Аллаяр Дарменов


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы.
Қарақалпақ, қаңлы.
Байланыс: @AllayarDarmen
Топар: t.me/AllayarDarmenov
Инстаграм: https://instagram.com/allayardarmenov?utm_medium=copy_link

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


***
Тамыз көзиңниң тамшысын,
Өрейин сөздиң қамшысын,
Қәлемим бүгин шалқысын!
Қайғыңды меннен қызғанба.

Тис жарып айтпа кисиге,
Ышқымыз қалар көзиге,
Кирейин ақшам түсиңе,
Уйқыңды меннен қызғанба.

Қастыңды тиктиң модаға,
Модалар сеннен садаға,
Салайын жаным, нотаға,
Күлкиңди меннен қызғанба.

Ашықлық сүйер төзимди,
Ынтықлық байлар көзимди,
Қара түн, сыйпар жүзимди —
Толқынды меннен қызғанба.

Терип ығбалдың масағын,
Келеди мәс боп жасағым,
От болып жансын қушағым,
Көркиңди меннен қызғанба.

А. Дарменов,
07.09.2024.

@Allayar_Darmenov


ЎАТАНҒА МУҲАББАТ

Бесигим соғылған тал ағаш өзиң,
Болажақ байтерек нәл ағаш өзиң,
Шөлде қанат жайып шыныққан бүркит,
Үйимниң қонағы – қарлығаш өзиң.

Қарайған түнегим, ағарған таңым,
Маңлай терге қарысқан киндик қаным,
Туўғаным, баўырым, сүйиклим сенсең,
Жаным, жаным, жаным, және жаным.

Өзиңде әкемниң қәбир таслары,
Анамның ағарған тал-тал шашлары,
Мендеги өзиңе ашықлық дәртин,
Емлей алмас дүньяның врачлары.

Жазыңа ашықпан мыстай қайнаған,
Сазыңа ашықпан бүлбил сайраған,
Сенде туўылғаным ҳаслында ҳикмет,
Қызыңа ашықпан перзент сыйлаған.

Кеўилди тырнайды сәл кебир енди,
Суў басып атыр гә не бир елди,
Қудай да қалай болса солай сүй деп,
Сенлик муҳаббетти мол қуя берди.

Сен қыйналсаң жан сабағын сөтермен,
Бас саўғалап ем ақтарып өтермен,
Қудай молдан қуйған муҳаббетке,
Бир күнлери мантығып-ақ кетермен.

Қуры гәп керек емес адамға мәрт,
Елиңниң дәрти бөлек, ол тәнҳа дәрт,
Ҳәтте, гөриңде де қайғырып жатыў,
Ўатанға шәрт екен, Ўатанға шәрт!

Аллаяр Дарменов,
Август, 2024.


@Allayar_Darmenov

1.4k 0 16 18 66

#Шығармадан_үзинди

...Тағы бирде «Төлеген, – дедим ақылласқандай болып, – сеннен бир өтинишим бар. Ирети келсе, усы қосық дегенди қойсаң жақсы болар еди. Бизиң де қабырғамыз майланып, тәўирлеў ишип-жейтуғын өмир сүриўге ҳақымыз бар шығар?» Ол узақ үнсизликтен кейин келискендей түр билдирди. Бендемиз ғой, мен буған барынша қуўандым.
Ертесине азанда ол жумысына кетти. Қарасам, столдың үстинде ақ қағазда жазылған қосық жатыр. Оқыған гездеги маған берген тәсири енди оғыры! Бир ысып, бир суўыдым. Кеште Төлеген үйге келгенде: «Төке, байымасақ байымайық, бирақ қосықты жаза бер» дедим. Өмирдиң қалған жағында нағыз шайырдың сырлы тәғдирине шерик болыўдан басқа жол қалған жоқ еди...

@Allayar_Darmenov


Түркий туўысқаным – түрк туўысқаным!

