XALÍQ USHÍN ⚖️


Гео и язык канала: Узбекистан, Русский
Категория: Право


Соңғы нызамлар, қарарлар, ҳуқық тараўына байланыслы жаңалықлар
Хабарласыў: @trillion_uzb
Est. 10.04.2020.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Русский
Категория
Право
Статистика
Фильтр публикаций


⚡️Енди транспортты биринши рет мәс ҳалда басқарғанларға 15 млн жәрийма салынып, «права»сы 3 жылға «лишён» болады, буннан кейин және қайталаса, 3 жылға шекем еркинен айырылыўы мүмкин

❗️Қабыл етилген таза Нызамға көре, енди мәс адам рульге отырса, айдаўшылық ҳуқықынан бирден үш жылға айырылады. Алдын бир ярым жылдан 3 жылға шекем еди. Жәрийма муғдары болса 15 млн сум (БЕМниң 40 есеси) болды.

‼️Енди мәс ҳалда машина басқарып, ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылғаннан соң, және мәс ҳалда рульге отырса, бул пуқара жынайый жуўапкершиликке тартылады. Онда үш жылға шекем айдаўшылық ҳуқықынан айырыў, еки жылдан үш жылға шекем мийнет пенен дүзетиў жумысларына ямаса еркинен айырыўға тартылыўы мүмкин.

☝️Нызам күшке кирди.

⚠️Ҳүрметли ўатанласлар, мәс ҳалда рульге отырып, өзиңиздиң ҳәм басқалардың өмирин қәўип астына қоймаң!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


⚡️Енди пуқараларға субсидиялардың орнына ссуда (қарыз) бериў системасы жолға қойылады

❗️Президенттиң 18.02.2025-жылдағы ПҚ-64-санлы қарарына тийкар:

✔️халықты исбилерменликке тартыў, айланба қаржылар менен тәмийинлеў ҳәм Социаллық қорғаў бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақлар ағзаларына өз искерлигин баслаў ушын зәрүр болған әсбап-үскенелерни сатып алыўы ушын ажыратылатуғын субсидиялар орнына процентсиз ссуда (қарыз) ажыратыў системасы енгизиледи.

✔️халық арасында қызығыўшылық болмаған, көптен бери пайдаланылмай атырған ҳәм нәтийжелилиги төмен болған субсидияларды бийкар етиледи ҳәм бир-бирин қайталаўшы субсидияларды бирлестириледи;

✔️мәканлардың қәнигелестирилиўи ҳәм драйвер бағдарлардан келип шығып, кәмбағал шаңарақларға исбилерменлик ҳәм дийқаншылық пенен шуғылланыўы ушын грант ҳәм процентсиз ссудалар ажыратыў жолға қойылады.

☝️Мағлыўмат ретинде, субсидия бул қайтарып берилмейтуғын мақсетли қаржы болса, ссудақайтарыў шәрти менен ўақытша берилетуғын қаржы.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


Сатып алынған затты нуқсаны болмаса да басқасына алмастырып алыўға бола ма?

✅ Министрлер Кабинетиниң 13.02.2003-жылдағы 75-санлы қарарына тийкар, пуқара сатып алынған нуқсаны болмаған азық-аўкат емес затты 10 күнниң ишинде (егер сатыўшы оннан көбирек мүддет белгилемеген болса) тап сондай өлшем, форма, габарит, фасон, реңдеги ямаса комплектациядағы затқа алмастырып алыўға ҳақы бар.

❗️Сатып алынған затты алмастырыў ушын оннан пайдаланылмаған, ҳеш бир жерине зыян тиймеген, ыдысы пүтин, барлық қәсийетлери сақланған ҳәм чеклери және ҳүжжетлери болыўы керек.

🔄 Егер сатып алынған заттың баҳасы алмастырылып атырған заттың баҳасынан парық қылса есап-санақ қылынады. Яғный сатып алынған зат қымбат болса, сатыўшы оның үстиндеги пулын қайтарып береди, ал арзан болса, пуқара сатыўшыға оның парқын төлейди.

