ҚАРАҚАЛПАҚ БАЙТЕРЕКЛЕРИ🌳


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Образование


🌳Администратор: Светлана Жәлменова
05.10.2017
@bayterekler_bot
🌳СЕН➖БАЙТЕРЕК, МЕН➖СЕНИҢ БИР ШАҚАҢМАН!
📝Б. Қайыпназаров
🔥ӨЗИҢДЕГИ БАР БОЛҒАН БИЛИМДИ НУР ЕТИП ТАРАТ!
📝 Шамшырақ Сарқырама🌊🌳
⚠️Каналдан мағлыўмат алынса мәнзил көрсетилсин!

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Образование
Статистика
Фильтр публикаций


"АҒАШ ҚУЙРЫҚ" АҒАМА

Өзбекстанға мийнети сиңген агроном, белгили сөз шебери ПАЛЎАНИЯЗ АБДУЛЛАЕВ қа арналған қосық.
Палўанияз Абдуллаев [1918-1974жж].


Мереке, мәжлисте саз-сәўбет пенен,
Ўәж айттың, "қуйрықлы" қысыр сөз бенен,
Елдиң ертеңинен гүдер үзбеген,
Сен-күлки көсеми--Палўанияз аға.
*
Сен
жүрген жоллардан жүргим келип тур,
Сен көргенлерди көргим келип тур,
Мийрасы деп Палўанияз ағаның,
"Илме султан" сөзлер тергим келип тур.
*
Бир
аз иниң "қәтесин" кеш түсинип,
Атыңды қосыққа қосты қысынып,
Қудайын умытып, кийди таз кебин,
Өзин талай тезге салған кисилик.
*
Бен
дешилик тек күлиўге жараймыз,
Өзиңе сыйынып жолға қараймыз,
Сөз табалмай гәптиң ийни келгенде,
"Пийрим Палўанияз" деп мәдет сораймыз.
*
Сөз
диң қәдирине қашан жетемиз,
Ана тилиң аман, шүкир етемиз,
Тыңлап шала сақаў шабащниклерди,
Әттегене-ай, басты шайқап өтемиз.
*
Ушы
рма сөз--өлшеў тасы мың батпан,
Алтынға барабар аршада жатқан,
Сөз сүйлинин сайлап, ушардан атқан,
Сиз--снайпер, мерген Палўанияз аға.
*
Енд
и өзгертейин қосық ырғағын,
Шалыс уйқас десе болар бул жағын,
Айтқан екен шала саўат бир молла,
"Әлҳамдулла, енди келди "тыржағун"...
*
Уст
азың Мәтеке Жуманазаров,
Лаққылардың сәрдары ма, бейиште,
Жақсымбайлар "ўа-ҳа-ҳа" дан газ алып,
Рәм шайыр үлес қосар бул иске.
*
Исм
амут жораң жоқ, ал Айман аға,
Жетпис жасты артқа салды еңсерип,
Өзиңди сорағлап бул алтын жаға..
Дузлы шаңды жутып атыр теңселип
*
Әми
ўге "шай алқас"--химикат қосып,
Аралымның ақ шабағын ширитти,
Шалқар теңиз, Жәйҳун дәрьядан қашып,
Теңизди қуртқанлар шуўлап жүрипти.
*
Ҳәз
ил айтқаныңда обком иниңе,
Жаяў таслап кетти қула далаға,
Ўәжсиз ўәкиллердиң тийип жинине,
Ҳәким еттиң, "Мазарыстан-қалаға"
*
Ўақ
тында сөзиңди қағып ала алмай,
Орны толмас өкиниште қалыппыз,
Қолда бардың қәдирин бир биле алмай,
Бәрҳә бармақ тислеп жүрген халықпыз.
*
Бул
халықты өзиң жақсы билесең,
Турым бий, Айдос бий, Ережеп баба,
Өмирбектен озып өтип еле сен,
Тарийхқа киресең Палўанияз аға.

ӘСКЕРБАЙ ӘЖИНИЯЗОВ

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#Байтерек_тулғалар

Өзбекстан Қаҳарманы, педагог марҳум Алланияз Өтениязовты еслеў.

Алланияз Өтениязов пенен 1986-жылы Нөкис районы Саманбай АПЖ Тарлы бөлиминдеги Даўлетбийке кемпирдиң үйинде верендасының гербишин өзи қуйып, тырнағын салып, өрип атырғанда таныстым. Соң 1990-1995-жыллары районлық ХББде шет тиллер пәнлери методисти болып ислеген пайытымда Алланияз аға менен бирге ислесиўиме туўра келди. Сол ўақытлары аўыллық жерлерде шет тилин оқытатуғын қәниге оқытыўшылардың жетиспеўшилигинен Алланияз аға Өтениязов еки мектепте балаларға инглис тили пәнинен сабақ берер еди. Бир мектеп пенен екинши мектептиң арасы 7-10 км қашықлықта, әне усы аралықты қыстың қарлы-боранлы, жаздың ыссысында жаяў жүрип ҳәм айлық ис ҳақысынан жыйнап Екинши дүнья жүзлик урысында перзентлери қаза болған кемпир-ғаррыларға, жетим-жесирлерге жай (баспана)салып бергениниң гүўасы болдым. Қайыр-сақаўатлық ислери менен бирге педагогикалық жумысларында айрықша атқарып барды.1991-жылы сол ўақыттағы Нөкис районлық ХББне қараслы 4-санлы мектепте инглис тили пәнинен "Ашық сабақ" өтип, өз тәжрийбелери менен район шет тиллер метод бирлеспеси ағзалары менен ортақласып, инглис тилин оқытыўдың усылларын көрсетип берди. Ол қай жерде болсада адамгершилик, меҳр-ақыбет, мүриўбетшиликти үгит-нәсиятлап жүрди.