Усы жылдың апрель айында Бухарада өткен Түркий халықларының жас дөретиўшилери форумында Туркиялы Фатиҳ Султан Йылмаз бенен қалың, қыймас дос болып қалып едик. Ол бизиң "Ушырасайық" атлы қосығымды түрк тилине аўдарып, "Kardeş kalemler" журналының 2024-жыл, август айы санында жәриялапты. Бул журналда тийкарынан пүткил түркий дүнья әдебиятынан ең жақсы үлгилер берилип барылады.

Төмендеги силтемеге кирип, "Ушырасайық"тың түркше аўдармасын оқыўыңыз мүмкин.

https://www.kardeskalemler.com/



@Allayar_Darmenov

934 0 1 11 44

Уллы Қытай дийўалын «қорғаған» әскердиң сөзи

(Тарийхта ең узын қорған-дийўал ҳәм ең узын қойымшылық есапланған Уллы Қытай дийўалы қанша узын ҳәм беккем болмасын, бәрибир, иштеги сатқынлардың кесиринен бирнеше мәрте жаў қолына берилген екен)

Маған бир пул мына дийўал-пийўалың,
Кимлер өрип, кимлер гербиш қуйғаны,
Еңбеклесем ийт боламан нағыз мен,
Торқалы той қарынымның тойғаны.

Қыста қақаманда қақайып, тоңып,
Найзама сүйенип, сопайып, солып,
Еншимбеди дайым әкеп таслаған,
Журт жыламас буннан қулайық өлип.

Әўесек буларға узын уллылық,
Жумсай берсе әскерди де қул қылып,
Қойнымдағы дәрўазаның бул гилти,
Көзиме көринер гейде пул болып.

Жаў деген де келсе қурттай быжынап,
Көр дийўалдың ақ кағаздай күшин-ақ,
Мен жаўларға ақ басымды ийемен,
Бул қара басымның ғамы ушын-ақ. 

Мәртке сөзим жоқ, қалса қала берсин,
Ўатансүйгишлер журттың алар есин,
Дәрўазаның гилти мениң қолымда,
Узынлатып дийўалын сала берсин.

Бүркиттей бәлентлеп ушады қыял,
Бермеңлер маған мәртликтен саўал,
Мениң ушын әўдийген тек тас гербиш
Сен Ўатаным дейтуғын мына дийўал.


Аллаяр Дарменов,
28.07.2024.


@Allayar_Darmenov


ҚОСЫҚТАН ҚУРАЛҒАН МЫНА ЖЕР ШАРЫ

Қосық – сөздиң патшасы,
сөз сарасы.
Абай


Желдей уйытқыр поэзия тулпары,
Мен бараман жалын қармап жармасып.
Қосықтан қуралған мына Жер шары,
Ол силкинсе қалар мени жыр басып.

Жыр – океан, жығып кетти ырашын,
Сезим суўсынына қанар жүрегим.
Жағыс узақ, қайтыў жоқ, жоқ илажым.
Ақыр көптен сезимсиреп жүдедим.

Сөздиң бағын аралайман бағмандай,
Сайлап үзсем ең мазалы жемисти.
Бүгин сөз қәдирсизленип қалғандай,
Сөзистан болып кеткендей жер үсти.

Ҳасыл сөзге бар дүньямды бартерлеп,
Ҳасыл адамларға үлеским келер.
Базда бул сөз дегенди де номерлеп,
Қатар тәртип пенен сөйлеским келер.

Сөзмоншақ алып турса көздиң жаўын,
Тек ҳасыл сөз сүйсиндиргей халықты.
Ҳәзир шоу ҳәм подкастта сөздиң жаўы,
Ҳәр билгиш былғап жүр бир быламығын.

Азайды ма ҳасыл сөздиң жериги,
Ўарсақылық орнар жүрек төриңе.
Егер көмилгенде сөздиң өлиги,
Жерде орын жетпес сениң гөриңе.

Ҳасыл сөз, ҳадал адам – ол туўғаным,
Жасы үлкеннен сөзи үлкенди сыйлайман.
Сөз қуны да доллардай бир, әрманым,
Тез-тезден көтерилип турғай да.