⚠️ Алмастырыў ушын сатыўшыда пуқара қәлеген түрдеги зат болмаса, пуқара сатып алынған затты сатыўшыға қайтарып берип, зат ушын төлеген пулын толық қайтарып алыўға ҳақылы.

☝️Бирақ
, мына https://lex.uz/docs/243235#466758 дизимде көрсетилген затларды сатып алғаннан кейин алмастырыў мүмкин емес.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


❗️Tek 3 kún! Búginnen Texnikalerge idea'da "ZOR BAHALAR" baslandı

🔻 43" Smart Tv249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Honor X8c (6/128) - 258 250 sumnan 12 ayǵa
🔻 Loretto 6kg – 249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Ferre (275) Sovitkichi – 249 916 sumnan 12 ayǵa

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

*Asıǵıń! Akciya 21-22-23-fevral kúnleri bolıp ótedi.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz


💰Қамақтан жазасын атқарып шыққан пуқараларға бизнес баслаў ушын 11,5 млн сумға шекем субсидия бериледи

✅ Президенттиң 18.02.2025-жылдағы ПҚ-64-санлы қарарына тийкар, еркинен айырыў орынларында жазасын атқарып шыққан пуқараларға исбилерменлик, скульпторлық, өнерментшилик сыяқлы бағдарлардағы анық жойбарларды әмелге асырыў ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 10 есесине шекемги муғдардағы субсидиялар ажыратылады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


❗️“Не ушын?” сораўының әҳмийети үлкен

Ибрайым Юсуповтың “Шортанымдай аңқылдақлаў халықпан” дегениндей, халқымыз сада ҳәм ақ көкирек, бирақ кең пейил ҳәм ҳақгөй халық. Соның ушын да, басқа халықлар ўәкиллери қарақалпақларды ҳүрмет етеди.

Биз бенен бирге ислесиўши @yurist_jardemi топарында ямаса өзиме жазылып атырған сораўларды оқып айырым пуқараларымыз елеге шекем мәмлекетлик уйымлардан “Болмайды” деген жуўапты алып индемей кетебереди екен деген жуўмаққа келдик.

“Неге болмайды? Қайсы нызамның қайсы статьясына тийкарланып бундай деп атырсыз?” деп неге сорамайды. Буның ушын пуқаралардың ҳәр дайым ҳақы бар.

Бул мәселеде Конституция да, нызамлар да, басқа норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер де пуқараның тәрепинде. Ҳәттеки, жынаят ислегенликте айыпланып атырған пуқара өзиниң айыпсыз екенин дәлиллеўге мәжбүр емес. Керисинше, тергеў уйымлары ол пуқараның айыплы екенин дәлиллеўи керек.

Ҳүрметли пуқаралар, соның ушын сиз қайсы мәмлекетлик мәкемеге, мәканкомға ямаса шөлкемге жумысыңыз түсип, олардан кери жуўап алсаңыз, сол ўақытта ҳәм сол жерде “Не ушын?” деген сораўды бериң, ҳәр бир гәпин нызам менен тийкарлап бериўин талап етиң!

Ал, оннан кейин олар гәпин анық нызам ямаса норматив-ҳуқықый ҳүжжеттиң статьялары (бәнтлери) менен тастыйықласа, Бизден соның дурыс ямаса қәтелигин сораўыңыз мүмкин.

Бәрқулла усындай жол тутсаңыз, бир тәрептен Сизлердиң мәселеңиздиң шешилиўи аңсатласады ҳәм екинши тәрептен мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери өзиниң үстинде көбирек ислеўге ҳәрекет етеди.

Ҳуқықый саўатлылық усыннан басланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


❓Енди мийнет дем алысына шыққан хызметкерлерге екшемби күни ушын ҳақы төленбей ме?

Көплеген додалаўларға себеп болып атырған темаға байланыслы сораў-жуўаплар болыпты. Жақсылап көрип шығыўды усыныс етемиз.

Видео

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


❓Бала асырап алған хызметкер «декрет»ке шыға алама?

