Huqıqıy málimleme QR ️️


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Право


Нызамшылықтағы жаңалықлар, ҳуқықый реформалар ҳаққында оператив мағлыўматлар усынатуғын канал.
▪️|Латын әлипбесинде — @huquqiyaxborot_lotin
▪️|Рус тилинде— @pravoinf
▪️|Инглиз тилинде — @leginf
▪️|Өзбек тилинде — https://t.me/huquqiyaxborot

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Право
Статистика
Фильтр публикаций


#Билесизбе

🔖Ҳуқық қорғаў уйымларының илимий шөлкем ҳәм билимлендириў мәкемелери тәрепинен жынаят жүз берген мәҳәллелерде илимий қатнаслар тийкарында үйрениўлер өткериледи.

🖥Онда тиккелей орынларға шыққан ҳалда, жынаят жүз берип атырған мәҳәллелердеги криминоген жағдайға тәсир етип атырған тийкарғы факторларды үйрениў ҳәм олардың өзгешеликлеринен келип шығып, мәнзилли профильактика системасын жолға қойыўға қаратылған илимий тийкарланған усыныслар ислеп шығылады ҳәм аймақлық "жол карталары"на киргизиледи.


📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱Instagram


#2025_жыл_1_февральдан

📣Нызамшылыққа көре:

✔️шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестириў ушын шаңарақтың ер ҳәм ҳаялдан ибарат толық шаңарақ болыў талабы бийкар етиледи;

✔️30 жасқа толған пуқараларға шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестириўге рухсат етиледи;

✔️социаллық қорғаўға мүтәж балалар шаңараққа тәрбияға (патронат) тек ғана олардың туўысқанларына бериледи;

✔️жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылган балалардың жасаў қәрежетлери, шаңарақлық балалар үйин шөлкемлестирген пуқараларға баланы тәрбиялаўы ушын ажыратылатуғын қаржылар тәрбияланыўшылар улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм басланғыш кәсип-өнер билимлендириў мәкемелерин тамамлағанға шекем бериледи.


📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱Instagram


#2025_жыл_1_февральдан

📣Нызамшылыққа көре:

✔️ Кәсиплик көнликпелер орайларында, жумыс бериўшилердиң буйыртпасы ҳәм коммерциялық банклер харыйдарларының мүтажлиги тийкарында жумыссыз халықты, соның ишинде, кәмбағал шаңарақлардың ағзаларын мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге мәнзилли оқытыў системасы енгизиледи.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱Instagram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Аралбойы регионында медициналық хызмет сапасы арттырылады

Дерек: ПҚ-18-сан, 22.01.2025-ж


📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Энергияны_үнемлеў

💡Энергия нәтийжелиги ҳәм үнемлеў ушын әҳмийетли усыныслар


📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱Instagram


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Ҳуқықбузарлықлардың социаллық профилактикасы нәтийжелилиги арттырылады


Толық инфографиядаа👆

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

⚡️"Атмосфера ҳаўасын патасландырыўшы дереклерди хатлаўдан өткериў тәртиби белгиленди

❗️Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат берди.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱Instagram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
⁉️Әдиллик министрлиги тәрепинен кѳрип шығылатуғын ҳуқықый машқалалардың классификаторы ислеп шығылды.

☝️Бул ҳаққында видеоролик арқалы танысып шығыўыңыз мүмкин

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️️Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке тартыў ҳәм дәраматларын арттырыў бойынша жаңа қатнаслар енгизиледи


Дерек, ПҚ-12-сан: 17.01.2025-ж

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Криминоген жағдайы аўыр мәҳәллелер менен жаңаша ислесиў механизмлери енгизиледи


Дерек: ПҚ-1-сан, 03.01.2025-ж

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

Мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде саламат аўқатландырыў тәртибин жетилистириў илажлары ҳаққында Ҳүкимет Қарары қабыл етилди.


❗️Қарар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң Режелестириў ҳәм қадағалаў-таллаў секторы баслығы И.Алдабергенов мағлыўмат берди.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱Instagram


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Ҳайўанат дүнясын қорғаў бойынша биотехникалық илажлар өткериў тәртиби белгиленди


Ҳүкимет қарары (31-санлы, 22.01.2025-ж.) менен "Ҳайўанат дүнясын қорғаў ҳәм оннан ақылға сай пайдаланыў бойынша биотехникалық илажларды өткериў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды

⚡️️Нызам ҳайўанат дүнясын қорғаў ҳәм оннан ақылға сай пайдаланыў бойынша биотехникалық илажларды өткериў тәртибин белгилейди.

📜Буннан тысқары, реже биотехникалық илажлар шеңберинде төмендегилерди нәзерде тутады:

➖ өткериў мақсети ҳәм усыллары;

➖ режесин ислеп шығыў, келисиў ҳәм тастыйықлаў тәртиби;

➖ өткерилетуғын аймақлар ҳәм де оларды өткериў бойынша талаплар;

➖ өткериў жуўмақларын мониторинг етиў ҳәм олардың нәтийжелери ҳаққындағы мағлыўматнаманы рәсмийлестириў;

➖ финансластырыў тәртиби.

📋 Сондай-ақ, ҳайўанат дүнясын қорғаў ҳәм оннан ақылға сай пайдаланыў бойынша биотехникалық илажлар белгиленген схемаға муўапық өткериледи.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️ Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий-техникалық орайының тийкарғы жумыс бағдарлары белгиленди


"Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети жанындағы "Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий-техникалық орайы" мәмлекетлик мәкемесиниң жумысын жолға қойыў илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (27-санлы, 21.01.2025-ж.) қабыл етилди

⚡Оған көре, төмендегилер "Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий-техникалық орайы" мәмлекетлик мәкемесиниң жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленди:

🔹радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында мәмлекетлик сиясатты жүргизиў ҳәм тәртипке салыў бойынша илимий изертлеўлер ҳәм илимий-техникалық жумыслар тийкарында усыныслар ислеп шығыў;

🔹атом энергиясынан пайдаланыў объектлериниң ҳәм (яки) атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы жумыстың қәўипсизлигин тийкарлаў бойынша экспертиза өткериў;

🔹атом энергиясынан пайдаланыў тараўында радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги бойынша норматив базаны раўажландырыў ҳәм жетилистириў;

🔹радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги мәселелери бойынша мәмлекетлик бағдарламалар, халықаралық жойбарлар ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыўда, сондай-ақ, қадағалаў ҳәм лицензиялаў жумысын техникалық, аналитикалық ҳәм экспериментал қоллап-қуўатлаўда қатнасыў;

🔹радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында алдынғы технологиялардан пайдаланған ҳалда илимий тийкарланған қәўипсизлик, моделлестириў ҳәм есаплаў анализин өткериў;

🔹радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәртипке салыў тараўында мағлыўматлар базаларын ислеп шығыў, жаратыў, қәлиплестириў ҳәм сақлаў;

🔹өз ўәкиллиги шеңберинде халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Қәўипли ислеп шығарыў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлердиң хызметкерлерин аттестациядан өткериў тәртиби белгиленди

Ҳүкимет қарары (26.01.2025-жыл) менен "Қәўипли ислеп шығарыў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлердиң басшы ҳәм инженер-техникалық хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыў ҳәм аттестациядан өткериў тәртиби ҳаққында"ғы реже тастыйықланды

🔰Реже төмендегилерди нәзерде тутады:

🔹қәўипли ислеп шығарыў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлердиң басшы ҳәм инженер-техник хызметкерлерин таярлаў, қайта таярлаў, олардың маманлығын арттырыў тәртиби, мүддетлери ҳәм оларды әмелге асырыўшы шөлкемлер;

🔹қәўипли ислеп шығарыў объектлеринен пайдаланыўшы шөлкемлердиң басшы ҳәм инженер-техник хызметкерлерин аттестациядан өткериў тәртиби, мүддетлери, аттестация түрлери ҳәм де аттестациядан өткерилетуғын хызметкерлердиң категориялары;

🔹аттестация комиссиясының қурамын қәлиплестириў ҳәм искерлигин шөлкемлестириў;

🔹аттестация нәтийжелери бойынша апелляция бериў ҳәм оны көрип шығыў қағыйдалары.

🔍 Хызметкерлер дәўирлик аттестациядан төмендеги мүддетлерде өткериледи:

▪️қәўипли ислеп шығарыў объектинен пайдаланыўшы шөлкемлердиң басшы хызметкерлери, олардың орайлық аттестация комиссиялары баслықлары ҳәм баслықтың орынбасарлары - бес жылда бир мәрте;

▪️инженер-техник хызметкерлер, сондай-ақ, аттестация комиссиялары ағзалары - үш жылда бир мәрте;

▪️қәўипли ислеп шығарыў объектинен пайдаланыўшы шөлкемлерде жумыс алып барыўшы басқа жумысшы-хызметкерлер - бир жылда бир мәрте.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Криминоген жағдай аўыр мәҳәллелер менен жаңаша ислесиў механизмлери енгизиледи


Толық инфографикада👆

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Ҳуқықбузарлықлардың социаллық профилактикасы нәтийжелилиги арттырылады


Толық инфографиядаа👆

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️ ️Инженерлик мектеплери шөлкемлестириледи


✅ Қарарға көре, жоқары технологиялы ислеп шығарыўды енгизген электротехника санааты кәрханаларына жоқары технологиялы ислеп шығарыў объекти пайдаланыўға қабыл етилген сәнеден баслап 3 жыл мүддетке төмендеги салық жеңилликлери бериледи:

🔹пайда салығының ноль дәрежели ставкасын қоллаў;

🔹мал-мүлкке салынатуғын салықты төлеўден азат етиў.

🗓 Электротехника тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын электротехника санааты кәрханалары тәрепинен ғалабалық саўдалар арқалы сатып алынатуғын мәмлекет ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың көшпес мүлк объектлери бойынша төлемлерди 10 жылға шекемги мүддетте бөлип-бөлип төлеўге келисим бериледи.

