Тахтакөпир районындағы Халық қабыллаўханасында режеге тийкар Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри орынбасары М.Рахматуллаев тәрепинен көшпели қабыллаў өткерилди.
Көшпели қабыллаўда район турғынлары тәрепинен банк картасынан пул урланған жағдайлар ҳәмде алдаўшылыққа ушырап пулларын ала алмай жүрген мәселелер бойынша мүрәжатлар болды.
Мүрәжатлардыӊ унамлы шешим табыўы ушын тийисли хызметкерлерге тапсырмалар белгиленди.
Telegram 🟢 Facebook