#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
✔️ Нызам физикалық шахслардың, соның ишинде жеке тәртиптеги исбилерменлердиң, сондай-ақ, юридикалық шахслардың банклердеги аманатларына кепиллик бериў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.
🏢 Аманатларға кепиллик бериў агентлиги банклердеги аманатлардың қорғалыўын кепиллеў тараўындағы ўәкилликли уйым есапланады.
✔️ Аманатларды кепиллеў системасы кепиллеў ҳәдийсеси жүзеге келгенде Агентлик тәрепинен аманатшыларға компенсацияларды төлеў арқалы аманатшылардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин мәмлекет тәрепинен қорғаўға қаратылған илажлар комплекси болып есапланады.
️✍️ Банк, соның ишинде, микроқаржы банки ҳәм нызамшылыққа муўапық шөлкемлестирилген аралық банк лицензия берилген ўақыттан баслап кепиллик системасының қатнасыўшысына айланады.
️📁 Бир банкте бир аманатшыға төленетуғын компенсация төмендеги муғдарды қурайды:
🔹кепиллик бериў объекти қалдығының толық көлемин, егер оның муғдары 200 миллион сўм ямаса оннан кем болса;
🔹200 миллион сўмды, егер кепиллик объектиниң қалдығы 200 миллион сўмнан көп болса.
️ 🗓 Агентлик сапластырылып атырған банк аманатшыларының кеминде төрттен үш бөлегине компенсацияларды алыў имканиятын төмендеги мүддетлерде тәмийинлеўи шәрт:
▪️2025-жыл 1-январьдан баслап - кепиллик ҳәдийсеси жүзеге келген сәнеден баслап 20 жумыс күни ишинде;
▪️2026-жыл 1-январьдан баслап - кепиллик ҳәдийсеси жүзеге келген сәнеден баслап 15 жумыс күни ишинде;
▪️2027-жыл 1-январьдан баслап - кепиллик бериў ҳәдийсеси жүзеге келген сәнеден баслап 7 жумыс күнинде.
📌Усы Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
📱T/m 📱F/b 📱I/m 📱T/m 📱Y/T
❗️️"Банклердеги аманатларды қорғаў кепилликлери ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1031-санлы, 18.02.2025 ж.) қабыл етилди