Каракалпак 24


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Новости и СМИ


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24 телеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @kk24bot
📊 Реклама: @kk24_reklama

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


❗️Картошка баҳасы неге қымбатлады? Аўыл хожалығы министрлиги түсиник берди

Министрлик буны қайта егилген майданлардан жетерли өним алынбағаны, суў салықлары ҳәм ҚҚС бойынша жеңилликлердиң бийкар етилиўи ҳәм басқа да қәрежетлердиң артқаны менен түсиндирди.

Баҳаларды төменлетиў ушын 2025-жылы 122 мың гектар майданда картошка егиў режелестирилген. Министрлик февраль-март айларында баҳалардың турақласыўын, апрель-май айларында болса оның төменлеўин күтпекте.

Быйыл картошка жетистириўди раўажландырыў ушын Аўыл хожалығы қорынан 400 миллиард сум ажыратылады. Сырт елден алып келинетуғын туқымлық картошка үш жылға бажыхана бажысынан азат етиледи. 2027-жылдан картошкаға талап толық ишки имканият есабынан қапланыўы режелестирилмекте.

👉 @Karakalpak24


"Жол ҳәрекети қәўипсизлик хызмети" хызметкерлери жеңил автомобиллерде авариялық балға жоқлығы ушын жәрийма салыўға ҳақлы емес

Еслетип өтемиз: авариялық балға тек қана М2 ҳәм М3 категориясына кириўши автобуслар ҳәм жолаўшы тасыўшы транспорт қураллары ушын мәжбүрий болып есапланады.

👉 @Karakalpak24


"Манчестер Сити" Чемпионлар лигасының 1/16 финал плей-офф басқышында "Реал Мадрид"ке қарсы ойнайды

Дәслепки ойын 11/12-февраль күни, жуўап ойынлары болса 18/19-февраль күнлери болып өтеди.

Ушырасыўларда Абдуқодир Ҳусанов майданга шығыўы мүмкин болады.

👉 @Karakalpak24


Gobozor: yangi foydalanuvchilar uchun promokod

Gobozor - bu:

• Xitoydan to‘g‘ridan-to‘g‘ri ishlab chiqaruvchilardan 20 000 000 dan ortiq mahsulotlar
• Mahsulotlar arzon narxlarda
• Butun O‘zbekiston bo‘ylab yetkazib berish
• Click, Payme, Uzcard, Humo orqali to‘lash imkoniyati
• Muddatli to‘lovni rasmiylashtirish imkoniyati mavjud

Yangi foydalanuvchilar uchun gobozor150 promokod bilan birinchi buyurtmaga 150 000 so‘m chegirma mavjud.
Saytga o‘tish: Gobozor.tut.uz
Telegram kanalga o’tish: @gobozoruz

p.s.
Savollar bormi?
Bizga yozing: @tut_support_bot

Реклама


Сабақ ўақтында оқыўшы телефоннан пайдаланса не қылыў керек? Нызамшылық буған не дейди?

Әмелдеги тәртипке көре оқыўшы сабақ ўақтында яки мектеп аймағында мобил телефоннан пайдаланыў қағыйдаларына әмел етилиўин бәрше педагоглар, солар қатарынан класс басшылары жеке бақлайды.

Оқытыўшы тәрепинен ескертилиўине қарамастан сабақ процесинде телефоннан пайдаланыў жағдайлары даўам еткенде пән оқытыўшысы, класс басшысы, директор орынбасары, психолог (инспектор-психолог) қатнасыўында оқыўшының телефоны (смартфон, планшет ҳәм басқа қурылмалар) алып қойылады ҳәм жағдай жүзесинен мектеп директоры ҳәмде оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллери ескертиледи.

Мектептиң "Шаңарақ-мәҳалле-билимлендириў мәкемеси" бирге ислесиўи Жәмәәт кеңеси ҳәм бақлаў кеңеси ағзалары қатнасында жағдай додаланып, тийисли түсиндириўлер алып барылғаннан соң мобил байланыс қурылмалары оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллерине қайтарып бериледи.