Сөз ҳасылын тапсаң баладай жайнап,
Тыңлар қулақ таппай шығар ар-сарың.
Тек шайырлар ғана қайғырар ойлап,
Қосықтан қуралған мына Жер шарын…

Аллаяр Дарменов,
08.07.2024.

@Allayar_Darmenov


#Сиз_сүйген_қосықлар_тәрийпи

СҮЙГЕНИҢ МИГРАНТ ПА, ТУРИСТ ПЕ?

Қарақалпақ қосықшылық өнери кейинги ўақларда әдеўир толысып қалды. Д. Қайыпов, Б. Мәтжанов, Т. Дошумова, Д. Мәмбетмуратов, З. Хожаназарова, Г. Айымбетова, М. Сапаева, Г. Мунтеевалар салған жолдан М. Өтемуратов, Б. Темирбаев, Б. Жуматаев, К. Хитжанов, С. Қәллибеков, Б. Разымбетов, Б. Пердебаев, Г. Өтепова, С. Аннақулова сыяқлы хошҳаўазлар жүрип киятыр.

Олардың қатарына кейинги ўақларда Ә. Айтжанов, Ж. Реймов, П. Жолдасбаев, Ә. Байныязов қусаған жаслар да қосылмақта. Әлбетте, қосықшылардың көп болғаны жақсы. Ақыры, сапа да саннан шығады. Жақсы қосықты, қосықшыны таныў ушын жаманын да тыңлаўға туўра келеди.

Өз халқының гейбир шеннен тыс ерсирек дәстүрлеринен күйинген халық шайыры Ибрайым Юсупов «Билимсизлеў жақларыңды,
Мен айтпасам ким айтады»
деген еди. Бүгин биз айырым эстрадалық қосықларға (қосықшыларға емес!) аз да болса сын нәзер менен қараўымыз керектей. Буны анық қәниге айтсын деп сол қәнигениң аўзын бақлап отыра берсек, «Қазақстан, Россиялардан» бир шығайын деп турмыз.

Алдыннан және ескертейин, мақалада қосықшы(лар) емес, айтылған қосық(лар) талқыланады.

Белгили шайыр, үлкетаныўшы, Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейи директоры Ш. Пайзуллаева бир мақаласында «ер қосықшыларымызға не болған, гилең бийопа яр, мени таслап кеттиң, кыянет еттиң деп изинен жыламсырап қосық айтып жүр. Ерлик намыс-ар қайда? Бир бийопа ушын сонша сөз зая» деген еди. Сиз сүйип (яки күйип) еситип жүрген «Күнде ойлайман» қосығы болса сол бийопа ярлардың гимнине айланса тәжип емес. «Қосық» текстин ким жазғанын билмедим. Атқарыўшылар Казбек Мырза ҳәм Әлийшер Байныязов. Қосықтың ҳәмме қатарына тоқталмаймыз. Тек ондағы
Қазақстан, Россияға кетип қалды,
Мени таслап шет еллерге кетип қалды,
Жасымыз да бираз жерге жетип қалды,
Аҳ, мениң ярым, аҳ мениң жаным»,

-деген шуўмағын талқылайық.

Жасырарлығы жоқ, бүгин мәмлекетимизде көпшилик сырт еллерге барып мигрант сыпатында жумыс ислейди. Олардың ишинде Қазақстан менен Россия жетекшилик етеди. Соның арқасында хожалық бағып, үйли, дәўлетли болып атырғанлар қанша. Сонда еле турмысқа шықпаған бул жас қыз усы еки елге жумыс ислеўге кетип қалған ба? Солай болса қосықшылар ашшы ҳақыйқатлықты ортаға алып шыққан. Тәғдирдиң жазыўы менен еле турмысқа шықпай атырып-ақ турмыс машқаласын көрип атырған, шет еллерге барып жумыс ислеп жүрген қызларымыздың образын бере алған. Бирақ қосықта буған күйиниў, қайғырыў онша сезилмейди. Және күн көрис ушын сыртқа шығып кеткен сүйиклисиниң изинен ер жигиттиң булай «мени таслап кеттиң» деп шырлаўы да, жырлаўы да ғәлет.

