Қарақалпақ мәденияты ҳәм көркем өнери аўыр жоғалтыўға ушырады. Усы жылдың 23-январь күни Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, белгили драматург, сценарист Полатбай Айтмуратов 64 жасында қайтыс болды.
Актёр ҳәм режиссёр, драматург, сценарист, қәбилетли ҳәм талапшаӊ басшы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери Полатбай Айтмуратов 1961-жылы 23-январьда Шымбай районында туўылды. Орта мектепти питкергеннен соӊ 1978–1982-жыллары Ташкент театр ҳәм сүўретлеў институтында актёрлық шеберлигинен тәлим алып, театр тараўындағы дәслепки мийнет жолын ҳәзирги Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында актёр болып ислеўден баслады.
Ол мийнет жолы даўамында 1985–1986-жыллары Бозатаў районлық мәденият бөлими директоры, 1987–1988-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги репертуар бөлими хаткери, 1993–1999-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры директоры, 1999–2000-жыллары Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театры директоры, 2000–2003-жылларда Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министриниң орынбасары, 2003–2017-жылларда Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театры директоры, 2017–2018-жыллары Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри, 2018-2022-жыллары Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында директор болып иследи.
Дерлик 40 жылдан аслам ўақыттан берли халқымыздыӊ мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыўға, әсиресе, қарақалпақ театр өнериниӊ раўажланыўына өзиниӊ күш-ғайратын аянбай жумсап, мүнәсип үлес қосқан П.Айтмуратов мәдений мәкемелерге басшылық етиў менен бирге драматургия саласында да белсенди қәлем тербетти. Оның қәлеминен дөреген «Сүйинши», «Ойнақлаған от басар», «Дәслепки муҳаббат», «Атам айтқан әпсана», «Шайтанныӊ наласы», «Аўылға қайтыў», «Устаз тәғдири», «Уллы Жипек жолы» ҳ.т.б. да пьесалары мәмлекетлик театрларымызда сахналастырылып, тамашагөйлер кеўлинен терең орын алды. Оның пьссалары өзбек тилине де аўдарылып, сахналастырылды, республикамыз ҳәм халықаралық көлемдеги театр фестивальларында сыйлы орынлар, Гран при жеңимпазы болды.
П.Айтмуратов тек ғана сахналық шығармалар жазып қоймастан, телевидение ушын да сценарийлер жазды ҳәм олар «Аталар сөзи - ақыл», «Өмир сабақлары» атлы телефильмлерде эфирге берип барылды. Қарақалпақ киноиндустриясында дәслепки «Бир достыӊ болсын» атлы көп сериалы фильм сүўретке алынып, П.Айтмуратов қәлемине тийисли бул сериал халқымыз тәрепинен унамлы күтип алынды. Оның 2014-жылы «Талаплыға нур жаўар», 2020-жылы «Бир достың болсын», 2021-жылы «Алпыс асқар» атлы китаплары баспадын шықты. П.Айтмуратов сахналық шығармалар, киносценарийлер жазыў менен бирге көп жыллар Республикамызда өткерилген “Ғәрезсизлик, “Наўрыз” ҳәм басқа да мәмлекетлик илажлардың сценарий авторы болды.
П.Айтмуратовтың елимиз мәденияты ҳәм көркем өнерин раўажландырыў жолындағы пидәкерлик мийнетлери мүнәсип баҳаланып 1994-жылы Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сыйлығының лауреаты, 2003-жылы «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери», 2021-жылы «Мәденият ҳәм көркем өнер пидайысы» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Кеңпейил инсан, ҳүрметли устаз, меҳрийбан әке, сүйикли өмирлик жолдас, садық дос, талантлы драматург Полатбай Айтмуратовтың жарқын естелиги ядымызда мәңги сақланып қалады.
Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги жәмәәти
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал