#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Санаат, радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги комитети жанындағы "Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий-техникалық орайы" мәмлекетлик мәкемесиниң жумысын жолға қойыў илажлары ҳаққында"ғы Ҳүкимет қарары (27-санлы, 21.01.2025-ж.) қабыл етилди
⚡Оған көре, төмендегилер "Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий-техникалық орайы" мәмлекетлик мәкемесиниң жумысының тийкарғы бағдарлары етип белгиленди:
🔹радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында мәмлекетлик сиясатты жүргизиў ҳәм тәртипке салыў бойынша илимий изертлеўлер ҳәм илимий-техникалық жумыслар тийкарында усыныслар ислеп шығыў;
🔹атом энергиясынан пайдаланыў объектлериниң ҳәм (яки) атом энергиясынан пайдаланыў тараўындағы жумыстың қәўипсизлигин тийкарлаў бойынша экспертиза өткериў;
🔹атом энергиясынан пайдаланыў тараўында радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги бойынша норматив базаны раўажландырыў ҳәм жетилистириў;
🔹радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги мәселелери бойынша мәмлекетлик бағдарламалар, халықаралық жойбарлар ҳәм бағдарламаларды ислеп шығыўда, сондай-ақ, қадағалаў ҳәм лицензиялаў жумысын техникалық, аналитикалық ҳәм экспериментал қоллап-қуўатлаўда қатнасыў;
🔹радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги тараўында алдынғы технологиялардан пайдаланған ҳалда илимий тийкарланған қәўипсизлик, моделлестириў ҳәм есаплаў анализин өткериў;
🔹радиация ҳәм ядро қәўипсизлигин тәртипке салыў тараўында мағлыўматлар базаларын ислеп шығыў, жаратыў, қәлиплестириў ҳәм сақлаў;
🔹өз ўәкиллиги шеңберинде халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырыў.
📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram
❗️ Радиация ҳәм ядро қәўипсизлиги илимий-техникалық орайының тийкарғы жумыс бағдарлары белгиленди