Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Әмиўдәрьяда наўқастың қайын атасы 103 хызметкерин урды
Айтылыўынша, Әмиўдәрья районлық РТЖБне саат 19:40 та усы райондағы «Қылышбай» МПЖда жасайтуғын 1997-жылы туўылған К.Р. атлы пуқара бойынша шақырыў келип түскен.
Шақырыўға бола, шыпакер С.П., фельдшер Б.Ж., айдаўшы М.Ҳ. 8 минут 30 секундта, яғный саат 19:48 де мәнзилге жетип барған.
РТЖ хызметкерлери наўқасты тексерип, оған керекли медициналық жәрдем көрсеткен. Сол ўақытта наўқас қайын атасына бөлмеден шығып кетиўин сорағанда, оның қайын атасы мәс ҳалда (спиртли ишимлик ишкен) болып, бөлмеден агрессив жағдайда шығып кеткен.
Хызметкерлер наўқасқа керекли жәрдем көрсетип сыртқа шығып атырған ўақытта, наўқастың қайын атасы шыпакер ҳәм фельдшерге ҳүжим етип, олардың жүзине ҳәм мойнына жеңил дене жарақатларын жеткерген. Сондай-ақ, оларды кемситиўши сөзлерди айтқан.
РТЖ хызметкерлерине қәўип салған шахс ИИБ хызметкерлери тәрепинен алып кетилген.
«Дене жарақатлары алған ЖТЖ хызметкерлери Әмиўдәрья районлық медицина бирлеспесиниң травматология пунктинде шыпакер тексериўинен өткерилген», делинеди хабарда.
@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар