#Рамазан
ОРАЗАҒА ТИЙИСЛИ МӘСЕЛЕЛЕР
Қаза - Рамазан айында ораза тутпаған күн ушын Рамазаннан басқа айда тутып берилетуғын оразаның аты (Қаза ораза). Бунда Рамазан айында бир күн ораза тутпаған болса, басқа айда бир күн; еки күн тутпаған болса, еки күн; он күн тутпаған болса, он күн; неше күн тутпаған болса, сонша күн тутып бериўге Қаза ораза делинеди.
Кәффарат - бул Рамазан айында ораза тутып атырған адам аўыз ашыў ўақыты кирмей турып аўызын ашып жиберсе, Рамазаннан басқа ўақытта тутып берилетуғын оразаның аты. Кәффарат ушын ораза 60 (алпыс) күн избе-из, арасын үзбей тутыў лазым болады. Егер, ортада болсын, ақырлаўында болсын, ҳәттеки алпысыншы күни ораза тутпай қалса ямаса алпысыншы күни де ораза тутып ўақтынан бурын аўызын ашып жиберсе, қайтадан басынан баслап алпыс күн ораза тутыўы керек болады. Сонлықтан, кәффаратқа себеп болатуғын ислер (ишип-жеў, ерли-зайыплы арасындағы жынысый қатнас)ден аўлақ болыў керек.
Және сапар (жол)ға шыққан адамлар "мүсәпир" делинип, олар үзирли адамлар қатарына киреди. Набада Рамазан айында сапарға (шама менен 96 кмден узақ жерге 15 күннен аз мүддетке барыў) шығыўға мәжбүр болып қалсаңыз, сол күнлери ораза тутпаўға шәриятымыз руқсат береди. Тутпаған күнлериңиз ушын Рамазаннан басқа айда тутпағаныңыз муғдарынша қаза ораза тутып бересиз.
🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺🌺
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!
Telegram | Instagram | Youtube | Facebook