IYMAN.UZ | Рәсмий канал


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Религия


Қарақалпақстан Мусылманлары қазыяты, Шымбай районы "ХАН" жаме мешитиниң телеграм каналы.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Религия
Статистика
Фильтр публикаций


ШЫМБАЙ РАЙОНЫ БОЙЫНША АЎЫЗ АШЫЎ ЎАҚЫТЫ

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

     Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

    👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#рамазан_2025
#Сораў_жуўап

Сораў: Егер оразадар инсан ифтарлық ўақты аўыз ашыў дуўасын оқымастан турып нәрсе жеп қойса, оразасы есапқа өтеди ме?


Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Аўа, өтеди. Аўыз ашыў дуўасын оқыў мустаҳаб әмел, яғный оқыған адам саўап алады, оқымаған гүнакар болмайды. Әҳмийетлиси, ораза тутыўшы инсан аўыз ашатуғын ўақыттан алдын аўзын ашпаса болды. Ўаллаҳу аълам.

   Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа орайы

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Рамазан_сораў_жуўап

   РАМАЗАН АЙЫНДА ТҮНДЕ ЕРЛИ-ЗАЙЫПЛЫ (ЖЫНЫСЫЙ) ҚАТНАСЫҚЛАРЫ МҮМКИНБЕ


   СОРАЎ: Рамазан айында ораза тутқан адам аўыз ашқаннан кейин ҳаялына жақынлық қылыўға боладыма? Сораўым әдепсизлик болса кеширимли болсын.

   ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Ислам дини келген дәслепки дәўирлерде Рамазан айында ораза тутқан адамларға тунде де ҳаялына жақынлық қылыўға болмайтуғын еди. Бирақ буған көпшилик әмел қыла алмай қалғаны ушын буған руқсат берилген ҳәм төмендеги аят нәзил болған:

أُحِلَّ لَكُمْ لَيْلَةَ الصِّيَامِ الرَّفَثُ إِلَى نِسَائِكُمْ هُنَّ لِبَاسٌ لَكُمْ وَأَنْتُمْ لِبَاسٌ لَهُنَّ عَلِمَ اللَّهُ أَنَّكُمْ كُنْتُمْ تَخْتَانُونَ أَنْفُسَكُمْ فَتَابَ عَلَيْكُمْ وَعَفَا عَنْكُمْ فَالْآَنَ بَاشِرُوهُنَّ وَابْتَغُوا مَا كَتَبَ اللَّهُ لَكُمْ وَكُلُوا وَاشْرَبُوا حَتَّى يَتَبَيَّنَ لَكُمُ الْخَيْطُ الْأَبْيَضُ مِنَ الْخَيْطِ الْأَسْوَدِ مِنَ الْفَجْرِ ثُمَّ أَتِمُّوا الصِّيَامَ إِلَى اللَّيْلِ

яғный: "Сизлерге оразаның түнлеринде ҳаялларыңызға жақынлық қылыў ҳадал қылынды. Олар сизлерге кийим, сизлер де оларға кийимсиз. Сизлер өзлериңизге қыянет ислеп атырғаныңызды Аллаҳ билди ҳәм тәўбелериңизди қабыл етип, сизлерди әпиў етти. Енди оларға (оразаның түнлеринде) жақынласа бериң ҳәм Аллаҳ сизлерге жазған нәрсени талап етиң! Таңда ақ жип қара жиптен ажыралғанша ишип жең. Соң оразаны түнге шекем (Қуяш батқанша) кәмил тутың. Мешитлерде итикафта болған ўақтыңызда жақынлық қылмаң Булар Аллаҳтың шегаралары, оған жақынласпаң. Аллаҳ адамларға Өзиниң аятларын усылай баян етеди. Қәнекей, олар тақўа қылса" (Бақара сүреси, 187-аят).

   Усыннан келип шығып, Рамазан айында қуяш батқаннан баслап таң атқанша болған аралықта ерли-зайыплы қатнасығына руқсат бар. Усы ҳүким Ҳанафий мәзҳабындағы итибарлы фиқҳий китапларда да келтирилген. Солардан, Имам Алаўддин Кәсәний "Бадаиъус санаъе" китабында мынандай дейди:

وَأَمَّا رُكْنُهُ: فَالْإِمْسَاكُ عَنْ الْأَكْلِ ، وَالشُّرْبِ ، وَالْجِمَاعِ لِأَنَّ اللَّهَ تَعَالَى أَبَاحَ الْأَكْلَ ، وَالشُّرْبَ، وَالْجِمَاعَ فِي لَيَالِي رَمَضَانَ"

яғный: "Оразаның рүкни: күндизи ишип-жеў ҳәм жынысый қатнасықтан тыйылыў. Өйткени, Аллаҳ таала ишип-жеў ҳәм жынысый қатнасты Рамазан түнлеринде ҳадал қылған". Ўаллаҳу әъләм.

   Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы.


🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Дуўа

   ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

اللهُمَّ بِكَ أَصْبَحْنَا وَبِكَ أَمْسَيْنَا وَبِكَ نَحْيَا وَبِكَ نَمُوتُ وَإِلَيْكَ النُّشُورُ.

"Аллаҳумма бикә әсбаҳнәә ўә бикә әмсәйнәә ўә бикә нәҳяә ўә бикә нәмуўту ўә иләйкән-нушуўру".

Мәниси: "Аллаҳым, Сениң атың менен таң аттырдық, Сениң атың менен кеш киргиздик, Сениң атың менен тирилемиз, Сениң атың менен өлемиз ҳәм Саған қайтамыз".


🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Таңғы_сәлемнама

   Ассаламу алайкум Қәдирлим!

🍃 Сиз бенен бизди усы айға жеткерген Аллаҳға шүкирлер болсын!

🌸 Әтирапты көк қаплап көклемде келген Рамазан мүбәрек  болсын!

🌿 Бул ай кеўиллерди қуўанышқа бөлейтуғын шырайлы сәтлерге толы болсын!

🌼 Қуран айы қутлы болсын!

🌷 Сабырымызды сынақ елеўишинен өткеретуғын айда Аллаҳ таала бәримизге шырайлы сабыр берсин!

☀️ РАМАЗАННЫҢ 3 - КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! ☀️


🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


ШЫМБАЙ РАЙОНЫ БОЙЫНША АЎЫЗ ЖАБЫЎ ЎАҚЫТЫ

      АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ


      Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу әкбар.

      Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанға шекем тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ уллы.


НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН!

🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#namaz_waqıtları

Шымбай районы ўақты менен
2 март  күнги намаз ўақытлары

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


ШЫМБАЙ РАЙОНЫ БОЙЫНША АЎЫЗ АШЫЎ ЎАҚЫТЫ

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

     Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

    👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


IYMAN.UZ | Рәсмий канал:
#Рамазан_сораў_жуўап

   ИФТАРЛЫҚ (АЎЫЗ АШАР) БЕРСЕ, ОРАЗА ТУТҚАННЫҢ САЎАБЫНА ЕРИСИЛЕДИМЕ?

   СОРАЎ: Ораза тутқан адамға тағам алып берсе, саўабы ораза тутқан адам менен бирдей болатуғын екен. Бул дурыспа? Алдыннан рахмет.

   ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим.
   Дурыс, динимизде ораза тутқанға аўыз ашар бериў ўлкен саўаплы ислерден. Ҳәттеки бир қурма, ямаса бир уртлам суў, ямаса бир уртлам сүт пенен болса да, ораза тутқан адамға аўыз ашар бериў үлкен әжирге себеп болады. Бул туўралы Пайғамбарымыз саллаллаҳу мынандай деген:

"مَنْ فَطَّرَ صَائِماً ، كَانَ لَهُ مِثْلُ أجْرِهِ ، غَيْرَ أنَّهُ لاَ يُنْقَصُ مِنْ أجْرِ الصَّائِمِ شَيْءٌ" (رواه الترمذي عن زيد بن خالد لجُهَنِيِّ رضي الله عن)

"Ким ораза тутқан адамға аўыз ашар берсе, ораза тутқанның саўабындай саўапқа ериседи. Лекин ораза тутқанның саўабынан ҳеш нәрсе азаймайды" (Имам Термизий рәўияты).

   Лекин соны да атап өтиў керек, бул ис қәншелли саўабы уллы болмасын, ораза тутқанға аўыз ашар берген адамның мойнынан ораза тутыўдың парызлығын түсирмейди. Себеби Рамазан айында ҳәр бир денсаўлығы жетерли мусылман адам ораза тутыўы парыз. Аллаҳ таала Қураны кәриймде:

فَمَنْ شَهِدَ مِنْكُمُ الشَّهْرَ فَلْيَصُمْهُ

"Енди сизлерден ким ол айға жетсе, ораза тутсын", - деп буйырған (Бақара сүреси, 185-аят). Ўаллаҳу әъләм.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтиўа орайы


🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Рамазан

ОРАЗАҒА ТИЙИСЛИ МӘСЕЛЕЛЕР

  
   Қаза - Рамазан айында ораза тутпаған күн ушын Рамазаннан басқа айда тутып берилетуғын оразаның аты (Қаза ораза). Бунда Рамазан айында бир күн ораза тутпаған болса, басқа айда бир күн; еки күн тутпаған болса, еки күн; он күн тутпаған болса, он күн; неше күн тутпаған болса, сонша күн тутып бериўге Қаза ораза делинеди.

