МЕРЎЕРТ


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Искусство


Қараүйден кең дүньяға қарай [Т.Қайыпбергенов.]
📖Әдебият
🗞️Тарийх
🎭Көркем өнер
📜Илим
Инстаграм: https://www.instagram.com/p/CcH0x7Fq8D1/?igshid=YmMyMTA2M2Y=
Реклама: https://t.me/+Qra5eac82vk2YjZi

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Искусство
Статистика
Фильтр публикаций


АКАДЕМИК МАРАТ НУРМУХАММЕДОВТЫҢ БЕРДАҚТАНЫЎ ИЛИМИ

Усы жылдың 14-февраль күни саат 11:00 де Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Қарақалпақстан ҳəм Өзбекстан Республикаларына мийнети  сиңген илим ғайраткери, Бердақ ҳəм Беруний атындағы сыйлықлардың лауреаты, филология илимлериниң докторы, профессор, академик Марат  Нурмухаммедовтың 95 жыллығына бағышланған  «Бердақты дүньяға  танытқан алым» атамасындағы республикалық илимий-ǝмелий конференциясы болып ѳтеди.

Конференцияға академиктиң илимий-дөретиўшилик жолына қызығыўшы, әдебият ҳәм илим дүньясына бийпарық болмаған бәршени мирәт етемиз.


✅ Мәнзил: Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси 1/1 жай. (Бағдар Қарақалпақ мәмлекетлик университети)

@adebiyatmuzeyi

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Ибрайым Юсуповтың сүйикли шәкиртлеринен бири, устаз шайырымыз Улмәмбет Хожаназаровтың еске түсириўлеринен.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


***

Өмир деген хошадағлы әрмандай,
Көрген қызық, сүрген дәўран жалғандай.
Ялғаншының Төк таўына бир түнеп,
Мәңгиликке сапар шеккен кәрўандай.
Опалы дос пенен өткен демлериң
Санаўсыздур асқабақ жеп турғандай.
Лекин, ҳеш ким айтпас мәңги турман деп.
Hе қыяллар кешпес ойдан, Улмәмбет!


Ибрайым ЮСУПОВ,
«Төк таўындағы ойлар»дан


Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


#Еслеў

📜Тозады екен, тозады екен - бәри де, тек жулдызлар қалады екен мәңгиге... (У.Хожаназаров)

Бүгин 11-феврал белгили жәмийетлик ғайраткер, Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси Улмамбет Хожаназаров (1938-2021 жж.) дүньяға келген күн.

У.Хожаназаров 1938-жылы Кегейли районында дүньяға келген. 1960-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерген.

Шайырдың «Әўелемен-дүўелемен» (1969-жыл), «Кеўил туйғылары» (1970-жыл), «Жылларым мениң» (1976-жыл), «Напевы Аму», «Кеўил қусым» (2010-жыл) атлы китап топламлары баспадан шыққан.


@QRARXIV

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


МУҲАББАТ ИСМЛИ ҚЫЗ ЕДИ — АҚҚУЎ...

Х. Дәўлетназаров сөзи,
Д. Мәмбетмуратов атқарады.


Көзим ярдың гүлдей жүзине түсти,
Жазған — жүрек-баўырым үзиле түсти...
Ышқы қайттан мениң изиме түсти,
Әрман моншақларын дизеди Аққуў.

Муҳаббаттың алтын оқларын атып,
Ғумшадек ләбинен көрмедим татып,
Тил — мәрт болалмады сөзлерин қатып,
Кеўил тарларымды үзеди Аққуў.

Қуп әжеп муқамлы ойын қурыўы,
Мың жилўа-наз әйлеп мойын бурыўы,
Жулдыз көзлериниң жайнап турыўы...
Бунша сән-салтанат дүзеди Аққыў.

Дийдары мөрленип қалған ядыма,
Ығбал қулақ аспас шеккен дадыма,
Жазған қосықларым кетсин әдира...
Қыялымда сыңсып жүзеди Аққуў.

Ышқым — гүмис жалы таралмаған ат,
Қардарына жетип баралмаған хат,
Яр — әрман мәнзили, мен — талған қанат,
Қыслап қалар журтым гүз ели Аққуў.

Айтпайын, көксимди дәртлер тилгенин...
Жоқшыдай мыс рең кеўил гүллерим,
Жүзген айдынларын билә-билмедим,
Муҳаббат исмли қыз еди — Аққуў!

@Shawdirbay_Seyitov
@X_Dauletnazarov

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#Шайыр_ҳаўазы

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

БИЗДИ ҚЫЙЫН ҲАЛҒА БАРҒЫЗБА

Яратқан, сақлайгөр бәле-мәтерден,
Бул жерден муң-дәрттиң жабын жарғыз ба?
Халқым қалас болғай қәўип-қәтерден,
Журтынан безигер күнге барғыз ба?