Сондай ҳалат оқыў жылы даўамында бир оқыўшы тәрепинен еки ҳәм оннан артық мәрте тәкирарланғанда оқыўшының ата-анасы яки басқа нызамлы ўәкиллери Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң тийисли статьясы тийкарында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады, оқыўшы ишки ислер органларының профилактик дизимине алынады.

Тийкар: Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң 2023 жыл 31 августтағы 282-санлы буйрығы

👉 @Karakalpak24


#Пайдалы

Ўақытында уйқылаў бойдың өсиўине ҳәм артықша салмақтан қутылыўға жәрдем береди

➖ Саат 22:00 ден 02:00 ге шекем организм өзинен ең көп муғдарда мелатонин ислеп шиғарады. Мелатонин бой өсиўине жуўапкер болган гормон болып есапланады.

➖ Тап усы гормон организмдеги артықша майларды еритиў ушын да жуўапкер. Қалаберсе, коллагенлерди тиклеў қәсийетине де ийе.

Буннан тысқары, бул гормон:

● терини жаңалаў;
● сүйекти беккемлеў;
● иммунитетти көтериў;
● клеткаларды тиклеў сыяқлы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды да атқарады.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Мағлыўмат ушын телефонлар;
+998953700155
+998953770155
+998959891778
Мен үйиме қуяш панелин орнатпақшыман, сиз не?
➡️ Локация ⬅️

Реклама


❗️«Басламалы бюджет»тиң 1-мәўсими 1-февральдан басланады

«Басламалы бюджет» процесслериниң 2025-жылғы 1-мәусими 1-февральдан басланып, 20-мартқа шекем даўам етеди.

Бунда:
▪️Жойбарды киргизиў басқышы – 1-20-февраль;
▪️Сайлап алыў басқышы – 21-февраль – 7-март;
▪️Үгит-нәсиятлаў басқышы – 8-10-март;
▪️Даўыс бериў басқышы – 11-20-март күнлери өткериледи.

🔹Усы жылы 1-мәўсим жеңимпазлары 21-март – Наўрыз байрамы күни жәрияланады.

👉 @Karakalpak24


❗️Хәзирги ўақытта əмелдеги жəриймалар муғдарлары менен танысың

🔒 Ремен тақпаў: 187 500 сум;
🩺 Техникалық көрик ямаса биринши жəрдем комплекси
жоқ екенлиги: 187 500 сум;
📜 Ҳүжжетсиз айдаў: 375 000 сум;
📄
Қамсызландырыўыз ҳүжжети болмаў: 375 000 сум;
🚦 Қызыл светофордан  өтиў: 750 000 сум;
🅿️ Нызамға қарсы парковка: 750 000 сум;
❌ Мəмлекетлик номерисиз айдаў : 1 875 000 сум;
⚡️ Тезлик (+20 км/саат): 375 000 сум;
⚡️ Тезлик (+20 -40 км/саат): 1 875 000 сум;
⚡️ Тезлик (40+ км/саат): 3 375 000 сум;
🍺 Мәс ҳалда айдаў : 9 375 000 сум ҳəм 3 жылға шекем айдаў ҳуқықынан айырылыў;
🎨 Рухсатсыз рең бериў: 9 375 000 сум.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️YouTube’тағы Айдын жойбары жаўыз маняк Чикатило ҳаққында видео таярлапты!

XX әсирде Чикатило деген фамилияны еситкен көпшилик пүткил дүняны ләрзеге салған қорқынышлы ҳәм жаўыз маняктың жынаятларын еслейди.
Жойбардың бул санында сизлер Андрей Чикатилоның не себептен бундай жынаятларды әмелге асырғанлығы ҳәм оның психологиясына тәсир еткен ўақыялар ҳаққында билип аласыз.