✅ Мийнет кодексиниң 406-статьясына муўапық, жаңа туўылған баланы перзентликке алған ямаса оған қәўендер етип белгиленген хызметкерге социаллық дем алыс бериледи.

📆 Бул дем алыстың мүддети бала асырап алынған күннен басланып бала туўылған күннен баслап 56 календарь күн жуўмақланғанға шекем белгиленеди.

💰Хызметкерге усы дем алыс ўақты ушын орташа айлығының 100% муғдарында (егер хызметкер 12 айдан аз ислеген болса 75%) напақа төленеди.

🚼 Бала асырап алған ямаса қәўендерликке алған хызметкерге оның жазба арзасына тийкар, бала 2 жасқа толғанға шекем напақа төленетуғын ҳәм 3 жасқа шекем напақа төленбейтуғын социаллық дем алыс бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


Хызметкердиң разылығысыз айлықтан услап қалыныўы мүмкин бе?

❗️Улыўма тәртипке бола, айлықтан хызметкердиң разылығысыз усланыўы мүмкин емес.

☝️Бирақ, төмендеги жағдайларда айлығынан услап қалыў ушын хызметкердиң разылығы шәрт емес:

🔸салықлар ҳәм мәмлекетлик мәжбүрий төлемлерди өндириў ушын;

🔸суд қарарларын, басқа орынлаў ҳүжжетлерин ҳәм ўәкилликли уйымлардың нызамлы талапларын орынлаў ушын;

🔸алдын ала төленген авансты (хызметкердиң хожалық мүтәжликлери ушын алынған ямаса хызмет сапарында ислетилмеген артықша пул ҳ.т.б.) ямаса есап-китаптағы қәтелик себепли артықша төленген пулларды қайтарыў ушын;

🔸хызметкердиң жумыс бериўшиге келтирген зыянын қаплаў ушын, егер зыян муғдары хызметкердиң орташа айлығынан көп болмаса;

🔸жумыс орнында тәртипти бузғаны ушын орташа айлығының 30% муғдарында салынған жәрийманы өндириў ушын;

🔸хызметкер қайсы жыл ушын мийнет дем алысын толық алған болса, сол жыл тамамланғанға шекем мийнет шәртнамасы бийкар етилгенде мийнет дем алысының ислеп берилмеген күнлери ушын.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉
@XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


❗️TEK ǵana 3 Kún! Xalqımız ushın "ZOR BAHALAR" ideáda boladı:

🔻 43" Smart Tv249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Honor X8c (6/128) - 258 250 sumnan 12 ayǵa
🔻 Loretto 6kg – 249 916 sumnan 12 ayǵa
🔻 Ferre (275) xolodilnigi – 249 916 sumnan 12 ayǵa

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

*Asıǵıń! Akciya 21-22-23-fevral kúnleri bolıp ótedi.

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz


⚡️Ҳаял-қызлар күни байрамы қарсаңында 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар 3 күн қатар дем алады

🗓 Быйыл 8-март - Ҳаял-қызлар күни байрамы ҳәптениң шемби күнине туўра келеди.

🔄 Мийнет кодексине бола, дем алыс күни жумыс исленбейтуғын байрам күнине туўры келген жағдайда, дем алыс күни байрамнан кейинги жумыс күнине көшириледи.

✅ Соған тийкар, байрам алдында бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер төмендеги күнлерде дем алады:

8-март, шемби - байрам күни, дем алыс күни;
9-март, екшемби - дем алыс күни;
10-март, дүйшемби - қосымша дем алыс күни.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


💰8-март күни мүнәсибети менен еркек хызметкерлерге де “премиальный” бериўге бола ма?

Аўа, әлбетте мүмкин. Бул кәрхананың ишки локал ҳүжжетлерине байланыслы.

📑 Себеби, МК 67-статьясына муўапық, жәмәәтлик шәртнаманың мазмунын ҳәм дүзилиўин оның тәреплери белгилейди.

