Рамазан айында өзиңизни тетик сезиўиңиз ушын 10 пайдалы мәсләҳәт
Рамазан айында ораза тутыў ден саўлық ушын пайдалы болып табылады, егер бул туўры жолға қойылса, әлбетте; егер кериси болса, ол организмге зыян жеткизиўи ҳеш гәп емес.
Узақ ўақыт аўқатланбаған инсан ифтар (аўыз ашар) ўақты келип, жүдә көп тағам жеп, ден саўлығына зыян жеткизип қойыўы ҳеш гәп емес. Сол себепли усы айда аўқатланыў режимин туўры жолға қойыўға ҳәм де саламат турмыс тәризине әмел етиўге ҳәрекет етиң.
Рамазан айында өзиңизни жақсы сезиўиңиз ушын төменде базы усынысларды усынамыз:
1. Аўқатланыўды қурытылған хурма мийўеси менен баслаң, себеби ол шекердиң зәрүр дереги есапланады. Бир нешше саат аш жүргениңизден кейин ол ишектеги ҳәрекетлерди тәртипке салады. Қурытылған хурма мийўеси магний ҳәм калийге бай болады.
2. Рамазан жаз айларының ыссы күнлерине туўры келгенде. Бул жағдайда сиз ифтарлықтан кейин жеткиликли муғдарда суў ишиўди қадағалаў астына алыўыңыз керек. Түн даўамында орташа 8 стакан суў ишиў мақсетке муўапық.
3. Шор, дузланған азықлық затлардан сақланың - шор мөженелер, шор қыяр, консерваланған ямаса қайта исленген азық-аўқат өнимлери усылар қатарынан. Дузланған азық-аўқатлық затлар адамлардың тез-тез шөллеўине алып келеди.
4. Тағамды әсте жең. Қурытылған хурма менен баслап, изинен суў ишиң, кейин суйық аўқат, одан кейин салат пенен қойыў аўқат. Избе-изликке әмел етиң, себеби надурыс аўқатланыў қарында қолайсыз аўрыўларды келтирип шығарыўы мүмкин. Рамазан айында көпшилик адамлар надурыс аўқатланыў нәтийжесинде машқалаларға дус келеди.
5. Ифтарлықта дән өнимлери, белок, мийўе ҳәм палыз өнимлери болыўы керек.
6. Майсыз гөш, таўық гөши, балық, белгили бир муғдарда зайтун майы аўқаттың дереги болса, аўқатты сиңириўде машқалалар жүзеге келмейди. Майлы тағамлардан абайлы болың. Гөш өнимлери, мәйек ҳәм сүт өнимлери белокқа байлығы ядыңыздан шықпасын. Ол адамларды тоқ қылады.
7. Мазалы өнимлерди ифтардан (аўыз ашардан) 2-3 саат өтип жеў усыныс етиледи. Сондай болса да олар нормада болыўы керек, себеби нормадан зыят ширинликлер адамды тез шөллетеди.
8. Кофени шеклең. Егер сиз кофени көп ишетуғын болсаңыз, жақсысы бул әдетиңизди мүбәрек ай кирмей турып таслаң, сонда бас аўрыў ҳәм уйқысызлықтан азап шекпейсиз.
9. Үш мәрте аўқатланыўды әдет етиң:ифтарлық (аўыз ашыў), кешки жеңил аўқатланыў ҳәм сәҳәрлик (аўыз жабыў). Сонда ғана ден саўлығыңызға зыян жеткермейсиз, ифтарлықтан кейин тынбай аўқат жеў, жақсы ақыбетлерге алып келмейди.
10. Физикалық шынығыў менен шуғылланың— бул Рамазан айында ден саўлық ушын жүдә пайдалы. Ифтарлықтан 1-2 саат өткенде спорт пенен шуғылланыў саламат турмыс тәрзиниң гиреўин белгилеп береди
.Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!🥺
Телеграм| 🤪
Facebook| 🛍
Instagram| 😍
Youtube🧐 Интернет сайтымыз:
paziylet.uz