🕌 Районымыз мешитлеринде тараўиҳ намазлары басланды
🤲Усы жылғы мүбǝрек Рамазан айы мүнǝсибети менен бǝрше мешитлерде қолай шараятлар ҳǝм имканиятлар жаратылған. Тараўиҳ намазлары оқыла баслады, емин-еркин ибадатлар қылынбақта. Бул ǝлбетте, Аллаҳ тааланың биз бенделерине берген уллы неъматлары.
Тараўиҳ намазынан алдын имам-хатиблеримиз тǝрепинен «Рамазан меҳир-мириўбет ҳәм берекет айы» атамасында баянат етилди.
Бүгин райинымиыз бас имамы Р.Умаров "Ҳәким Сулаймон" жоме мешитинде, «Рамазан меҳир-мириўбет ҳәм берекет айы. Оразаныӊ пазийлети. Перзент тәрбиясы» темасында баянат жасады. Сондай-ақ, диний тараўдағы унамлы ѳзгерислер, елимизде ҳүким сүрип турған тынышлықтың қәдирине жетиў, Журтбасшымыз басламалары менен әмелге асырылып атырған кѳплеген қайырлы ислердиң бүгинги күнде ѳз нәтийжесин бериўи ҳаққында мысаллар менен айтып ѳтти.
✳️Ҳақыйқаттан да мешиттиң абат болыўы менен журтымыз абат болады. Мешитке ибадат ушын келген ҳәр бир мѳмин Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы, халқымыздың пәраўанлығын сорап дуўалар қылады. Бул дуўалардың шарапаты менен Аллаҳ таала журтымызды және де пәрәўан, несийбелеримизди зыяда етип береди иншааллаҳ!
Тараўиҳ намазынан соң Аллаҳ тааладан елимиздиң тынышлығы ҳǝм қǝтержамлығын сорап дуўалар қылды.
🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙🌙
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
https://t.me/Hikmet_uz