💸Мысалы, кәрхананың жәмәәтлик шәртнамасында жумыс бериўши тәрепинен белгиленген тәртипте тастыйықланған сметаларға муўапық хызметкерлерге Мийнет кодексиниң 208-статьясында нәзерде тутылған байрамлар мүнәсибети менен сыйлықлаў қолланылады деп жазылған болса, 9 байрам (исленбейтуғын) күнлер (оның қатарында 8-март күни де бар) мүнәсибети менен барлық хызметкерлер ушын (жынысына қарамастан) сыйлықлаў қолланылады.

❗️Егер жумыс бериўши бул миннетлемелерди орынламаса, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясы бойынша жуўапкершиликке тартыўға себеп болады.

☝️Гәптиң қысқасын айтқанда, егер кәрхананың ишки локал ҳүжжетлеринде Мийнет кодексиниң 208-статьясында нәзерде тутылған байрамлар мүнәсибети менен сыйлықлаў (пермиальный) қолланылады деп жазылған болса, еркек хызметкерлер ушын да 8-март байрамы мүнәсибети менен “пермиальный” берилиўи керек.

✅ Демек, еркеклерге бул “премиальный”ды бериў ушын нызамлы тийкар да, себеп те бар
.

💰Себеби усы күн мүнәсибети менен еркеклерге өзлериниң апаларын, аналарын, әжапа-қарындасларын, қызларын, ағайин ҳәм кәсиплес ҳаял-қызларды қутлықлаўы ушын қәрежет керек.

💵 Сонлықтан, жумыс бериўшилерден еркек хызметкерлерине усы “премиальный”ды бериўин сораймыз!

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


YouTube’тағы Қара шай каналының жаңа саны шықты!

Жойбардың бул саны сиз ушын қызық болатыны анық!
Неге дейсиз бе? Cебеби бул санда Паркенттиң таўлы жерлеринде қарақалпақлардың миллий аўқаты жуўери гүртиктиң таярланыўын көресиз.

Төмендеги силтеме арқалы тезлик пенен видеоның толығын көриң.

https://www.youtube.com/watch?v=nKfIy4GhpwU


⚡️Қыйтақ жерин қараўсыз қалдырған пуқаралар үш есе көп салық төлейди

❗️Халықтың қыйтақ жерлери ҳәм ижараға берилген жер майданларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша ҳәким жәрдемшиси тәрепинен ҳәр шеректе үйрениў алып барылады.

✅ Үйрениў даўамында үйдеги қыйтақ жер ҳәм ижараға алынған жерлерде егин егилмеген ҳәм қараўсыз қалдырылған болса төмендеги илажлар қолланылады:

1. Жеңиллетилген кредитлер ажыратылмайды.

2. Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестрине киргизилген пуқаралар ушын жәрдемлер (материаллық жәрдем ямаса бала пулы сыяқлы) тоқтатылады.

3. Жер салығы үш есе жоқары муғдарда есапланады.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


Репост из: СТОП ДИАБЕТ | НО ДИАБЕТ
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
#Албатта_кўринг #Долзарб

Намангандан Ғайратжон акамиз СТОП ДИАБЕТ сабаб қандли диабетдан деярли яхши бўлиб кетдим демоқда!

5 маҳал ИНСУЛИН олиш ва кучли оғриқлардан халос бўлганликлари ҳақида батафсил видеода айтиб бердилар.

Ғайратжон аканинг телеграмлари: @Gayratjon_Toshkentboyev

Видеони қандли диабетдан қийналиб юрган яқинларингизга албатта кўрсатинг.

Ғайратжон ака каби СТОП ДИАБЕТ ичиб юрган одамлар билан гаплашиш учун ушбу гуруҳга қўшилиб олинг:
💬https://t.me/qandli_diabet_muhokama
🔵https://t.me/qandli_diabet_muhokama

Биз билан боғланиш учун:
📲+998(55)503-05-05

Телеграм админ: @diabadminn


#Súyinshi

❗️Búginnen! Smartfonlar idea'da Arzan bahalarda Múddetli tólewge

🔻Redmi Note 14 (6/128) - 129 000 sumnan
🔻HONOR X6b (4/128) - 109 000 sumnan
🔻Redmi 14C (4/128) - 89 000 sumnan
🔻TECNO Spark 30C (4/128) - 89 000 sumnan
🔻TECNO Spark Go1 (3/64) - 69 000 sumnan ayina