Алланияз аға! Сөзди қалай баслайын?
Хызметиңди хатқа жазып руўхыңды хошлайын,
Жетим-жесир, Ана көрсеңиз жалғыз.
Өтип кетпедиңиз ҳал сорамай ҳәргиз.

Аянбастан қол көмегин бердиңиз,
Болмағанда тил жәрдемин бердиңиз,
Тәрбиялап халқымыздың ул-қызын,
Инглис тилинен сабақ бердиңиз.

"Жақсыдан бағ қалар"- деген халықта,
Бағ қалыпты Сизден де аўылда,
"Меҳрийбанлық үйи"ндеги балалар,
Қуўанады жемис пискен ўақытта.

Айта берсем ислериңди әзел бастан,
Хызметиң мол айтарлықтай, елге дәстан,
Салып мектеп, бақша ылай, тастан,
Жаслар билим алып атыр.


©️Нурмағанбет Тоимбетов
📅 Ақманғыт, 2010-жыл


линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#Байтерек_тулғалар

Өзбекстан Қаҳарманы, педагог марҳум Алланияз Өтениязовты еслеў.


#JalmenovaS_sorawlari

📌Жуўап: Тымсал

Тымсал жанрындағы шығармалары менен көбирек белгили.

✅Бахыт Раманова, Азамат Еркжепов, Кеңесбай аға, Бердах, Даўыт Халекеев ҳәм жуўап жазыўда белсенди болғанлар👏


#JalmenovaS_sorawlari

📌Сораў: Атақлы француз жазыўшысы Жан де Лефонтенниң әкеси Франция тоғай басқармасында ислеген ҳәм кишкене Жанның балалығы тәбият қойнында өткен.
Жан де Лефонтен қайсы жанрда қәлем тербеткен?

Googleдан қарамағайлы, ал яқшы ма. Логика мн табың)

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#JalmenovaS_sorawlari

📌Жуўап: Олар адамларды кеш қараңғы түскенде үйине шекем жеткизип қоятуғын болған яғный қолындағы масаласы менен.
Ал, ай жарық түнлерде оларға талап күшли болмаған. Сол ушын "айды ғарғаўшылар" деп те айтқан
.

🍀Shahzoda Allamuratova апамыз👍
Baxit, Даўыт Халекеев, Кеңесбай аға ҳәм жуўапта белсенди болғанлар👏


линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#JalmenovaS_sorawlari

📌Сораў: XVIII әсирде Лондонда масалашылық (от) кәсиби бар болған. Олар халыққа пуллы хызмет көрсеткен. Оларды "айды ғарғаўшылар" деп те атайтуғын болған.
Олар адамларға қандай хызмет көрсеткен?

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#JalmeovaS_sorawlari

📌Жуўап: Мийманларды қорқытып жибермеў ушын.


Логикалық түсиник: Бөлмелеринде уйықлап атырған, дем алып отырған, компта жумыс ислеп отырған мийманлар күтилмегенде айнадан биреўлердиң сүлдерин көрип қорқып кете берген. Олар уры, басқыншы ямаса көзиме көринип тур деп ойлап шоршып кеткен. Улыўма айна тазалаўшы келди деп ойламаған.
Мийманхана администрациясына усы бойынша көп шағымлар түскен. Сөйтип олар машқаланы усылай шешкен.
(*Бул Шератон мийманханасы)

✅Кеңесбай аға, Базархан Салиева, Азамат Ережепов, Гүлназ ҳәм жуўапта белсенди болғанлар👏

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#JalmenovaS_sorawlari

📌Сораў: Шанхайдағы мийманханалардың биринде айна жуўыўшылардың жумыс формасы "Өрмекши адам" етип белгиленген.
Не ушын айна жуўыўшылар жумыс ўақтында өзиниң кийимлеринде емес "Өрмекши адам"ның формасын кийеди?

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


СҮЎРЕТ АЛЬБОМЫНА

Жыллар ушар бизди баслап илгери,
Көз әйнекли қарт ийең бир күнлери.
Сени көрип кетик тисин кекшийтип,
Қызық-аў сол жас баладай күлгени.

Тентек жаслық өтер-кетер жулқынып,
Биз турамыз изден қарап қылғынып.
Мөлдир булақ жағасында ырғалған,
Гүлдей сонда сен жатарсаң қулпырып.

