Өзбекстан ХДП Қоңырат районлық кеңеси мәжилиси өткерилдиҚоңырат районы ҳәкимлиги мәжилислер залында Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қоңырат районлық кеңесиниң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилис күн тәртибинде шөлкемлестириў мәселеси ҳәм Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги партия топарының 2025-жылға мөлшерленген Ис-режесин тастыйықлаў мәселелери көрип шығылды.
Мәжилиске Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Х.Б.Ешимбетов, партия хызметкерлери, депутатлар, белсендилер ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасты.
Мәжилисте Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қоңырат районлық кеңеси баслығы лаўазымына Елмуратов Батырбай Куатбаевичти тайынлаў мәселеси көрип шығылды.
Усынылған талабан партия белсендилери ҳәм районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары тәрепинен қоллап-қуўатланды. Елмуратов Батырбай Куатбаевич – Өзбекстан Халық демократиялық партиясы Қоңырат районлық кеңеси баслығы етип тайынланды.
Күн тәртибиндеги мәселелер бойынша Өзбекстан ХДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Х.Б.Ешимбетов шығып сөйлеп, партия топарының Ис-режесине Өзбекстан Халық демократиялық партиясының Сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалар ҳәм партия электоратына тийисли мәселелер,
“Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасын әмелге асырыў бойынша биринши гезекте ислениўи тийис болған илажлар киргизилгенлигин атап өтти.
Соның ишинде, социаллық қорғаў мәселелерин әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгилеп алған Өзбекстан Халық демократиялық партиясы шөлкемлери ҳәм депутатлық бирлеспелери де бул бағдарда бир қатар басламаларды алға қоймақта. Усы мақсетте 47-“Санаат” сайлаў округинен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты, ӨзХДП фракциясы ағзасы Рустам Сапарбаев тәрепинен ислеп шығылған
“Барлық жаңа туўылған балалар ушын балалар депозитин ашыў бойынша жойбар” үлкен әҳмийетке ийе. Егерде, бул жойбар мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланса ҳәм дәслепки қаржы ажыратыў илажлары көрилсе бунда бала ер жеткенде шахс сыпатында қәлиплесиўи, қәбилетин раўажландырыў ушын еркин финанслық ресурсларға ийе болыўын тәмийинлеўге мүмкиншилик жаратылады.
Сондай-ақ,
“Өзбекстан – 2030” стратегиясын «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылында әмелге асырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарлама ҳәм оны тастыйықлаў ҳаққындағы Өзбекстан Республикасы Президенти Пәрманы жойбарлары ислеп шығылғанлығы ҳәм кең жәмийетшиликке додалаў ушын жәрияланғанлығын айтып, депутатлар, басланғыш партия шөлкемлери ҳәм партия белсендилеринен 2025-жылғы Мәмлекетлик бағдарламаның жойбарын додалаўға белсене қатнасып, өз усынысларын билдириўин сорады.
Мәжилис күн тәртибине киргизилген барлық мәселелер додаланып, партияның районлық кеңеси ҳәм депутатлық топары тәрепинен 2025-жылда әмелге асырылыўы тийис болған тийкарғы ўазыйпалар белгилеп алынды.
Мәжилистен соң, Партия жәмәәти ҳәм депутатлар көп жыллар даўамында партия белсендиси ҳәм партиямыздан сайланған жанкүйер депутат сыпатында елимиз раўажланыўында белсендилик көрсеткен нураный Адилбай Нурыллаевтың ҳалынан хабар алды.
Каналға ағза болыў: https://t.me/xdp_qr