#Нызамшылықтағы_жаңалықлар
"Электротехника санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы Президент қарары (ПҚ-20-санлы, 22.01.2025-ж.) қабыл етилди
⚡️ Қарарға көре, Электротехника санаатын 2025-2027-жылларда раўажландырыў ҳәм жаңа басқышқа алып шығыўдың тийкарғы бағдарлары белгиленди.
🗓 2025-жыл 1-февральдан төмендеги қоллап-қуўатлаў илажлары енгизиледи:
🔹бажыхана аймағында қайта ислеў режиминде таярланған өнимлерди кейинги ислеп шығарыўшылар тәрепинен санаат кооперациясы тәртибинде қайта ислеў ушын бажыхана аймағында қайта ислеў режимине жайластырыўға рухсат бериледи;
🔹 кәрханалардың раўажланыў ҳәм изертлеў орайларының жумысын жолға қойыў ушын белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша өз мүтәжликлери ушын алып келинетуғын, Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын лаборатория әсбап-үскенелери 2028-жыл 1-февральға шекем бажыхана бажысынан азат етиледи;
🔹 устав фондында мәмлекет үлеси 50 пайыздан артық болған юридикалық шахслардың ҳәм мәмлекетлик уйымлардың ҳәкимшилик имарат-объектлерин, сондай-ақ социаллық тараў объектлерин қурыў бойынша сатып алыў ҳүжжетлерине төмендеги талаплар киргизиледи:
➖жумысты бөлип алып ислеўшилер зәрүр товарларды Ислеп шығарыўшылар экосистемасы ҳәм Электрон кооперация порталындағы жергиликли ислеп шығарыўшылардан сатып алады;
➖зәрүр товарлар порталларда болмаса, тастыйықлаўшы мағлыўматнамалар тийкарында оларды басқа электрон порталлардан сатып алыўға рухсат етиледи;
🔹 Ислеп шығарыўшылар экосистемасында саўдалар мәмлекетлик буйыртпашылары ҳәм ислеп шығарыўшылар арасында электрон дүкан тәртип-қағыйдалары тийкарында, шәртнама баҳасы менен байланыслы шеклеўлерсиз өткериледи, бунда оферталар жергиликли ислеп шығарылған товар ҳаққындағы сертификат мағлыўматлары тийкарында қәлиплестириледи.
📱Telegram |📱Facebook|🌐Website
📱Telegram |📱YouTube |📱 Instagram
❗️Электротехника санааты және де раўажландырылады