Сарғыш тартқан сүўретлериң бир қатар,
Қыраў шалған басымды да ырғатар.
«Сениң неге тисиң кетик, шашың ақ,
Айтшы, ата?» деп ақлығым тил қатар.

Жуўап таппай гибиртиклеп мен сонда,
Дермен: «қантты көп жегенмен жасымда»
Ҳәм ишимнен оған тилек тилермен:
«Қартайыў, балам, несип болсын саған да».

📝Ибрайым Юсупов

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


ТИЛЕЎБЕРГЕН ЖУМАМУРАТОВ Төртликлер

***Адам келер-кетер дүркин ҳәм дүркин,
Жүрек қыймақ емес дүньяның көркин.
Улықмандай мың жыл өмир сүрсең де,
Соның аржағында бар тағы бир күн. 

*** Адам бойы аласа деп тарыспа,
Пил де оннан артып түспес алысқа.
Кип-кишкене баланың да қыялы,
Айдан өтип, барып қайтар Марсқа.

*** Ақмақ бәрҳа ақыллыны күйдирер,
Пышық болып тырнақларын тийдирер.
Оның ушын өкпелеўге орын жоқ,
Жақсыға да, жаманға да ийт үрер.

*** Атақ-абырой - даўыллардың қуйыны,
Өрлейберсең жыйналады жыйыны.
Мүлгип жатсаң көрсетпейди қарасын,
Сондай оның сақлаўының қыйыны.

*** Биреў ойлар, гәўҳар бар деп түсинде,
Биреў ойлар, полат бар деп күшинде.
Өзин қоян санайтуғын адам жоқ,
Арыслан жатыр ҳәр жүректиң ишинде.


линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
ТВ А Н О Н С

көрсетиўи
02.01.2025
саат 20:50

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#Сораў_қоржынаннан

📌Жуўап: ПЕГАС.

📖Йош тулпары—Пегас асаў ат екен,
Оны услаў қатты машақат екен.
Несип етип мине қойсаң бирақта,
Жаныўар, шабысы кәрамат екен.
📝И.Юсупов

Пегас-грек мифологиясында дөретиўшилик йоштың қанатлы тулпары

✅Кеңесбай аға жуўабыңыз дурыс👏

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#Сораў_қоржынаннан

📌Сораў: Жазыўшы Дик Френсис шабандозлар шаңарағынан шыққан. Ол урыс дәўиринде әскерий хызметте лётчик болып хызмет еткен.
Сораў: Ол өз самолётына қандай ат қойған?


линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#JalmenovaS_sorawlari

📌Жуўап: Ҳаял/Қатын.

Ҳәм ҳаялым да артық.

Логикалық түсиник: Әлийшер Наўайы тақ өткен(үйленбеген).

✅Азамат Ережепов, Ербол Ерниязов👏

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#JalmenovaS_sorawlari

Наўайыға уқсаў ушын,
Пәрден қәлем жондырдым.
Шапан кийдим сәл узын,
Басыма сәлле қондырдым.
Сатып алдым бир жуп шам,
Ўәзирге сай пәр көпшик.
Енди талант ғана кем
Ҳәм ...... артық.

{Өзбекшеден қарақалпакшалаған С. Жәлменова}

📌Сораў: Шайыр Әнўар Абиджан қәлемине тийисли бул қатардағы артықшылық етип турған ОНЫ айтың.


линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#Сораў_қоржынаннан

📌Жуўап: ...мен аўқатты қолда жеймен. Мениң қолым өзимнен басқаның аўзына кирмеген, сениң қасығың нешше адамның аўзына кирип шыққан, - деп ҳәзил-шыны аралас жуўап берипти.

Жазыўшы С. Ахмад сондай қуўақы, ҳәзилкеш адам болған.

✅Нийетулла Қалжанов ҳәм жуўапта белсенди болғанлар👏


линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#Сораў_қоржынаннан

📌Сораў: Шадман Атабектиң "Дурман ҳангомалари/Дурман ҳәзиллери" китабында еске түсириўинше, Жазыўшы Саид Ахмад басшылығында бир топар дөретиўшилер мийманға барыпты, дастурханға палаў тартылыпты. Бир жас жазыўшы -палаўды қасық пенен жеймен, қолда жеў гигиенаға туўры келмейди,- дейди.
Сонда устаз Саид Ахмад оған қолда аўқат жеў логикалық жақтан гигиенаға көбирек туўры келетуғынын түсиндирип берипти.

Қалайынша?


линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#Сораў_қоржынаннан

📌Жуўап: Көзи әззилер адасып кетпеў ушын.
Көззи әззилер еркек яки ҳаял адамның даўысын еситип қайсы линияда баратырғанын билетуғын болған.

✅Бахыт Раманова ҳәм жуўап жазыўда белсенди болғанлар👏

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери


#Сораў_қоржынаннан

📌Сораў: Москва метросында линиялардың биреўиндеги дағазаларды еркек адам, ал екинши қарама қарсы линиядагы дағазаны ҳаял адам хабарлап турады екен. Сораў не ушын екеўинде еки түрли?

линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери

Показано 20 последних публикаций.