O'zbekstan Respublikası Prezidentinin' Qaraqalpaqstan Respublikasındag'ı Xalıq qabıllawxanası


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


O'zbekstan Respublikası Prezidentinin' Qaraqalpaqstan Respublikasındag'ı Xalıq qabıllawxanasının' ra'smiy telegram kanalı
Mu'ra'jat ushın @Xaliq_qabillawxanasi_bot

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасында режеге тийкар Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары М.Рахматуллаев тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.

Көшпели қабыллаўда район турғынлары тәрепинен банк картасынан пул урланған жағдайлар ҳәмде алдаўшылыққа ушырап пулларын ала алмай жүрген мәселелер бойынша мүрәжатлар болды.
Мүрәжатлардыӊ унамлы шешим табыўы ушын тийисли хызметкерлерге тапсырмалар белгиленди.

Telegram 🟢 Facebook
🔴Instagram


Өзбекстан Республикасы Президентиниң Бозатаў районындағы Халық қабыллаўханасы, район ҳәкими 1-сектор баслығы тәрепинен “Аспантай” АПЖда көшпели қабыллаў өткерилди.

Онда пуқаралардан жол қурылысы, социаллық қорғаў, бәнтлик, материаллық жәрдем мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти ҳәм пуқаралар тарепинен келип түскен мүрәжатлар үйренип шығыў ушын тараў басшыларына тапсырмалар берилди.
Telegram 🟢 Facebook
🔴Instagram


Өзбекстан Республикасы Президентиниң Мойнақ районындағы Халық қабыллаўханасында район сектор баслықларыныӊ нәўбеттеги пуқаралар кабыллаўы болып өтти.

Қабыллаў даўамында пуқаралар өзлериниӊ қыйнап атырған машқалаларын билдирип, мүрәжатлердиӊ айрымлары унамлы шешим тапты, үйренилиўи лазым мәселелер қадағалаўға алынды.

Telegram 🟢 Facebook
🔴Instagram


Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қараөзек районындағы Халық қабыллаўханасында машкалаларды анықлаў, оларға унамлы шешим табыў мақсетинде коммунал тараўы мекемелери, медицина бирлеспеси, мекетепке шекемги ҳәм мектеп бөлими ҳәмде абаданластырыў хызметкерлери қатнасыўында семинар мәжилиси өткерилди.



Telegram 🟢 Facebook
🔴Instagram


Репост из: O'zbekstan Respublikası Prezidentinin' Qaraqalpaqstan Respublikasındag'ı Xalıq qabıllawxanası
✅ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!

Президент Халық қабыллаўханасы, Республика сектор басшылары тәрепинен 2025-жыл февраль айы даўамында өткерилеуғын көшпели қабыллаўлар кестеси


⚡️Еслетпе : Дүзилген реже кестесине зәрүрликке қарап қосымша ҳәм өзгерислер киргизилиўи мүмкин.

Telegram 🟢 Facebook
🔴Instagram


Репост из: O'zbekstan Respublikası Prezidentinin' Qaraqalpaqstan Respublikasındag'ı Xalıq qabıllawxanası
✅2025-жыл февраль айы даўамында Қарақалпактан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары полковник М.Т.Рахматуллаев тәрепинен февраль айы даўамында өткерилетуғын көшпели қабыллаўлар кестесин дағазалаймыз


⚡️Еслетпе : Дүзилген реже кестесине зәрүрликке қарап қосымша ҳәм өзгерислер киргизилиўи мүмкин.

Telegram 🟢 Facebook
🔴Instagram


Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ Бозатаў районындағы Халық қабыллаўханасы тәрепинен “Қусханатаў” АПЖ аймағында халықты қыйнап атырған машқалалар үйренилди.


Telegram 🟢 Facebook
🔴Instagram


Қанлыкөл районындағы Халық қакбыллаўханасында район ҳәкими Б.Султанов пуқаралар мүрәжатлерин тыӊлады.

Пуқаралар тәрепинен келип түскен мүрәжатлердиӊ басым көпшилиги бәнтлик, медициналық жәрдем көрсетиў, үй-жай ремонты, субсидия кредит мәселелери бойынша болды.
Мүражатларды унамлы ҳәм өз ўақтында шешиў бойынша тийисли тараў қәнигелерине тапсырмалар берилди ҳәм қадағалаўға алынды.
Telegram 🟢 Facebook
🔴Instagram


Репост из: Prezident matbuot kotibi | Sherzod Asadov

Показано 9 последних публикаций.