Я турист болып кеткен бе екен? Бизде көпшилик Дубай, Париж қусаған қалаларға қыдырғысы келеди. Қоңсы Қазақстанға да бирли-ярым зыярат туризми демесең, саяхат ушын баратырман дегенди қулақ есите бермейди.

Ҳә, онда бул жақта есаптан шығып, ушты-күйди жоқ болып көшип кеткен шығар. Бирақ қаяққа? Қазақстанға ма, Россияға ма? Р. Хожасовқа уқсап
Бир аўылда туўылдық,
Өтти балалығымыз,
Аўылдан көшип кеттиң,
Айра түсти арамыз,

десе ҳеш гәп дә. Шамасы, биринши қосықшыныкы Қазақстанға, екиншисиники Россияға кетип қалған қусайды-аў. Бирақ не ушын әйне усы еки ел? Мүмкин, усы қосық арқалы адамлар бул мәмлекетлерде тек жумыс ислеўге емес, саяхат етиўге, ҳәтте (сүйген ярын таслап) жасаўға да болады дегенди аңлап жететуғын шығар? Мүмкин, «қосық»ты жазған адам биз билмеген улыўма басқа нәрсени ойлаған шығар.

Не де болса қосықшыларымыз, қосықларымыз көбейе берсин, Ибрайым аға жазған «халықтың қабақ тәрезиси» бәрин өлшеп отырады дейин десек, жаңа өсип киятырған әўладта еле бул тәрези онша қалиплеспеген.

Сонлықтан, олар жүрек пенен тыңланатуғын қосық пенен жай ғана қулақ арқалы еситилетуғын қосықтың парқын билмей буўыны қатып кетпесе болар деп қорқамыз.

Аллаяр Дарменов,
Өзбекстан хәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы, жас шайыр.


Канал: @Allayar_Darmenov

1.7k 0 11 19 41

***
(Устазым Батыр Эргашевтың нәсиятларынан туўылған ойлар)

Әпиў еткейсиз бизди "дин ҳәзирет",
Жоқ депсиз мусылманда миллет, ўатан.
Динимиз бир, тилиң басқа мәзи тек...
Ҳаў, ҳаў,
Әстаўпыралла!
Онда картада не қылып тур бажирайып
мына Қарақалпақстан?

Мәйли, шар китапты титкилеп жыллар,
Бул сениң "Эврика" тапқаның болсын.
Ҳәм мақулласа пүткил мусылманлар,
Ай-ҳай,
Ўатансыз болғаннан,
Мусылманшылықтан шыққаным болсын!

А. Дарменов,
Май, 2024.

@Allayar_Darmenov


Репост из: Аллаяр Дарменов
Хан мақсым. Есназар Үсенов.pdf
55.2Мб
Хан мақсым деп көкке көтермелеп атырғаның өзи ким деўшилерге Е.Үсенов авторлығындағы "Хан мақсым" китабының электрон нусқасын усынып отырмыз.
Тулғалы тарийхымызды таныўдан, танытыўдан шаршамаңыз!

Канал: @Allayar_Darmenov




Репост из: Аллаяр Дарменов
#Гөне_тарийхты_гүңирентип...

Ханмақсым киятыр "Қызыл"дан асып,
Ийнинде бесатар, дәрьядай тасып,
Изинде қырық жигит өкшесин басып,
Ел-журтына аға болған Ханмақсым.

Ханмақсымның оңынан туўған айлары,
Шынықул болды бақ қараған байлары,
Халқының арызы-ҳалы сораўлы,
"Халқабад"тың атын қойған Ханмақсым.

