Қарақалпақ Хабар


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Новости и СМИ


Оператив ҳәм исенимли хабарлар
Реклама ушын: @Xabar_Adm1n

Связанные каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Новости и СМИ
Статистика
Фильтр публикаций


❗️1-апрелден баслап тәбийғый газ ҳәм электр энергиясы баҳасы көтериледи

2025-жыл 1-апрелден баслап коммуналлық хызметлер ушын төлем тарифлеринде өзгерислер әмелге асырылады:

➖ Электр энергиясы ушын бир киловатт саат баҳасы — 600 сум етип белгиленди.
➖ Тәбийий газ ушын бир куб метр баҳасы — 1000 сум болады.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


Қарақалпақстанда 3 пуқара 588,2 млн сумлық энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланғаны анықланды

Бас прокуратура жанындағы департаменттиң Кегейли, Мойнақ ҳәм Бозатаў районлық бөлимлери тәрепинен өткерилген тергеўге шекем тексериўлерде пуқаралар Р.Д., М.А. ҳәм И.Ж. өзлериниң үйлеринде улыўма пайдаланыўдағы электр ҳәм газ тармақларына тиккелей жалғанып, жәми 588,2 млн сумлық энергия ресурсларынан нызамсыз пайдаланғаны анықланған.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


❗️Tek 3 kún! Búginnen Texnikalerge idea'da "ZOR BAHALAR" baslandı

🔻 43" Smart Tv249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Honor X8c (6/128) - 258 250 sumnan 12 ayǵa
🔻 Loretto 6kg – 249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Ferre (275) Sovitkichi – 249 916 sumnan 12 ayǵa

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

*Asıǵıń! Akciya 21-22-23-fevral kúnleri bolıp ótedi.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz


Бразилияда 14 жаслы оқыўшыны бир ўақыттың өзинде 4,5 мың пал ҳәрре шақты

Бала топ ойнап атырғанда тосаттан ҳәррелер уясына зыян жеткерген, нәтийжеде ҳәррелер оған ҳүжим еткен. Шыпакерлер жас өспиримниң өмирин сақлап қалыўға еристи.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


📊 Қарақалпақстанда жоқары категорияға (ААА) ийе болған исбилерменлердиң улыўма саны 128 ге жетти

Усы жылдыӊ 15-февраль жағдайына муўапық, «Исбилерменлик субъектлериниӊ турақлылық рейтинги» бойынша, Қарақалпақстан Республикасында жумыс алып барыўшы жәми 25 700 исбилерменлик субъектлеринен:

•  «ААА» (жоқары) категорияға ийе жәми 128;
•  «АА» категориясына ийе жәми 244;
•  «А» катергориясына ийе жәми 279;
•  «ВВВ» (орта) катергорияға ийе жәми 1047;
•  «ВВ» катергориясына ийе жәми 1911;
•  «В» катергориясына ийе жәми 2534;
•  «ССС» (қанаатландырарлы) категорияға ийе жәми 1483;
•  «СС» категорияға ийе жәми 6072;
•  «С» категорияға ийе жәми 4291;
•  «D» (тѳменги) категорияға ийе жәми 7711 бизнес субъектлери ҳәрекет етип келмекте.

Егер де, кәрханаӊыздыӊ рейтингин бүгинниӊ ѳзинде билмекши болсаӊыз Саўда-санаат Палатасыныӊ веб-сайты арқалы толық мағлыўмат алыўыӊыз мүмкин.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


Орайлық банк карталар ҳаққында жиберилип атырған SMS хабарлар бойынша мағлыўмат берди

Орайлық банк коммерциялық банклердиң пуқараларға SMS арқалы карталары ҳаққында хабар жибериўи бойынша түсиник берди.

Хабарлар пуқараларды олардың атына рәсмийлестирилген карталар ҳаққында хабардар етиў мақсетинде жиберилип атыр. Қәўипсизлик талапларына муўапық карта номерлериниң бир бөлеги көрсетиледи.

Орайлық банк пуқараларға SMS арқалы мағлыўматта көрсетилген карталар бойынша түсинбеўшилик жүзеге келгенде, хызмет көрсететуғын банкке мүрәжат етип, пайдаланылмай атырған карталарды жабыўды усыныс етти.

