#сораў_жуўап #дуўа
ТҮСКИНЛИКТЕН ҚУТЫЛЫЎ
913-Сораў: Түскинликтен қандай қутылыў мүмкин?
Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Түскинликтен қутылыў басына келген мүсийбетти қандай күтип алыўға байланыслы. Егер адам өзине жеткен мүсийбет ҳәм сол сыяқлы кеўилсизликлерге бул да Аллаҳтың тәғдири, маған жиберген бир имтиханы, деп қараса, мүсийбетлерди жеңиў ҳәм түскинликлерден шығып кетиўи аңсат болады.
Аллаҳтың тәғдирине көнип, қәлеўине тәслим болғанлардың ҳәмме иси жақсы болады. Олар өзлерине денсаўлық ҳәм қәтержамлық сыяқлы шырайлы нәрселер келгенде, бул неъматларды Аллаҳтан билип шүкир етеди. Басларына наўқаслық ҳәм апат сыяқлы нәпсиге жақпайтуғын жаманлықлар келгенде, оларды Аллаҳтан сынаў ретинде қабыл етеди ҳәм сабыр қылады. Ақыбетте екеўи де олар ушын жақсы болады. Себеби, шүкир еткени ушын шүкир саўабы, сабыр қылғаны ушын сабыр саўабын алады ҳәм ҳәр еки жағдайда да пайда көреди.
Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай дейди: "Мөминниң ҳәр қандай жағдайы жақсы. Оның ҳәр қандай жағдайы (саламат яки наўқас болсын) өзи ушын қайырлы (жақсы). Бул тек мөминлерге ғана тән. Оған жақсылық келсе, шүкир етеди; Бул оның ушын жақсы болады. Егер жаманлық (кеселлик, мүсийбет) келсе, сабыр қылады; Бул да оның ушын жақсы болады" (Имам Муслим рәўияты).
Уламаларымыз өмирде қандай да бир машқала яки тосықларға дус келип қалған инсанларға ҳәдислерде келген: "Йәә Ҳалийму йәә Алийм, йәә Алиййу йәә Азийм", дуўасын оқып кейин Аллаҳтан шын кеўилден ҳәм шын ықлас пенен қәжетин сораса, иншааллаҳ, Аллаҳтың жәрдеми менен машқалалардан қутылады, деген. Ўаллоҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлары басқармасы Пәтўа кеңеси
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
Telegram | Instagram | Youtube | Facebook