(Халық қосығынан)

Бүгин қарақалпақ халқы ушын үлкен байрам болды. Халқабадтағы бас көшелердиң бирине тарийхта Жөнейт ханның қамалынан халықты аман алып шыққан, Халқабад қаласына тийкар салған Убайдулла мақсым Баҳаўаддин улының аты берилди. Өкинишлиси, енди ғана бир әсирди толтырып атырған бул қунлы тарийхты, тарийхый тулғаны көпшилик биле бермейди. Инша Аллаҳ, жақын арада Ханмақсымның кимлиги, Халқабад ушын, Қарақалпақ халқы ушын қандай хызметлер ислегени туўралы сөз етемиз.


Канал: @Allayar_Darmenov


МАЛ ТЕЗЕГИ ЖАТЫР ИЙШАНҚАЛАДА

Заманлар тозаңы тозғытқан бәрин,
Дәртли дийўаллар тур жайсаң далада.
Шырқыратып бабалар әрўақларын,
Мал тезеги жатыр Ийшанқалада…

Халқабад бесиги әҳли илимниң,
Бунда ерте шығар ығбал қуяшы.
Туристлик маршруты болар елимниң,
Ийшанқала — уламалар уясы.

Бәдбақ большевиклер шошқа бақтырған,
Урылар тонаған дәскениң бәрин.
Ал, бүгинги әўлад журтлар мақтаған
Қорғанға бағып жүр ешки-малларын.

Гөринде тик турып Имам ийшанлар,
Урпақтан ынжылып атырған шығар.
Ийеси келтепәм бул жаниўарлар,
Қәбирге де туяқ батырған шығар.

Малға не бәрибир, қорған ба, гөр ме,
Оныкы қәдимги тамақтың ғамы.
Бүгинги әўлад вайнер ме, блогер ме,
Олар нетсин сорлы Ийшанқаланы.

Қамалда қысыўмет көргенде халық,
Меккедей сыйынған мәканы бул жер.
Ел қуўанған «Халық абат» ат алып…
Өтмишин умытты шамалы бул ел.

Муң жарығы түскен гөне сүдинлер,
Тиллеседи нөсер жаўын, қарларға.
Бир илаж етпесе еси пүтинлер,
Тезеклейжақ еки аяқлы маллар да.

Ер Ханмақсым ләшкер тартар яўмытқа…
Қарайман нәзерлеп ойшаң далаға.
Түпиргендей еки әсирлик тарийхқа,
Мал тезеги жатыр Ийшанқалада…

Аллаяр Дарменов,

16,18-июнь, 2024-жыл.
Халқабад.

Канал:
@Allayar_Darmenov


Репост из: Аллаяр Дарменов
Бир ҳәрре қыссасы

Дәўдей ҳәрре дызылдап
Сабалайды айнаны,
Ашық айна көзин тап
Сирә таба қоймады.

Ҳәзир айна сынады,
Жарылады я басы.
Усы болды талабы,
Күни бойы қулласы.

Орнын таппай өмирден
Келип кеткен бир ақмақ –
Терезеден телмирген
Ҳәрреден де жаманырақ.

А. Дарменов,
2015-ж.

@Allayar_Darmenov


#Балалар_әдебияты

КИТАП АТАНЫҢ АҚЫЛЫ

– Китап ата, сен неге?
Турасаң бәрҳа текшеде?
Ашылмайсаң ҳешқашан,
Үсти-басың аппақ шаң?

Бурынлары столдың,
Туяғында жатар едиң,
Жаз келсе шыбынларды
Сен ɵлтирип атар едиң.

Ағам балық әкелсе,
Жулар едик бетиңди.
Ҳәзир ɵзгерди кɵп нәрсе,
Адамлар да жетилди.

ϴзгерип кетти столлар,
Шыбынға шықты кɵп дәри.
Балық па, таяр турар
Салфетка орамлары.

Тиси кетик атамдай
Қашып кеткен сықылың.
Айтыўға бир адамдай
Жоқ па маған ақылың?

– Тилге кирди Китап ата,
Шамасы, бийтап ата,
– Ишим мениң дүр, балам,
Ашып-ашып кɵр, балам.

