Елликқалада ҳәким жәрдемшиси кредит пулларын «жеп қойды»
Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў шеңберинде Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети хызметкерлери тәрепинен Бас прокуратура жанындағы Департамент пенен биргеликте орынларда өткерилген тексериўлер даўамында нызам бузылыў жағдайлары анықланды. Бул ҳаққында МҚХ хабар берди.
Атап айтқанда, Елликқала районындағы мәҳәллелердиң бириндеги ҳәким жәрдемшиси 33 пуқараға жеңиллетилген кредит қаржыларын ажыратыў мақсетке муўапықлығы ҳаққында усынысларды рәсмийлестирип, олардың атына банктен жәми 1 млрд 88 млн сум муғдарында кредит қаржылары ажыратылыўына ерискен.
Кейин өзиниң танысы болған пуқара атына жуўапкершилиги шекленген жәмийет шөлкемлестирип, әмелде оны өзи басқарып, 1 млрд 88 млн сумды ҳәр түрли өнимлерди сатып алыў ушын усы ЖШЖ есабына өткерген ҳәм нақластырыў арқалы талан-тараж еткен.
Буннан тысқары, ҳәким жәрдемшиси өзиниң өмирлик жолдасы ҳәм иниси атына алынған жәми 65,9 миллион сум кредит қаржыларын да мақсетсиз жумсап жиберген.
Ҳәзирги ўақытта оған Жынаят Кодексиниң 167ҳәм 228-статьялары менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
👉 @Karakalpak24