#Рамазан_сораў_жуўап
РАМАЗАН АЙЫНДА ТҮНДЕ ЕРЛИ-ЗАЙЫПЛЫ (ЖЫНЫСЫЙ) ҚАТНАСЫҚЛАРЫ МҮМКИНБЕ
СОРАЎ: Рамазан айында ораза тутқан адам аўыз ашқаннан кейин ҳаялына жақынлық қылыўға боладыма? Сораўым әдепсизлик болса кеширимли болсын.
ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Ислам дини келген дәслепки дәўирлерде Рамазан айында ораза тутқан адамларға тунде де ҳаялына жақынлық қылыўға болмайтуғын еди. Бирақ буған көпшилик әмел қыла алмай қалғаны ушын буған руқсат берилген ҳәм төмендеги аят нәзил болған:
أُحِلَّ لَكُمْ لَيْلَةَ الصِّيَامِ الرَّفَثُ إِلَى نِسَائِكُمْ هُنَّ لِبَاسٌ لَكُمْ وَأَنْتُمْ لِبَاسٌ لَهُنَّ عَلِمَ اللَّهُ أَنَّكُمْ كُنْتُمْ تَخْتَانُونَ أَنْفُسَكُمْ فَتَابَ عَلَيْكُمْ وَعَفَا عَنْكُمْ فَالْآَنَ بَاشِرُوهُنَّ وَابْتَغُوا مَا كَتَبَ اللَّهُ لَكُمْ وَكُلُوا وَاشْرَبُوا حَتَّى يَتَبَيَّنَ لَكُمُ الْخَيْطُ الْأَبْيَضُ مِنَ الْخَيْطِ الْأَسْوَدِ مِنَ الْفَجْرِ ثُمَّ أَتِمُّوا الصِّيَامَ إِلَى اللَّيْلِ
яғный: "Сизлерге оразаның түнлеринде ҳаялларыңызға жақынлық қылыў ҳадал қылынды. Олар сизлерге кийим, сизлер де оларға кийимсиз. Сизлер өзлериңизге қыянет ислеп атырғаныңызды Аллаҳ билди ҳәм тәўбелериңизди қабыл етип, сизлерди әпиў етти. Енди оларға (оразаның түнлеринде) жақынласа бериң ҳәм Аллаҳ сизлерге жазған нәрсени талап етиң! Таңда ақ жип қара жиптен ажыралғанша ишип жең. Соң оразаны түнге шекем (Қуяш батқанша) кәмил тутың. Мешитлерде итикафта болған ўақтыңызда жақынлық қылмаң Булар Аллаҳтың шегаралары, оған жақынласпаң. Аллаҳ адамларға Өзиниң аятларын усылай баян етеди. Қәнекей, олар тақўа қылса" (Бақара сүреси, 187-аят).
Усыннан келип шығып, Рамазан айында қуяш батқаннан баслап таң атқанша болған аралықта ерли-зайыплы қатнасығына руқсат бар. Усы ҳүким Ҳанафий мәзҳабындағы итибарлы фиқҳий китапларда да келтирилген. Солардан, Имам Алаўддин Кәсәний "Бадаиъус санаъе" китабында мынандай дейди:
وَأَمَّا رُكْنُهُ: فَالْإِمْسَاكُ عَنْ الْأَكْلِ ، وَالشُّرْبِ ، وَالْجِمَاعِ لِأَنَّ اللَّهَ تَعَالَى أَبَاحَ الْأَكْلَ ، وَالشُّرْبَ، وَالْجِمَاعَ فِي لَيَالِي رَمَضَانَ"
яғный: "Оразаның рүкни: күндизи ишип-жеў ҳәм жынысый қатнасықтан тыйылыў. Өйткени, Аллаҳ таала ишип-жеў ҳәм жынысый қатнасты Рамазан түнлеринде ҳадал қылған". Ўаллаҳу әъләм.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы.
🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram | Instagram | Youtube | Facebook