Душпанға инсап бер, досқа диянат,
Кеўилге жақсылық қусын уялат,
Ҳеш кеширилип болмас елге қыянат,
Қыңыр иске, қыйсық жолға барғыз ба?

Қай перзент умытса ата-ананы,
Адамның өтпейди оннан жаманы,
Дүнья сүдининдей ақылы дананы,
Нәмәртке мүтәжин салып барғыз ба?

Түсерлиги де бар шыққан бийиктиң,
Зарпы көзге урар ишки күйиктиң,
Үйинде тынышы болсын жигиттиң,
Уясы бузылар ғамға барғыз ба?

Жоқ ығбал жоқ излеп шапсаң да атлы,
Барын қәдир тутар көргенли-затлы,
Болғанға не жетсин дурыс-инабатлы,
Тилди зәҳәр қатлы сөзге барғыз ба?

Кимлер түйистирди намысты-арды,
Кимлер сыңар билди муң менен зарды,
Мүлк пенен дәскеден етсең де жарлы,
Руўхый әптада ҳалға барғыз ба?

@IYu_Ayaziy

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


Жаслығым, сен мени таслап барасаң

Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

Муҳаббат ҳақкында бираз жырларым,
Жыр емес, ол мениң жүрек сырларым,
Алынар ўақ келди гүллер қырманын,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң!

Аты-жөним қосық пенен тарады,
Бираз қызлар қызығып-ақ карады,
Бүгин олар қыя бақпай барады,
Кеўлиңде бир гийне сақлап барасаң!

Сени ойлай берип кеўлим езилди,
Саған айталдым ба айтар сөзимди?
Шадлықка паянсыз муңлы көзимди,
Жангенем, сен бүгин жаслап барасаң!

Табалдым ба кеўлим аңсаған ярды,
Әрманлаў менен-ақ шашым ағарды,
Жүрек гүз паслынан тапты хабарды,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң.

Кеўлим сезимлерге болған тасқынлы,
Жүрек дәртсизлерге бизди қас қылды,
Алдап сөз айтпадым, тийдим нәпсимди,
Мәгар бул исимди жаклап барасаң?!

Бул жолда көп екен өткел, дығырық,
Оннан жүрип емес өттим жүгирип,
Қыл қыймас жан достым жүзиң үгирип,
Енди… ең соңғы рет лаплап барасаң.

Хош қалыңлар, арзыў-шәменлер ели,
Бүгин айнымалы тәғдирдиң жели,
Ығызып барар мен минген кемени,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң?

1986
.

💎 Мерўерт


Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

Халқым, мен сизлерге СТАН əпердим!

Туўылдым жолбарыслар жасаған жерде,
Бул жердиң көксинде сирискен зерде,
Қолларым жылаўда таңылдым ерге,
Қырман бөлискендей ығбал əпердим.

Ат шаптым замана жанын суўырып,
Атым зорыққанда жаяў жуўырып,
Жанымды қуўырмаш етип қуўырып,
Жүрекке соңы жоқ əрман əпердим.

Бар дəрья, теңизи, тоғайы, таўы,
Жери байдың хəр ўақыт болады жаўы,
Ең аўыр, шешилмес даў жердиң даўы,
Дос азлаў мəккар көп душпан əпердим.

Топ жарып өзимди ҳайрана урдым,
Ақыл жарысында ойларым қурдым,
Турысар жерлерде тайсалмай турдым,
Жүйрик зибаныма қақпан əпердим.

Жан жақтан анталап қараған көзди,
Жан тəним руўхым соларды сезди,
Қарақалпақ деген муқаддес сөзди,
Барлық сөзлерден де бəлент көтердим.

Ғаз қуўға, көл елге мəнзилиў-мəскан,
Кийик қуланға шөл бүлбилге бостан,
Бүркитке журт енши таў менен тастан,
Еркин ушатуғын аспан əпердим.

Ойын қырын шарлап жақын жырақтың,
Майы боп келешек деген шырақтың,
Қəдирин билиң бул уллы топрақтың,
Халқым, мен сизлерге "СТАН" əпердим!

Мерўерт


Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ

ДЫМ САҒЫНЫП КЕТТИМ СЕНИ…

Сүйиў қандай еди жақсы...?
Айралығы əттең, ашшы,
Көзлериңниң ойған нақшы,
Жан дүньяма битти сени.

Кеўлимди дəрт дəптер етип,
Ишинде не гəплер етип,
Қолға үйренген кептер етип,
Жалтаң қағып күтти сени.

Ɵз өзиме: тек жүр! тек! леп,
Қоймадым ба бахтым шеклеп?
Сезимлерим баса-көклеп,
Азап қылып шектим сени.

Аз болмаған поса сыйым,
Жүреклерге салдық тыйым...
Муҳаббатта бираз қыйын,
Сабақ етип өттим сени.