– Дүр болсаң неге онда,
Атам ашып кɵрмеген?
Алдына алып апам да,
Сени оқып бермеген?

Әкем сирә бизнесмен,
Сени жаны сүймейди.
Анам үйде… билмеймен,
Бирақ қолы тиймейди.

Оқымаған әжағам да,
Оқымаған әжапам да,
Сени оқыў сол ушын,
Шәрт пе екен маған да?!

– Әй шырағым, қулыным,
Узақ болсын ɵмириң,
Баласы бол да адамның,
Баласы болма атаңның.

Тәрбияңда кемлик бар,
Менде оған емлик бар,
Сыпырып мына қурымды,
Тазарт мениң түримди.

Саған кеўил бɵлмеген,
Әкеңе мени оқып бер,
Телефоннан қолы тиймеген,
Шешеңе мени оқып бер.

Қызықпайды әўели,
Аўыртпа дейди басымды.
Бирақ таслама мени,
Сɵндирме ықласыңды.

Әжағаңды да қызықтыр,
Әжапаңды да қызықтыр,
Бәри сениң қолыңда,
Қайтпа сирә жолыңнан.

Билим баслар бахытқа,
Асық, кара ўақытқа,
ϴзиңе исен, еплейсең,
Билимсизди емлейсең.

– Мақул, мақул, Китап ата,
Болмаң сирә бийтап, ата.
Айтқаныңды қыламыз,
Билимли ел боламыз.

Аллаяр Дарменов,
28.05.2024.

@Allayar_Darmenov

2.7k 0 24 14 46

Жаўызбаевтың жыйналысында не айтылды?
(сатиралық гүрриң)

– Ҳәмме келди ме? Қапыны жап. Камераны ɵшир. Тек фотоаппаратқа сүўретке ал.
– Телефонға түсирейин. Айфон 15. Гɵне фотоаппараттан тынық түсиреди.
– Мен сеннен ақыл сорадым ба? Айтқанды қыл.
– Яқшы. Кеширерсиз.
– Ал, «жәмийетте мүләйимшиликти сапластырыў ҳәм қопаллықты арттырыў илажлары» бойынша нәўбеттеги жыйналысымызды баслаймыз. Дәслеп кемшиликлер додаланады. Кейинги ўақытлары үстиңизден шағым кɵбейип кетти. Садабаев, тур орныңнан. Сен неге жумыс ўақтында алдыңа келген пуқараны креслоңнан турып, еки қоллап сәлем берип күтип алғансаң?
– Ол қәйинатамның екинши мурындық баласы еди ғо.
– Жумыс ўақтында ағайиншилик пе?
– Сиз машыныңызға газ қуятуғын метан заправканың ийесиниң баласы еди ғо…
– Болды, сениң менен кейин сɵйлесемиз. Ҳадалбеков, сен неге пуқара менен сәўбет барысында «ɵтиниш», «мәрҳәмәт», «кеширерсиз» қусаған мүләйим сɵзлерден пайдаланғансаң?
– Ол пуқара ямана даўкес. Алдын да келген еди. Жақсы сɵйлеспесең үстиңнен жазыўдан да қайтпайды.
– Әй қорқақ. Саған айттым ғо, ондайларды мениң алдыма жибер. Жақсыбаев, сен де ақмағың шығып, кабинетиңде түшкирген пуқараға саў болың дегенсең. Және, үш мәрте түшкиргенде де ҳәр бирине ɵз алдына саў болың депсеңә!
– Билмей қалдым, аға. Мен ɵзи биреў түшкиргенде автомат түрде саў болың деп айтып қоя беремен.
– Мийирманова, сен еле турмысқа шықпаған қыз бола тура бийтаныс еркекке ɵз қол телефоныңның номерин берипсең. Бул қалай енди?
– Узақ районнан келип тур екен, жолдас Жаўызбаев. Хабарыңыз бар, жумыстың телефонын жасалма түрде күтиў режимине ɵткерип қойыппыз. Қоңыраў етип, түсе алмапты. Аяп кеттим. Жумысы питпеди. Хабарын сорап билип турарсыз деп ɵзимниң нәўмиримди бере қойып едим.
– Аўа, бәриңиздиң бәнеңиз таяр. Жумыс дегенди, мине, Қопалбаевтан үйрениң. Сизлер күнине 15-20 пуқара қабылласаңыз, оның күнлик нормасы бесеўден ɵтпейди. ϴткенде бир ҳаял алдынан жылап шықты. Бир исбилерменди сондағы бир қолтаңбасы ушын бес күн қатнатты. Қопалбаев, ертеңнен баслап буларға жумыс ўақты таўсылғаннан кейин, саат 8ден баслап бир саат шеберлик сабағын ɵтесең.
– Жаўызбаев, мен шаршап қаламан-аў оған. Оннаншы, азанда 8ге қояйық. Жумыс басланғанға шекем ɵтемен. Және, азанда таза бас пенен қабыллаў да аңсат болады.
– Аға, Ҳадалбековтың алдына бир екиқабат ҳаял келип тур. Зәрүр ҳүжжет керек болып тур дейди.
– Жап есикти. Маған десе сол жерде туўып қоймай ма? Жыйналыс болып атыр, кɵрип турған жоқсаң ба? Ермекбаев, жаз. Жумыс ўақтында ɵз хызмет ўазыйпаларына немқурайдылық пенен қарағаны, пуқаралар менен мүләйим қатнас жасағаны ушын Мийирманова, Жақсыбаев, Ҳадалбеков ҳәм Садабаевқа…
– Аға, сиз баратуғын метан заправканың…
– Болды, яқшы. Садабаевтан басқасының бәрине сɵгис берилсин.
– Тек сɵгис пе?
– Қопалбаев, сɵгис деген-әм майда нәрсе емес. Бәри менен еле ɵз алдына сɵйлесемен булардың. Ҳәммеңиздиң қулақларыңызға алтын сырға. Қопаллық – бизиң жумысымыздың жүзи. Ким оған аяқ қойса меннен жақсылық күтпесин. Жақында қопаллық бойынша нанография жазып атырман.
– Монография шығар?
– Аўа, ақыллылық етпе дедим ғо саған. Соны сатып аласыз. Жыйналыс тамам.

