#Байтерек_тулғалар
Өзбекстан Қаҳарманы, педагог марҳум Алланияз Өтениязовты еслеў.
Алланияз Өтениязов пенен 1986-жылы Нөкис районы Саманбай АПЖ Тарлы бөлиминдеги Даўлетбийке кемпирдиң үйинде верендасының гербишин өзи қуйып, тырнағын салып, өрип атырғанда таныстым. Соң 1990-1995-жыллары районлық ХББде шет тиллер пәнлери методисти болып ислеген пайытымда Алланияз аға менен бирге ислесиўиме туўра келди. Сол ўақытлары аўыллық жерлерде шет тилин оқытатуғын қәниге оқытыўшылардың жетиспеўшилигинен Алланияз аға Өтениязов еки мектепте балаларға инглис тили пәнинен сабақ берер еди. Бир мектеп пенен екинши мектептиң арасы 7-10 км қашықлықта, әне усы аралықты қыстың қарлы-боранлы, жаздың ыссысында жаяў жүрип ҳәм айлық ис ҳақысынан жыйнап Екинши дүнья жүзлик урысында перзентлери қаза болған кемпир-ғаррыларға, жетим-жесирлерге жай (баспана)салып бергениниң гүўасы болдым. Қайыр-сақаўатлық ислери менен бирге педагогикалық жумысларында айрықша атқарып барды.1991-жылы сол ўақыттағы Нөкис районлық ХББне қараслы 4-санлы мектепте инглис тили пәнинен "Ашық сабақ" өтип, өз тәжрийбелери менен район шет тиллер метод бирлеспеси ағзалары менен ортақласып, инглис тилин оқытыўдың усылларын көрсетип берди. Ол қай жерде болсада адамгершилик, меҳр-ақыбет, мүриўбетшиликти үгит-нәсиятлап жүрди.
Алланияз аға! Сөзди қалай баслайын?
Хызметиңди хатқа жазып руўхыңды хошлайын,
Жетим-жесир, Ана көрсеңиз жалғыз.
Өтип кетпедиңиз ҳал сорамай ҳәргиз.
Аянбастан қол көмегин бердиңиз,
Болмағанда тил жәрдемин бердиңиз,
Тәрбиялап халқымыздың ул-қызын,
Инглис тилинен сабақ бердиңиз.
"Жақсыдан бағ қалар"- деген халықта,
Бағ қалыпты Сизден де аўылда,
"Меҳрийбанлық үйи"ндеги балалар,
Қуўанады жемис пискен ўақытта.
Айта берсем ислериңди әзел бастан,
Хызметиң мол айтарлықтай, елге дәстан,
Салып мектеп, бақша ылай, тастан,
Жаслар билим алып атыр.
©️Нурмағанбет Тоимбетов
📅 Ақманғыт, 2010-жыл
линк: https://t.me/+Tr8-pc5tsI5mNzky
🌳канал: Қарақалпақ Байтереклери