🏢 Жиззах ўәлаятындағы 1-санлы политехникумы ҳәм Ташкент ўәлаятындағы Аҳангаран қалалық политехникумы жанында инженерлик мектеплери шөлкемлестириледи.

🗓 2025-2027-жылларда “Ўзэлтехсаноат” бирлепеси қурамындағы кәрханалардың жергиликли капитал базарында қысқа (1-жылға шекем) ҳәм орта (5-жылға шекем) мүддетли облигацияларын жайластырыў ҳәм халықаралық капитал базарларында 2 тармақ кәрханасының еврооблигацияларын шығарыў есабынан ресурс тартыўға рухсат бериледи.

📕Электротехника өнимлери экспортын жәнеде жеделлестириў ушын жаңа “Eltechexport” қаржыландырыў линиясы енгизиледи.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Электротехника санааты және де раўажландырылады


"Электротехника санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-20-санлы, 22.01.2025-ж.) қабыл етилди

⚡️ Қарарға көре, Электротехника санаатын 2025-2027-жылларда раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди.

🗓 2025-жыл 1-февральдан төмендеги қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи:

🔹бажыхана аймағында қайта ислеў режиминде таярланған өнимлерди кейинги ислеп шығарыўшылар тәрепинен санаат кооперациясы тәртибинде қайта ислеў ушын бажыхана аймағында қайта ислеў режимине жайластырыўға рухсат бериледи;

🔹 кәрханалардың раўажланыў ҳәм изертлеў орайларының жумысын жолға қойыў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша өз мүтәжликлери ушын алып келинетуғын, Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын лаборатория әсбап-үскенелери 2028-жыл 1-февральға шекем бажыхана бажысынан азат етиледи;

🔹 устав фондында мәмлекет үлеси 50 пайыздан артық болған юридикалық шахслардың ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ҳәкимшилик имарат-объектлерин, сондай-ақ социаллық тараў объектлерин қурыў бойынша сатып алыў ҳүжжетлерине төмендеги талаплар киргизиледи:

➖жумысты бөлип алып ислеўшилер зәрүр товарларды Ислеп шығарыўшылар экосистемасы ҳәм Электрон кооперация порталындағы жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алады;

➖зәрүр товарлар порталларда болмаса, тастыйықлаўшы мағлыўматнамалар тийкарында оларды басқа электрон порталлардан сатып алыўға рухсат етиледи;

🔹 Ислеп шығарыўшылар экосистемасында саўдалар мәмлекетлик буйыртпашылары ҳәм ислеп шығарыўшылар арасында электрон дүкан тәртип-қағыйдалары тийкарында, шәртнама баҳасы менен байланыслы шеклеўлерсиз өткериледи, бунда оферталар жергиликли ислеп шығарылған товар ҳаққындағы сертификат мағлыўматлары тийкарында қәлиплестириледи.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Киберқәўипсизлик бойынша мәмлекетлик университет шөлкемлестириледи


"Cyber university" мәмлекетлик университетин шөлкемлестириў ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-14-санлы, 20.01.2025-ж.) қабыл етилди

🔰 Қарарға көре, “Cyber university” мәмлекетлик университети шөлкемлестириледи.

✔️Мәлимлемени қорғаў, мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик, санлы технологиялар ҳәм санлы экономика, жасалма интеллектке тийкарланған автоматластырылған мәлимлеме-аналитикалық системаларды жаратыў, робототехника ҳәм басқа да түрлес тараўлар бойынша кадрлар таярлаў университеттиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

📕 Университет толық академиялық, финанслық ҳәм шөлкемлестириўшилик-басқарыў жағынан ғәрезсиз болған мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси есапланады ҳәм питкериўшилерге мәмлекет үлгисиндеги диплом бериледи.

📜Онда студентлерди оқытыў мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында алып барылады.

🌐 Университет қурамында IT-кластер (мәлимлеме технологиялары парки, технопарк) шөлкемлестириледи ҳәм алдынғы сырт ел тәжирийбесине тийкарланған технологиялық ҳәм инновациялық идеяларға бағдарланған стартап жойбарларды жаратыў ҳәм әмелиятқа енгизиў оның тийкарғы искерлик бағдарларынан бири етип белгиленди.

🎓2025-2026-оқыў жылы ушын Университетке бакалаврлар таярлаў бойынша күндизги билимлендириў түрине 100 мәмлекетлик грант ажыратылады. Бунда:

🔹 ажыратылатуғын мәмлекетлик грантлар билимлендириў бағдарлары кесиминде бөлистириледи;
🔹 гезектеги оқыў жылынан баслап мәмлекетлик грант мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасының параметрлери тийкарында ажыратылады;

🗓 Университетте оқыў процеси 2025-жыл сентябрь айында басланады.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Көп квартиралы турақ жайлардың жертөлесинен пайдаланғанлық ушын ижара төлеми "Мениң үйим" биллинг системасында төленеди


Дерек: МКҚ 17-санлы, 17.01.2025-ж.

📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram

Показано 20 последних публикаций.