YouTube | Instagram | Telegram

https://www.youtube.com/watch?v=oEdPgWYJM0c&feature=youtu.be


2025-жыл 1-февральдан баслап:

Нызамшылыққа муўапық, социаллық карта арқалы төленген напақа, компенсация ҳәм басқа төлемлер (социаллық төлем) қаржыларынан социаллық төлемлерди алатуғын шаңарақлардың ағзалары, Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлардың ағзалары сондай-ақ, соңғы 12 ай даўамында "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" мәлимлеме системасы арқалы кем тәмийнленген деп табылған шаңарақлардың ағзаларына спиртли ишимликлер ҳәм темеки өнимлери ушын төлемди әмелге асырыў, сондай-ақ исбилерменлер тәрепинен бул өнимлер ушын төлемди қабыллаў қадаған етиледи.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Автобуслар ушын арналған жол бөлегинде қағыйда бузсаңыз, қанша жәрийма төлейсиз?

Мәлим етилиўинше, жеңил автомобиллер 1.5 жол сызықлары сызылған орында оң тәрепке бурылыўы мүмкин.

Буннан тысқары 1.1, 5.9 ҳәм 1.4 сызықлары бар жерлерде автомобиллердиң тоқтаўы қадаған етилген.

Бул БЕМниң 3 есеси муғдарында жәриймаға себеп болыўы мүмкин.

👉 @Karakalpak24

25k 0 129 117

😍 BIZ BOSHLADIK!
1+1 AKSIYASI RASMAN START OLDI!
🎉

Bugundan boshlab 500 000 so‘mdan ortiq xarid qilgan har bir mijoz chek summasining 10% qiymatida do‘kondan istalgan mahsulotni mutlaqo BEPUL olib ketishi mumkin! 🎁

📍 Foydali xaridlarni boshlash vaqti keldi!
📅 Aksiya muddati: 31-2 fevralgacha!

🔥 Shoshiling, bunday imkoniyat har doim ham bo‘lavermaydi!

Batafsil:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Bizning saytimiz | Do‘konlarimiz
_____

😍 МЫ Н
АЧАЛИ!
АКЦИЯ 1+1 ОФИЦИАЛЬНО СТАРТОВАЛА!
🎉

С сегодняшнего дня при покупке от 500 000 сум каждый клиент может выбрать любой товар в магазине абсолютно БЕСПЛАТНО на сумму 10% от чека! 🎁

📍 Время выгодных покупок настало!
📅 Акция действует 31-2 февраля!

🔥 Не упустите шанс – такие предложения бывают не каждый день!

Подробно:
📞 71-203-1203 | Elmakon Chat

Instagram | Наш сайт| Адреса наших магазинов

Реклама


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Өзин МҚХ хызметкери деп таныстырған алдаўшы 6 жылға еркинен айырылады

Суд ҳүкимине бола, өзин Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкери етип таныстырып, алдаўшылық ҳәм пара бериў сыяқлы жынаятларды ислеген қәўипли рецидивист шахс 6 жыл мүддетке еркинен айырылды.

👉 @Karakalpak24


Енди Әзербайжанға да "қызыл" паспортсыз барыў мүмкин болады

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан министрликлери ҳәм уйымлары арасында бул мәселе додаланған. Оған бола, келешекте еки мәмлекет пуқаралары сырт елге шығыў паспортын алмастан, ID-картаның өзи менен шегараны өткериўи нәзерде тутылған.

Еслетип өтемиз, ҳәзир Қырғызстанға ID-карта арқалы барып келиў мүмкин. Буннан алдын, Шавкат Мирзиёев Орайлық Азия мәмлекетлери миллий ID-карталарын өз-ара тән алыў усынысын алға қойған еди.

Ҳәзирги ўақытта Қазақстан менен бул системаны жолға қойыў бойынша жумыслар алып барылмақта.