Сондай-ақ, алдаўшылық арқалы виртуал карталар ашылыўы мүмкин екенлиги ҳаққында ескертти.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


❗️TEK ǵana 3 Kún! Xalqımız ushın "ZOR BAHALAR" ideáda boladı:

🔻 43" Smart Tv249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Honor X8c (6/128) - 258 250 sumnan 12 ayǵa
🔻 Loretto 6kg – 249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Ferre (275) Sovitkichi – 249 916 sumnan 12 ayǵa

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

*Asıǵıń! Akciya 21-22-23-fevral kúnleri bolıp ótedi.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Қытайда жасалма интеллект орнатылған робот адамға ҳүжим етти

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

9k 0 7 15 57

Кегейли районында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўши жаңа имарат пайдаланыўға тапсырылды

Ҳүрметли Президентимиздиң 404-санлы қарары менен 2024-жылға мөлшерленген "Социаллық ислеп шығарыў инфраструктурасын раўажландырыў" бағдарламасына тийкар республикамызда кең көлемли қурылыс оңлаў жумыслары алып барылды.

Бағдарламаға муўапық, Кегейли районы «Қумшүнгил» АПЖ аймағында 2,5 млрд. сум қаржы тийкарында халықты таза ишимлик суўы менен тәмийинлеўши жаңа имарат қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


Репост из: SAYOHATLAR OLAMI🛩🏞️🏝️
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
🔴Массаж ислеў ушин аппарат Массаге Гун

"МАССАГЕ ГУН" жумыстан шаршап келгениңизде шаршаўынызды демде шығарыўға жәрдем бериўши аппарат.
🪮Массажёр 4 түрли режимде ислейди, ишинен 4 түрли насаткасы бар,
🔋Зарядлаў арқалы ислейди, бир мәрте зарядлаў менен 10-12 саат ислейди.

📢Хәзирде 2-Кун шегирме:
Ески баҳасы: 169 000 сўм
💵 Акция баҳасы: 87 000 сўм

Буйыртпа бериў ушын көк силтемени басың
https://100k.uz/oqim/593699
https://100k.uz/oqim/593699
https://100k.uz/oqim/593699

💰Төлемди өнимди қолыңызға алғанда қыласыз

🚚Өзбекстан бойлап жеткизиў хызмети бар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#таңғы_тилек

Ассаламу алайкум!
Аманлықта дийдарласыўды несийбемизге жазғанына шүкир!

🌸☘Өмириңиздиң және бир таңы мүбәрек ҳәм қайырлы болсын!

🌸☘Аллаҳым ҳәр бир қылып атырған қайырлы исиңизден басқан ҳәр бир қәдемиңизден разы болсын!

🌸☘Дениңиз саў, қәлбиңиз тыныш болыўын тилеймен.

🌸☘Ҳадал тапқаныңыз тек ғана қуўанышқа, жақсылыққа буйырсын.

🌸☘Ибадатларыңыз әжр-саўаплпрға толы болсын!

Күниңиз берекетли өтсин.

Қайырлы таң!!


@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


❗️Енди, Қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған шаңарақ ийелери үш есе жоқары салық төлейди

Пуқаралардың қыйтақ жерлери ҳәм ижараға берилген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша ҳәким жәрдемшиси тәрепинен ҳәр шеректе үйрениў алып барылады.

Үйрениў даўамында үйдеги қыйтақ жер ҳәм ижара жерлеринде егин егилмеген ҳәм қараўсыз қалдырылған болса төмендеги илажлар қолланылады.

🔹Жеңиллетилген кредитлер ажыратылмайды.

🔹Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген пуқаралар ушын жәрдемлер (материаллық жәрдем ямаса бала пулы сыяқлы) тоқтатылады.

🔹Жер салығы үш есе жоқары муғдарда есапланады.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

12.8k 1 100 26 55

Айырым дийқанларға 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады

Пәрманға бола, Дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын қоллап-қуўатлаў қоры қаржылары есабынан төмендеги финанслық қоллап-қуўатлаў тәртиплери енгизиледи:

▪️ҳәр жылы 500 мәҳәлледе биреўден халық қыйтақ жеринде әмелге асырылған ең үлгили ҳәм инновациялық жойбар ушын БЕМның 100 есесинен аспаған муғдарда грантлар ажыратылады;

▪️уста дийқанлар тәрепинен қысқа мүддетли оқыў курсларын шөлкемлестириў менен байланыслы қәрежетлерди қаплаў ушын ҳәр бир курс ушын БЕМның 15 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратылады;

▪️белгили бир мәҳәлледеги 50 процент шаңарақлардың қыйтақ жеринде експортқа жарамлы өним жетистириўди жолға қойып берген шебер дийқанларға 100 миллион сумға шекем субсидия ажыратылады;