   Кәффарат - бул Рамазан айында ораза тутып атырған адам аўыз ашыў ўақыты кирмей турып аўызын ашып жиберсе, Рамазаннан басқа ўақытта тутып берилетуғын оразаның аты. Кәффарат ушын ораза 60 (алпыс) күн избе-из, арасын үзбей тутыў лазым болады. Егер, ортада болсын, ақырлаўында болсын, ҳәттеки алпысыншы күни ораза тутпай қалса ямаса алпысыншы күни де ораза тутып ўақтынан бурын аўызын ашып жиберсе, қайтадан басынан баслап алпыс күн ораза тутыўы керек болады. Сонлықтан, кәффаратқа себеп болатуғын ислер (ишип-жеў, ерли-зайыплы арасындағы жынысый қатнас)ден аўлақ болыў керек.

   Және сапар (жол)ға шыққан адамлар "мүсәпир" делинип, олар үзирли адамлар қатарына киреди. Набада Рамазан айында сапарға (шама менен 96 кмден узақ жерге 15 күннен аз мүддетке барыў) шығыўға мәжбүр болып қалсаңыз, сол күнлери ораза тутпаўға шәриятымыз руқсат береди. Тутпаған күнлериңиз ушын Рамазаннан басқа айда тутпағаныңыз муғдарынша қаза ораза тутып бересиз.


🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#рамазан_2025 #рамазанның_пазыйлети

ОРАЗА – УҚСАСЫ ЖОҚ ИБАДАТ

⬅️Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


#Дуўа

   ТАҢДА ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА

اللهُمَّ بِكَ أَصْبَحْنَا وَبِكَ أَمْسَيْنَا وَبِكَ نَحْيَا وَبِكَ نَمُوتُ وَإِلَيْكَ النُّشُورُ.

"Аллаҳумма бикә әсбаҳнәә ўә бикә әмсәйнәә ўә бикә нәҳяә ўә бикә нәмуўту ўә иләйкән-нушуўру".

Мәниси: "Аллаҳым, Сениң атың менен таң аттырдық, Сениң атың менен кеш киргиздик, Сениң атың менен тирилемиз, Сениң атың менен өлемиз ҳәм Саған қайтамыз".


🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Таңғы_сәлемнама

   Ассаламу алайкум Қәдирлим!

🍃 Сиз бенен бизди усы айға жеткерген Аллаҳға шүкирлер болсын!

🌸 Әтирапты көк қаплап көклемде келген Рамазан мүбәрек  болсын!

🌿 Бул ай кеўиллерди қуўанышқа бөлейтуғын шырайлы сәтлерге толы болсын!

🌼 Қуран айы қутлы болсын!

🌷 Сабырымызды сынақ елеўишинен өткеретуғын айда Аллаҳ таала бәримизге шырайлы сабыр берсин!

☀️ РАМАЗАННЫҢ 2 - КҮНИ МҮБӘРЕК БОЛСЫН! ☀️


🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


ШЫМБАЙ РАЙОНЫ БОЙЫНША АЎЫЗ ЖАБЫЎ ЎАҚЫТЫ

      АЎЫЗ ЖАБЫЎ ДУЎАСЫ


      Нәўәйту ән әсуўмә соўмә шәҳри ромәдоонә минәл фәжри иләл мәғриби, холисол лилләәҳи таъааләә Аллооҳу әкбар.

      Мәниси: Рамазан айының бүгинги оразасын таң атқаннан қуяш батқанға шекем тутыўды нийет еттим. Қалыс Аллаҳ ушын, Аллаҳ уллы.


НИЙЕТЛЕРИҢИЗДИ АЛЛАҲ ТААЛА ҚАБЫЛ ЕТСИН!

🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#namaz_waqıtları

Шымбай районы ўақты менен
2 март күнги намаз ўақытлары

🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁🍁

Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


ШЫМБАЙ РАЙОНЫ БОИНША
      АЎЫЗ АШЫЎ ЎАҚТЫ

АЎЫЗ АШЫЎ ДУЎАСЫ

     Аллооҳуммә ләкә сумту ўә бикә әмәнту ўә ъаләйкә тәўәккәлту ўә ъаләә ризқикә әфтарту, фәғфирлий зунуўбий мәә қоддәмту ўә мәә аххорту бироҳмәтикә я арҳамар рооҳимийн.