Аллаяр Дарменов,
25.05.2024.


@Allayar_Darmenov


Репост из: Ùyde qalìñ!
Xoshlasıw qosıǵı

(Ibrayım Yusupov dóretiwshilik mektebiniń pitkeriwshileriniń tilinen)

Jıynalıppız túrli-túrli awıldan,
Doslar taptıq bir-birewge bawırman,
Talantlardı tárbi
yalap ósirgen,
Mektebim ózińseń maǵan qádirdan.

Ádebiyat esigin qaqtırǵan óziń,
Ilhamnıń otların jaqtırǵan óziń,
"Adam balası emes, Watan balası",
Bolıwdı ázelden uqtırǵan óziń.

Ózińde muhabbat, ilham-yosh mektep,
Arttırdıq qanshama jora, dos mektep,
Saǵınıp qumsaymız qayda bolsaq ta,
Qıymay baratırmız seni, xosh mektep.

Klaslaslar – qádirdanlar, doslarım,
Qayda júrseń aman bolsın baslarıń,
Bilim bergen ustazlarǵa kóp raxmet,
Umıtpaymız biz sizlerdi, xosh qalıń.

Allayar Darmenov,
Mektebimizdiń "Shuǵla" ádebiy dógeregi basshısı.

📱 Telegram | 📱 Instagram | 📱Facebook


Кɵрдим

Теп-тегис жалаңлық таўларды кɵрдим,
Журт ессиз санаған саўларды кɵрдим,
Күннен жақты түн, түннен қараңғы күн,
Жыныс, жас сайламас жаўларды кɵрдим.

Терек кɵрдим мийўалары сырғыған,
Бағды кɵрдим отын ушын қырқылған,
ϴсек ошақ басы – бас қосар мәскан,
Ғыйбат қуйрық майы сонда сырқылған.