👉 @Karakalpak24


😍Хәм телефон, хәм саўға қосып алың

🎁Сиз Соттел магазинен Redmi 14 хәм Redmi 14 Pro телефонларын сатып алсаңыз сизге оргинал Mi брендиндеги қулақшын хәм смарт саатлар саўғаға қосып бериледи

🛍️Буннан тысқары IPhone телефонларын алсаңыз қулақшынлар саўғаға қосып бериледи

⏳Акция ўақты шекленген. Тезирек үлгерип қалың.

🏢Мәнзиллеримиз: Нөкис қаласы
1) Орайлық базар
2) Әжинияз дарихана жанында
3) Ш.Рашидов көшеси
4) Тунел қасында

⚡️Филиалларымыз:
* Хожели
* Шымбай
* Қоңырат

☎️Байланыс ушын: +998993716060

Телеграм | Инстаграм

Реклама


❗️Ҳүрметли ўатанласлар!

Қазақстан Республикасының Тажен шегара өткериў пункти жаўылып атырғанлығы себепли, Даўыт ата шегара  пунктинде автотранспорт қураллары көбейип тирбентликлер жүзеге келмекте.

Шегара пункти усы жылдың 31-январь күни кешки саат 24:00 де жаўылады.

Сол себепли узақтан киятырған жерлеслеримиз шаралар көриўин сораймыз.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Буннан былай “Ҳаяллар дәптери” ҳәм “Жаслар дәптери” арқалы социаллық жәрдемлер “Кем тәмийинленген шаңарақлар реестри“не кирген шаңарақларға көрсетилиўи белгиленбекте

Бул ҳаққында күни кеше Президентке социаллық жәрдемлердиң мәнзиллилигин арттырыў, майыплығы болғанларды тәрбиялаўдың жаңа системасына байланыслы исленген презентацияда айтып өтилди.

Шаңарақтың кәмбағал деп тән алыныўы оның ағзаларынан қосымша арза ҳәм ҳүжжетлерди талап етпестен социаллық жәрдемлер көрсетилиўине тийкар болады.

Соның менен бирге, нәтийжесиз ҳәм талап жоқары болмаған социаллық жәрдемлер оптималластырылып, 28 түрдеги социаллық жәрдемниң бирден-бир дизими тастыйықланады. Социаллық дәптерлер есабынан ажыратылатуғын емлеў ҳәм хирургиялық әмелият қәрежетлерин Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры арқалы қаржыландырыў тәртиби енгизиледи.

Район ҳәкимликлери жанында юридикалық шахс болмаған “Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық“ фондлары шөлкемлестириледи. Оның қаржылары аймақты раўажландырыўға, сондай-ақ, экология ҳәм қоршаған орталықты сақлаў илажларына жумсалады.

3-18 жастағы майыплығы болған балалар ушын мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында күндизги күтим хызмети жолға қойылады

Оған балалар ата-аналар менен дүзилген социаллық шәртнама ҳәм Психологиялық-медициналық-педагогикалық комиссияның жуўмағы тийкарында қабыл етиледи. Ата-аналардың күндизги күтим хызметинен пайдаланғаны ушын айына 3 миллион сўмға шекемги төлемлеринен салық алынбайды.

Усы жылдың ақырына шекем бул хызметлер менен 2 мыңға жақын аўыр майыплығы болған балаларды қамтып алыў режелестирилмекте.

“Балалар саламатлығы“ мәлимлеме системасы иске қосылып, ҳәр бир балаға қойылған диагноз талқылап барылады. Оларға медициналық, реабилитация, билимлендириў, социаллық хызметлер комплексли түрде көрсетиледи.

👉 @Karakalpak24




ЖҲҚХ хызметкерлери жеңил автомобиллерде авариялық балға жоқлығы ушын жәрийма салыўға ҳақлы емес

Еслетип өтемиз: авариялық балға тек қана М2 ҳәм М3 категориясына кириўши автобуслар ҳәм жолаўшы тасыўшы транспорт қураллары ушын мәжбүрий болып есапланады.

👉 @Karakalpak24

Показано 20 последних публикаций.