      Мәниси: Аллаҳым, усы оразамды Сен ушын туттым ҳәм Саған ийман келтирдим ҳәм Саған тәўекел қылдым ҳәм берген ырысқың менен аўыз аштым. Ҳәй, меҳрийбанлардың ең Меҳрийбаны, мениң алдынғы ҳәм кейинги гүналарымды мағфират қыл.

    👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!


#Рамазан

   ОРАЗАНЫ БУЗБАСА ДА ПАЗЫЙЛЕТИН КЕТКИЗЕТУҒЫН ӘМЕЛЛЕР

   Айырым әмеллер оразаны бузбайды, бирақ ораза тутыўшыға берилетуғын пазыйлетлерди жоқ қылып жибереди. Олар төмендегилер:

  1.  Нәмәҳрамға қараў;
  2.  Ғыйбат қылыў;
  3.  Фаҳш сөзлерди айтыў;
  4.  Өтирик сөйлеў;
  5.  Ғыйбат ҳәм өтирик сөзлерди еситиў;
  6.  Сатып бериў
(шағымшылық);
  7.  Биреўге азар бериў (тил ямаса қол менен);
  8.  Қәлбти қарайтатуғын қосықлар тыңлаў;
  9.  Ўақытты кеткизетуғын бийкаршы ойынларды ойнап Аллаҳтың зикиринен шалғып қалыў;
  10.   Шаҳўаты күшли инсанлар ҳаялын сүйип қушақлаўы.


   Бизлер ораза болып турып усы нәрселерден сақланбайды екенбиз, онда тек аш жүргенимиз қалады. Солай екен, бар жоғы бир ай даўамында усы нәрселердиң айырымларынан узақ болсақ, және айырымларынан пүткиллей узақлассақ, Аллаҳтың қәлеўи менен өмиримизге қут-берекет кириўи анық.

🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹🌹

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


#Рамазан_сораў_жуўап

   СОРАЎ:
Рамазанда қандай зикирлер уллы, қайсысын көп айтыў керек?

   ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим.
   Рамазан - Қураны кәрийм нәзил болған ай болғаны ушын, Қураны кәриймди басқа айларға қарағанда көбирек оқыў усыныс етиледи. Өйткени, Қураны кәрийм ең уллы, ең абзал зикир. Буннан басқа тасбиҳ (Субҳаналлоҳ), таҳлил (Ләә иләәҳә иллаллоҳ), истиғфар (Астағфируллоҳ), ҳәмд (Әлҳамдүлилләҳ), тәкбир (Аллаҳу әкбәр) ҳәм Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламға салаўат айтыў да ең абзал зикирлер есапланады. "Аллаҳ, Аллаҳ", деп жүриў де зикирдиң ең тилге аңсат көриниси. Ўаллаҳу әъләм.

Өзбекстан мусылманлары басқармасы пәтиўа орайы.


Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!

Telegram | Instagram | Youtube | Facebook


Репост из: Paziyletuz | Рәсмий канал
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Рамазан қутлықлаўы

Ҳүрметли ўатанласлар!

Халқымыз гүллән мусылман үммети менен биргеликте үлкен қуўаныш пенен күтип алып атырған мүбәрек рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети менен сизлерди, гөззал журтымыздағы бәрше мөмин-мусылманларды Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты жәмәәти атынан, Республикамыздың бәрше имам-хатиблери атынан, сондай-ақ ислам билим журтымыз устаз ҳәм талабалары атынан шын қәлбимнен қутлықлап, ең жақсы тилеклеримди билдиремен.

Мине усындай пайызлы ҳәм уллы күнлерде бәршемиз дәслеп Аллаҳ таалаға шүкирлер айтыўымыз тәбиий.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бәршеңизди мүбәрек рамазан айы кирип келиўи мүнәсибети  менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман!

Жанажан ўатанымыз, елимиз, шаңарақларымыздан тынышлық, аўызбиршилик, қут-берекет ҳеш қашан кетпесин!
Ийгиликли мақсетимиз ҳәм ислеримизде Аллаҳ Өзи ҳәмийше яр болсын!

Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Бахрамаддин Разов

👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇

     Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!

🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube

🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz


Репост из: Shavkat Mirziyoyev_press-service
Муборак Рамазон ойи кириб келиши муносабати билан Ўзбекистон халқига табрик

Поздравление народу Узбекистана с наступлением священного месяца Рамадан

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X

Показано 20 последних публикаций.