Гезинде ағалық кɵрген инилер,
Ағамлап изинде жүрген инилер,
Мәйли дә, он билмеслик еткен шығар,
Жолдас қандайлығы сонда билинер.

Ҳақ жол, ислең не келсе қолыңыздан,
Шықпайын тикенектей жолыңыздан,
Қуўаныш нурлары жадырап турсын,
Аға болған маңлай сорыңыздан.

Кеттим!
Әй яқ-яқ, турмаң орныңыздан.

Аллаяр Дарменов,
25.05.2024.

@Allayar_Darmenov


#Қәдирдан_қатарлар

Үш күшик сақладым сада гезимде,
Тарғыл көпек болды тумсығы қасқа.
Үшеўи де тислеп алды өзимди,
Енди серт айтқанман ийт сақламасқа.

Ибрайым Юсупов.

Ҳиндлер айтар: әўел баста
Жылан жаратылған деп,
Таў халықлары айтар: дәслеп
Бүркит жаратылған деп.

Мен ойлайман: алды менен
Адамизат жаралған.
Бүркитлер де, жыланлар да
Адамлардан таралған.


Расул Гамзатов

@Allayar_Darmenov


***
Гүлдиң қәтелиги ғумшасын салған,
Сулыўлық жүзиңе адасып қонған,
Бағың – Ўатаның, бағың – арың, қорған,
Буған пәмиң алыспайды, мақпалжан.

Шырайың мезгиллик солар да кетер,
Жел турса аямай жулар да кетер,
Барлық қус ɵзиңе қумартар бетер,
Бағың бир пул олар ушын, мақпалжан.

Сен – қаңғымай жел әкелген гүлғумша,
Қәдириң жоқ қырда ɵскен жыңғылша,
Дастанып талўас әйле, нырқың қанша?
Бағыңа қоса басқылат, мақпалжан.

Нарцисстен ɵтерсең кибир бабында,
Артисттен бетерсең йошқан ўағыңда,
Патас шɵп болғанша ɵскен бағыңда,
Солып қалсаң болмаспеди, мақпалжан.

Аллаяр Дарменов,
Май, 2024.

@Allayar_Darmenov


Дуз ҳәм қыз

Қақшып алды күнниң нурын,
Толған ай – баскетбол тобы.
Басында бантик, қос бурым,
Тамағында зилдей зобы.

Баспалы кран, жер кран,
Водопровод – сәл ертек,
Суўға қоса тамағынан,
Дуз ɵтер ɵңешин ɵртеп.

Мазасы болмай сабақты да,
Тыңламайды уйып сирә.
Мектеби де узақты дә,
Жүриў жанға тийип тур-ә.

Қышырлатып кебир жолдан,
Келер оқыўшы – қара қыз.
(Ондайларды телевизордан
Кɵрсетпеймиз-аў сирә биз).

Ылайға батып етиги,
Қыста қыйын аўыл, енди.
Қыз – киятыр ол жетилип,
Мына бәле аўыр енди.

Замираны тыңлар уйып,
Бий апаны кɵрсем дейди.
Мен де модный кɵйлек кийип,
Үлкен концерт берсем дейди.

Уйқысында қысылып гә,
Терлеп-тепшип оянады.
Билдирмейди қысынып я
Билдириўге уялады.

Тазаланған суўдан ишип,
Қаланың қызы ɵседи.
Кɵремен: мектептен шығып,
Бир-бирине суў сеўиседи…

Мына қара қыз ɵспирим,
Тула бойы дуз толық.
Жылама, жаным, шүкирим,
Жаралғаныңа қыз болып.

Замираны тыңлар уйып,
Бий апаны кɵрсем дейди.
Мен де модный кɵйлек кийип,
Үлкен концерт берсем дейди...

А. Дарменов,
02.05.2024.

@Allayar_Darmenov

2k 0 7 12 71
Показано 20 последних публикаций.