МАЛ ТЕЗЕГИ ЖАТЫР ИЙШАНҚАЛАДА
Заманлар тозаңы тозғытқан бәрин,
Дәртли дийўаллар тур жайсаң далада.
Шырқыратып бабалар әрўақларын,
Мал тезеги жатыр Ийшанқалада…
Халқабад бесиги әҳли илимниң,
Бунда ерте шығар ығбал қуяшы.
Туристлик маршруты болар елимниң,
Ийшанқала — уламалар уясы.
Бәдбақ большевиклер шошқа бақтырған,
Урылар тонаған дәскениң бәрин.
Ал, бүгинги әўлад журтлар мақтаған
Қорғанға бағып жүр ешки-малларын.
Гөринде тик турып Имам ийшанлар,
Урпақтан ынжылып атырған шығар.
Ийеси келтепәм бул жаниўарлар,
Қәбирге де туяқ батырған шығар.
Малға не бәрибир, қорған ба, гөр ме,
Оныкы қәдимги тамақтың ғамы.
Бүгинги әўлад вайнер ме, блогер ме,
Олар нетсин сорлы Ийшанқаланы.
Қамалда қысыўмет көргенде халық,
Меккедей сыйынған мәканы бул жер.
Ел қуўанған «Халық абат» ат алып…
Өтмишин умытты шамалы бул ел.
Муң жарығы түскен гөне сүдинлер,
Тиллеседи нөсер жаўын, қарларға.
Бир илаж етпесе еси пүтинлер,
Тезеклейжақ еки аяқлы маллар да.
Ер Ханмақсым ләшкер тартар яўмытқа…
Қарайман нәзерлеп ойшаң далаға.
Түпиргендей еки әсирлик тарийхқа,
Мал тезеги жатыр Ийшанқалада…
Аллаяр Дарменов,
16,18-июнь, 2024-жыл.
Халқабад.
Канал: @Allayar_Darmenov
Заманлар тозаңы тозғытқан бәрин,
Дәртли дийўаллар тур жайсаң далада.
Шырқыратып бабалар әрўақларын,
Мал тезеги жатыр Ийшанқалада…
Халқабад бесиги әҳли илимниң,
Бунда ерте шығар ығбал қуяшы.
Туристлик маршруты болар елимниң,
Ийшанқала — уламалар уясы.
Бәдбақ большевиклер шошқа бақтырған,
Урылар тонаған дәскениң бәрин.
Ал, бүгинги әўлад журтлар мақтаған
Қорғанға бағып жүр ешки-малларын.
Гөринде тик турып Имам ийшанлар,
Урпақтан ынжылып атырған шығар.
Ийеси келтепәм бул жаниўарлар,
Қәбирге де туяқ батырған шығар.
Малға не бәрибир, қорған ба, гөр ме,
Оныкы қәдимги тамақтың ғамы.
Бүгинги әўлад вайнер ме, блогер ме,
Олар нетсин сорлы Ийшанқаланы.
Қамалда қысыўмет көргенде халық,
Меккедей сыйынған мәканы бул жер.
Ел қуўанған «Халық абат» ат алып…
Өтмишин умытты шамалы бул ел.
Муң жарығы түскен гөне сүдинлер,
Тиллеседи нөсер жаўын, қарларға.
Бир илаж етпесе еси пүтинлер,
Тезеклейжақ еки аяқлы маллар да.
Ер Ханмақсым ләшкер тартар яўмытқа…
Қарайман нәзерлеп ойшаң далаға.
Түпиргендей еки әсирлик тарийхқа,
Мал тезеги жатыр Ийшанқалада…
Аллаяр Дарменов,
16,18-июнь, 2024-жыл.
Халқабад.
Канал: @Allayar_Darmenov