▪️қыйтақ жер ийелери ҳәм дийқан хожалықлары және оларға хызмет көрсетиўши субектлерге коммерциялық банклер арқалы аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў, оларды қайта ислеў, кептириў, сақлаў ҳәм қадақлаў жойбарлары ушын 2 жылға шекем жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке Орайлық банк тийкарғы ставкасынан 4 процентлик пункт жоқары ставкада (соннан 5 процент банк маржасы) кредитлер ажыратылады;

▪️халық қыйтақ жерлери ҳәм ижара жерлеринде ықшам музлатқышлы қоймаханалар, қадақлаў, кептириў ҳәм қайта ислеў үскенелери, таяр ҳалындағы ыссыханалар 24 айлық жеңиллетилген дәўир менен 5 жылда бөлип төлеў шәрти менен лизингке бериледи.

@Qaraqalpaqxabar️ Оператив ҳәм исенимли хабарлар

11k 0 38 2 18

Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Ҳиндстанлы 14 жасар вундеркинд жәҳән рекордын орнатты

Ол 100 төрт таңбалы санды 30,9 секундта ядтан қосып шықты.

Аарян Шукла бул нәтийжеге абакус ақылый есаплаў усылы арқалы еристи.

Мағлыўмат ушын: Ҳиндстанлы калькулятор-адам Аарян Шукла мийде есаплаў тезлиги бойынша алты жәҳән рекордын орнатты. Яғный, 30,9 секундта 100 төрт таңбалы санды ҳәм 18,71 секундта 50 бес таңбалы санды дурыс қосып рекорд орнатты. Сондай-ақ, көбейтиў ҳәм бөлиў бойынша да бир неше рекордларды жаңалады. Ол булардың ҳәммесин бир урыныўда орынлады.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


Тайынлаў

Султанов Тлеуберген Айтмуратович - Қоңырат районы ҳәкиминиң аўыл ҳәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары-аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымына тайынланды.

Т.Султанов тайынлаўға шекем Қоңырат районы Аўыл хожалығы бөлими баслығы лаўазымында жумыс алып барған.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


Енди ChatGPT қадаған етилген темаларды да талқылайды

OpenAI компаниясы ChatGPT‘дан «цензураны алып тасламақта». Енди жасалма интеллект «интеллектуаллық еркинлик» атамасы астында бурын «қадаған» етилген темаларды да талқылаўы мүмкин болды.

ChatGPT бурынғыдай жалған мағлыўматларды қоллап-қуўатлаўдан ҳәм орынсыз сораўларға жуўап бериўден бас тартыўды даўам етеди.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар


#Súyinshi

❗️Búginnen! Smartfonlar idea'da Arzan bahalarda Múddetli tólewge

🔻Redmi Note 14 (6/128) - 129 000 sumnan
🔻HONOR X6b (4/128) - 109 000 sumnan
🔻Redmi 14C (4/128) - 89 000 sumnan
🔻TECNO Spark 30C (4/128) - 89 000 sumnan
🔻TECNO Spark Go1 (3/64) - 69 000 sumnan ayiǵa

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz


📢Айлық реклам алыўшылар дыққатына 30 мәртлик реклама баҳасы 1.500.000 миллион болды 50% шегирме баҳада


15 күнлик я болмаса 30 күнлик реклама бериўшилер дыққатына
Сизлер ушын 50% шегирме баҳада реклема жайластырып беремиз

Тезрек хабарласып улгериң орынлар аз қалды

Байланысыў 👉
@Xabar_Adm1n


“Айдынлар” фильми “Ең жақсы фильм” номинациясына мүнәсип деп табылды

2025-жылдың 12-15-февраль күнлери Ватикан мәмлекетиниң бирден-бир кинофестивалы болған, Рим Папасы Франциск тәрепинен жақсылық ҳәм дослық ураны тийкарында шөлкемлестирилген, “Католик Оскари”, “ XVI- MIRABILE DICTU” кинофестивалы болып өтти.

Жәҳән кинодөретиўшилери тәрепинен кинофестивалға инам етилген 2000 нан аслам фильмлер ишинде “Өзбектелефильм” мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен сүўретке алынған “АЙДЫНЛАР”  (режиссёрлар Музаффархон Еркинов ҳәм Музаффар Қорабоев) көркем фильми “ЕҢ ЖАҚСЫ ФИЛЬМ” номинациясы жеңимпазы болды.

Фильм Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районында сүўретке алынған болып, онда бир қатар Қарақалпақстанлы актёр ҳәм актрисалары табыслы роль атқарған.

@Qaraqalpaqxabar Оператив ҳәм исенимли хабарлар

Показано 20 последних публикаций.