❗️Aвтомобилдиң мәмлекетлик номерин қәлбекилестиргенлер қамалады
Ендигиден былай автомототранспорт қуралларының мәмлекетлик номер белгилерин қәлбекилестиргенлик ушын жынайы жуўапкершилик белгиленди.
Жынаят кодекси 227 прим 1-статья менен толықтырылды. Статяның биринши бөлимине муўапық:
Автомототранспорт қуралларының ҳәм оларға тиркемелердиң (ярым тиркемелердиң) мәмлекетлик номер белгилерин ямаса идентификация номерлерин нызамға қайшы түрде таярлаў, өткериў ямаса олардан пайдаланыў, сондай-ақ оларды қәлбекилестириў базалық есаплаў муғдарының 50 есесинен 100 есесине шекемги муғдарда жәрийма ямаса үш жылға шекем еркин шеклеў ямаса үш жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланады.
👉 @Karakalpak24