Сапарова. "Бети ашылмаған келиншек"]
Пайғазы бериў дәстүри туўысқан Орта Азия халықларында ҳәм басқа да түркий тиллес халықлар дәстүринде де бар.
Shahzoda Allamuratova.
t.me/shahzoda_allamuratova