Президентимиздиң 14.02.2025-жылдағы ПҚ-62-санлы "Жаслар исбилерменлигин раўажландырыў ҳәм бәнтлигин тәмийинлеўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарына тийкар, 2025-2027-жылларда "Жаслар бизнеси" бағдарламасы әмелге асырылады:
Усы бағдарлама шеңберинде "Бизнеске биринши қәдем" жойбарына муўапық 18 жасқа толған ҳәм 30 жастан аспаған социаллық салық төлеген өзин-өзи бәнт еткен физикалық тәреплерге онлайн формада жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 100 млн сумға шекем кредитлер жеңиллетилген микроқарыз сыпатында ажыратылады.
"Жаслар ушын жумыс орынлары" жойбары тийкарында ЖШЖ сыпатында жумыс алып барыўшы жас пуқараларға, сондай-ақ, шөлкемлестириўшилери жас пуқаралар болған юридикалық шахс шөлкемлестирген ҳалда жумыс алып барыўшы киши исбилерменлердиң кеминде 20 жумыс орнын жаратыўды нәзерде тутыўшы жойбарларына жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекемги мүддетке 5 млрд сумға шекем қаржылар ажыратылады.
Дерек: https://www.lex.uz/uz/docs/-7387025