Репост из: Каракалпак 24
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Буннан былай “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” арқалы социаллық жәрдемлер “Кем тәмийинленген шаңарақлар реестри“не кирген шаңарақларға көрсетилиўи белгиленбекте
Бул ҳаққында күни кеше Президентке социаллық жәрдемлердиң мәнзиллилигин арттырыў, майыплығы болғанларды тәрбиялаўдың жаңа системасына байланыслы исленген презентацияда айтып өтилди.
Шаңарақтың кәмбағал деп тән алыныўы оның ағзаларынан қосымша арза ҳәм ҳүжжетлерди талап етпестен социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады.
👉 @Karakalpak24
Бул ҳаққында күни кеше Президентке социаллық жәрдемлердиң мәнзиллилигин арттырыў, майыплығы болғанларды тәрбиялаўдың жаңа системасына байланыслы исленген презентацияда айтып өтилди.
Шаңарақтың кәмбағал деп тән алыныўы оның ағзаларынан қосымша арза ҳәм ҳүжжетлерди талап етпестен социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады.
Соның менен бирге, нәтийжесиз ҳәм талап жоқары болмаған социаллық жәрдемлер оптималластырылып, 28 түрдеги социаллық жәрдемниң бирден-бир дизими тастыйықланады. Социаллық дәптерлер есабынан ажыратылатуғын емлеў ҳәм хирургиялық әмелият қәрежетлерин Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаржыландырыў тәртиби енгизиледи.
Район ҳәкимликлери жанында юридикалық шахс болмаған “Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық“ фондлары шөлкемлестириледи. Оның қаржылары аймақты раўажландырыўға, сондай-ақ, экология ҳәм қоршаған орталықты сақлаў илажларына жумсалады.
3-18 жастағы майыплығы болған балалар ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызмети жолға қойылады
Оған балалар ата-аналар менен дүзилген социаллық шәртнама ҳәм Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағы тийкарында қабыл етиледи. Ата-аналардың күндизги күтим хызметинен пайдаланғаны ушын айына 3 миллион сўмға шекемги төлемлеринен салық алынбайды.
Усы жылдың ақырына шекем бул хызметлер менен 2 мыңға жақын аўыр майыплығы болған балаларды қамтып алыў режелестирилмекте.
“Балалар саламатлығы“ мәлимлеме системасы иске қосылып, ҳәр бир балаға қойылған диагноз талқылап барылады. Оларға медициналық, реабилитация, билимлендириў, социаллық хызметлер комплексли түрде көрсетиледи.
👉 @Karakalpak24