❓Медицина хызметкерлерине қандай үстемелер төленеди?
✅ Медицина мәкемелерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қоры ҳаққындағы режеге (16.01.2023-жыл, дизим саны 3416) муўапық медицина хызметкерлерине материаллық хошаметлеўдиң төмендеги түрлери төленеди:
🔹жоқары қәнигели, айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ислеп атырған медицина және фармацевтика хызметкерлерине лаўазым айлығының 100% шекем ҳәм басқа хызметкерлерге 75% ке шекем айлық үстемелер;
🔹жаңадан жумыс ислеп баслаған жас шыпакерлерге 1 млн сумға шекем арнаўлы айлық үстемелер;
🔹шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақтын саат 20:00 ге шекем создырыўдың есабынан екинши сменада ислейтуғын шыпакер ҳәм мийрибийкелерге лаўазым айлығының 30% шекем қосымша айлық үстемелер;
🔹медицина мәкемелериниң барлық хызметкерлерине кәсиплик ҳәм басқа байрамларда берилетуғын хошаметлеў пуллары, сондай-ақ материаллық жәрдем пуллары.
📊 Айлық үстемелер хызметкерлердиң жумысын 100 баллық рейтинг баҳалаў системасы тийкарында әмелге асырылады.
🔰 Бунда 75 балдан 100 балға шекем топлаған медицина хызметкерлериниң айлығына төмендеги тәртипте үстемелер белгиленеди:
🔸75 балдан 84 балға шекем топласа айлығының 50% шекем;
🔸85 балдан 94 балға шекем топласа айлығының 75% шекем;
🔸95 балдан 100 балға шекем топласа айлығының 100% шекем.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!