Жүз бурсам да, тез сағына,
Қайта кирсем деп бағыңа,
Жанымның зер сабағына,
Дизип талай сөттим сени.

Ада қылып болмас айтып,
Хош еттиң... соңыра муңайтып,
Барғым келер саған қайтып,
Дым сағынып кеттим сени....

@a_blognot
@X_Dauletnazarov

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


#Бүгин_туўылған_күн

10-февраль Қарақалпақстан халық шайыры, «Әмиўдәрья" журналының бас редакторы Халила Дәўлетназаровтың туўылған күни.

Шайыр 1952-жылы Кегейли районы, Халқабад елатында дүньяға келген. Бүгин ол 73 жасын қарсы алмақта.

Шайырға узақ өмир, беккем денсаўлық, таўсылмас илҳам-йош тилеймиз. Жазары көп болғай.

@X_Dauletnazarov

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


Репост из: МЕРЎЕРТ
Муқағали Мақатаевтың өмири ҳәм дөретиўшилигин өзинде сәўлелендирген "Бул әсирден емеспен" кинофильминиң 4 бөлиминиң толық нусқасын мына силтемелерден табасыз.

1-бөлим
2-бөлим
3-бөлим
4-бөлим

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


Репост из: МЕРЎЕРТ
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
9-февраль қазақ халқының тулғалы байтереги Муқағалий Мақатаевтың туўылған күни

Шайырдың Фариза Оңғарсиноваға арнап жазған «Фаризаға» қосығы.

Әбирбек Тинәлиевтиң атқарыўында.

Видеодан залда Фариза Оңғарсинованың өзи де отырғанын көриў мүмкин.

Әдебий информациялық канал:
Ағза болың 👉 💎
@Merwert_uz


9-февраль 19:00

"ҚАРАҚАЛПАҚША ТВОРЧЕСТВАЛЫҚ КЕШЕ"

-Юмор-ҳәзиллер,
-Миллий эстрадалық қосықлар,
-Конкурс-викториналар

Мәнзил: Астана қаласы, Беимбет Майлин көшеси 4.
Casablanca ретро бар.

Билет
+77786162823 ватсап арқалы аласыз

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


...
Евразия физиклерин,
Жарысқанда хайран қылған,
Үш алтын медальдың бәрин,
Утып, утып, утып алған,—

АҚШ я Қытайдан емес,
Нөкистиң бир жас баласы,*
Сондай баллар әжеп емес,
Болса илим дүрданасы...


Ибрайым Юсупов

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


https://youtu.be/X2oC0YAmSe4?si=VpsuZSbtkoGTm4VZ


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
"Инсанның бул өмирдеги миссиясы неден ибарат?" деген сораўға жуўап излегенлер ушын артықша көпирме сөзлерсиз жағымлы лириканы усынамыз.
Тыңлаң ҳәм бәрин ой елегиңизден өткерип көриң.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнери аўыр жоғалтыўға ушырады. Усы жылдың 23-январь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, белгили драматург, сценарист  Полатбай Айтмуратов 64 жасында қайтыс болды.

Актёр ҳәм режиссёр, драматург, сценарист, қәбилетли ҳәм талапшаӊ басшы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Полатбай Айтмуратов 1961-жылы 23-январьда Шымбай районында туўылды. Орта мектепти питкергеннен соӊ 1978–1982-жыллары Ташкент театр ҳәм сүўретлеў институтында актёрлық шеберлигинен тәлим алып, театр тараўындағы дәслепки мийнет жолын ҳәзирги  Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында актёр болып  ислеўден баслады.
Ол мийнет жолы даўамында 1985–1986-жыллары Бозатаў районлық мәденият бөлими директоры, 1987–1988-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги репертуар бөлими хаткери, 1993–1999-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры директоры, 1999–2000-жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театры директоры, 2000–2003-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары, 2003–2017-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры директоры, 2017–2018-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри, 2018-2022-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында директор болып иследи.

Дерлик 40 жылдан аслам ўақыттан берли халқымыздыӊ мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўға, әсиресе, қарақалпақ театр өнериниӊ раўажланыўына өзиниӊ күш-ғайратын аянбай жумсап, мүнәсип үлес қосқан П.Айтмуратов мәдений мәкемелерге басшылық етиў менен бирге драматургия саласында да белсенди қәлем тербетти. Оның қәлеминен дөреген «Сүйинши», «Ойнақлаған от басар», «Дәслепки муҳаббат», «Атам айтқан әпсана», «Шайтанныӊ наласы», «Аўылға қайтыў», «Устаз тәғдири», «Уллы Жипек жолы» ҳ.т.б. да пьесалары мәмлекетлик театрларымызда сахналастырылып, тамашагөйлер кеўлинен терең орын алды. Оның пьссалары өзбек тилине де аўдарылып, сахналастырылды, республикамыз ҳәм халықаралық көлемдеги театр фестивальларында сыйлы орынлар, Гран при жеңимпазы болды. 

П.Айтмуратов тек ғана сахналық шығармалар жазып қоймастан, телевидение ушын да сценарийлер жазды ҳәм олар «Аталар сөзи - ақыл», «Өмир сабақлары» атлы телефильмлерде эфирге берип барылды. Қарақалпақ киноиндустриясында дәслепки «Бир достыӊ болсын» атлы көп сериалы фильм сүўретке алынып, П.Айтмуратов қәлемине тийисли бул сериал халқымыз тәрепинен унамлы күтип алынды. Оның 2014-жылы «Талаплыға нур жаўар», 2020-жылы «Бир достың болсын», 2021-жылы «Алпыс асқар» атлы китаплары баспадын шықты. П.Айтмуратов сахналық шығармалар, киносценарийлер жазыў менен бирге көп жыллар Республикамызда өткерилген “Ғәрезсизлик, “Наўрыз” ҳәм басқа да мәмлекетлик  илажлардың  сценарий авторы болды.
П.Айтмуратовтың елимиз мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў жолындағы пидәкерлик мийнетлери мүнәсип баҳаланып 1994-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сыйлығының лауреаты,  2003-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери», 2021-жылы «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Кеңпейил инсан, ҳүрметли устаз, меҳрийбан әке, сүйикли өмирлик жолдас, садық дос, талантлы драматург Полатбай Айтмуратовтың жарқын естелиги ядымызда мәңги сақланып қалады.

Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги жәмәәти

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#Кеўил_билдириў

Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиӊген көркем өнер ғайраткери, драматург Полат Айтмуратов дүньядан өтти.

Марҳумның барлық жақынларына, кәсиплерине ҳәм улы Байрам Айтмуратовқа терең қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Мәденият ҳәм әдебият тараўында жемисли мийнет еткен ҳәм жуўапкершиликли лаўазымларда жумыс алып барған ағамыздың яды мәңги есимизде қалады.

Марҳумның руўхлары шад, топырағы торқа болсын!

@charjau_elmuratov

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Бүгин «Жаслар ТВ» телеканалының ашылғанына 7 жыл толды

Өзгеше көрсетиўлери, кеўил ашар бағдарламалары менен халқымыз кеўлинен терең орын ийелеп үлгерген «Жаслар ТВ» телеканалы жәмәәтин 7 жасқа толыўы мүнәсибети менен шын жүректен қутлықлаймыз.

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#қутлықлаймыз

19-январь шайыр Пәтийма МЫРЗАБАЕВАның туўылған күни.

...Бирақ... қызықпайман мен тирилиўге,
Егер қарақалпақлар күтип алмаса...

Пәтийма МЫРЗАБАЕВА


Шайыр Пәтийма апа Мырзабаеваға узақ өмир, беккем денсаўлық, дөретиўшилик табыслар тилеймиз!

@a_blognot

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Тилеўберген ЖУМАМУРАТОВ

ҚАРАҚАЛПАҚ БОЛҒАЛЫ

Тараған булттай ҳәр жаққа,
Көшиўден әрман қалмады...
* * *
Әййемги қарақалпақтан,
Сақланып қалған урпақпан.

Қарақалпақ болғалы,
Ел атағын алғалы,
Не көрмеген қарекең—
Деген мақал бар екен.
Түркистанның елинде,
Туранның байтақ жеринде,
Қырық рет жасап,
қырық көшкен,
Қырық рет жанып,
Қырық өшкен.
Ҳәлсиреп, гейде жанланып,
Айбалтасын қолға алып,
Намыс ушын тирескен,
Өмир ушын гүрескен.
Жел ушырған қаңбақтай,
Гей-гейде мәкан, нан таппай,
Жазықлыдай қудайға,
Тентене болмақ оңай ма?!
Толғанып көшкен Дунайға,
Балқанның бийик, ойларын,
Едил, Жайық бойларын.
Кавказдың Шығыс арқасын,
(Шымқылдатып арбасын),
Сыйынып баба, әрўаққа,
Тараған булттай ҳәр жаққа.
Көшиўден әрман қалмады,
Белде дәрман қалмады,
Өткермей тыныш бир қысты,
Өмир ушын қырқысты.
Еллерден елге аўысып,
Көпшилигин таўысып,
Тынышлық көрмей жәҳәнде,
Қуўысқан ата мәканға.
Қутылып қырғын қамалдан,
Мәканын таўып дем алған,
Әййемги қарақалпақтан,
Сақланып қалған урпақпан.

Әдебий информация:
💎
@Merwert_uz

Показано 20 последних публикаций.