ДӘЎРАНҒА
Кел, Дәўран иним, бир дәўран сүрейик,
Бүгин кеўил қусым шырлар дым бийик.
Шыңлар дым бийик,
Жоллар туңғыйық.
Шегинбейик,
Алған шегим бийик!
Сөздиң «дөңгелек базарын» көрсеттим,
Сөздиң гүңелек мазарын көрсеттим,
Келер сениң кеўилиңди хош етким,
Келмейди мениң өзиңе
Ағалық етпей өмирден бос өтким.
Қун сорайды еле қорланған Сөзлер,
Кеўил зинданында зарланған Сөзлер,
Сөз боп туўғанына арланған Сөзлер.
Сен аялаған Сөз,
Мен заялаған Сөз,
Ел саялаған Сөз!
Бул турыста Сөзлер соқпай қыйыншылыққа,
Жерленер «ЖЫЙНАЛЫС» деген қойымшылыққа.
Жүз мың өсекши жыйналған майдан, қур,
Жүз миллион жуп қулақ тыңлап ҳайран тур,
Сөзди сыйламағаны —
Бизди сыйламағаны!...
Бәринен де усы аўыр батады.
Бүгин көзимизше Сөзди сатқанлар,
Ертең изимизше бизди атады!
Аллаяр Дарменов,
07.02.2025.
@Allayar_Darmenov
Кел, Дәўран иним, бир дәўран сүрейик,
Бүгин кеўил қусым шырлар дым бийик.
Шыңлар дым бийик,
Жоллар туңғыйық.
Шегинбейик,
Алған шегим бийик!
Сөздиң «дөңгелек базарын» көрсеттим,
Сөздиң гүңелек мазарын көрсеттим,
Келер сениң кеўилиңди хош етким,
Келмейди мениң өзиңе
Ағалық етпей өмирден бос өтким.
Қун сорайды еле қорланған Сөзлер,
Кеўил зинданында зарланған Сөзлер,
Сөз боп туўғанына арланған Сөзлер.
Сен аялаған Сөз,
Мен заялаған Сөз,
Ел саялаған Сөз!
Бул турыста Сөзлер соқпай қыйыншылыққа,
Жерленер «ЖЫЙНАЛЫС» деген қойымшылыққа.
Жүз мың өсекши жыйналған майдан, қур,
Жүз миллион жуп қулақ тыңлап ҳайран тур,
Сөзди сыйламағаны —
Бизди сыйламағаны!...
Бәринен де усы аўыр батады.
Бүгин көзимизше Сөзди сатқанлар,
Ертең изимизше бизди атады!
Аллаяр Дарменов,
07.02.2025.
@Allayar_Darmenov