👀КӨЗ ТИЙМЕЎИ УШЫН НЕ ҚЫЛСАМ БОЛАДЫ?
❓ СОРАЎ: Мениң кишкене перзентим бар. Бир танысым бар, перзентимди көрип қалса, «Ўайбуў суп-сулыў бала екен», деп көп айтады. Сонда көз тийип қалама, деп қорқаман. Көз тиймеўи ушын не қылсам болады?
❗️ЖУЎАП: Бисмилләҳир Роҳмәнир Роҳим. Көз тийиў негизи бар нәрсе екени көплеген ҳәдиси шәрийфлерде айтып өтилген. Айша анамыз разыяллаҳу анҳадан рәўият қылынған ҳәдиси шәрийфте Пайғамбарымыз саллаллаҳу алайҳи ўа саллам: «Көз тийиўинен Аллаҳ сақлаўын сораңлар, себеби көз тийиўи – ҳақ», деген (Имам Ибн Мажа рәўияты).
Көз тийиўине қарсы Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам төмендеги дуўаны оқып дем салатуғын еди:
Ибн Аббас разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынады: Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Ҳасан ҳәм Ҳусайнға пана сорап: «Уъыйзукүмәә бикәлимәәтилләҳит-тәәмәти мин күлли шәйтонин ўә ҳәәммәәтин. Ўә мин күлли айнин ләәммәтин».
Мәниси: «Екеўиңизге Аллаҳтың кәмил кәлиймалары менен ҳәр бир шайтаннан ҳәм зыянкестен ҳәмде гүнакар көзден пана тилеймен», деп айтатуғын еди ҳәм: «Бабаңыз (Ибраҳим алайҳиссәләм) булар менен Исмайыл ҳәм Исҳақ алайҳимуссәләмға пана сорайтуғын еди», дейтуғын еди» (Имам Әбиў Даўыд ҳәм Термизий рәўияты).
Және бир нәрсени атап өтиў керек, инсан бир неъматты көрип қалса оған көзи тийип, зыян жетип қалмаўы ушын көрген неъматына дуўа арнап қойыўы керек. Сонда өзине тийисли болған ямаса бир бирадарына тийисли болған нәрсеге зыян тийип кетпейди. Бул ҳаққында Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам мынандай деген: «Сизлерден бириңиз өзинде, малында ямаса бирадарында көзди қуўандыратуғын нәрсени көрсе, оған берекет сорап дуўа қылсын. Себеби көз тийиўи – ҳақ» (Имам Ҳәким рәўияты). Ўаллаҳу аълам!

Өзбекстан мусылманлары басқармасы
Пәтиўа орайы.