☑️ Baslanǵısh tólem - JOQ
☑️ Artıqsha % ler - JOQ
☑️ Kepiller kerek emes - JOQ

Maģlıwmat ushın:
71 230 77 99 

📍Mánzil: Nókis q, Mega Nukus, Ernazar Alakóz kóshesi, 60
📍Mánzil: Qońırat q, Mega Park, Tólegen Aybergenov kóshesi 1/A
📍Mánzil: Beruniy q, Shox Abbos Vali kóshesi (Beruniy Sawda orayi qarama-qarsı tárepi)

SHEGIRMELER | Instagram | Do'konlarimiz


Медицина хызметкерлерине қандай үстемелер төленеди?

Медицина мәкемелерин материаллық хошаметлеў ҳәм раўажландырыў қоры ҳаққындағы режеге (16.01.2023-жыл, дизим саны 3416) муўапық медицина хызметкерлерине материаллық хошаметлеўдиң төмендеги түрлери төленеди:

🔹жоқары қәнигели, айрықша нәтийжеге ерискен, ҳадал ислеп атырған медицина және фармацевтика хызметкерлерине лаўазым айлығының 100% шекем ҳәм басқа хызметкерлерге 75% ке шекем айлық үстемелер;

🔹жаңадан жумыс ислеп баслаған жас шыпакерлерге 1 млн сумға шекем арнаўлы айлық үстемелер;

🔹шаңарақлық шыпакерлик пунктлери, шаңарақлық поликлиникалар ҳәм көп тармақлы орайлық поликлиникаларда күндизги стационар жумыс ўақтын саат 20:00 ге шекем создырыўдың есабынан екинши сменада ислейтуғын шыпакер ҳәм мийрибийкелерге лаўазым айлығының 30% шекем қосымша айлық үстемелер;

🔹медицина мәкемелериниң барлық хызметкерлерине кәсиплик ҳәм басқа байрамларда берилетуғын хошаметлеў пуллары, сондай-ақ материаллық жәрдем пуллары.

📊 Айлық үстемелер хызметкерлердиң жумысын 100 баллық рейтинг баҳалаў системасы тийкарында әмелге асырылады.

🔰 Бунда 75 балдан 100 балға шекем топлаған медицина хызметкерлериниң айлығына төмендеги тәртипте үстемелер белгиленеди:
🔸75 балдан 84 балға шекем топласа айлығының 50% шекем;
🔸85 балдан 94 балға шекем топласа айлығының 75% шекем;
🔸95 балдан 100 балға шекем топласа айлығының 100% шекем.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


⚡️Өзбекстанда жаңа түрдеги финанслық жәрдемлер енгизиледи

Атап айтқанда, еркинликтен айырыў жазасын атқарып болған пуқараларға олар тәрепинен исбилерменлик, қурылыс-архитектура, қол өнершилик сыяқлы бағдарлардағы анық жойбарларды әмелге асырыўы ушын мийнетке ҳақы төлеўдиң ең төмен муғдарының 10 есесине шекемги муғдардағы субсидиялар бериледи.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


⚡️Енди толық мәмлекет тәмийнатындағы балаға ата-анасы тәрепинен төленип атырған алиментти бийкарлаўға яки азайтыўға жол қойылмайды

🚫Президенттиң Пәраманына көре, енди алимент төлеп атырған ата яки ананың материаллық жағдайына қарамастан мәмлекетлик яки мәмлекетлик емес мәкемелердиң толық тәмийнатында болған ер жетпеген балаға төленип атырған алимент муғдарын суд тәрепинен кемейтиўге яки оны алимент төлеўден азат етилмейди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ҳуқықый саўаты ушын!


⚡️Қарақалпақстанда енди "сары аўырыў"ға қарсы емлеў бийпул болады

Ҳәзирге шекем халықтың вируслы гепатит А кеселлигине қарсы емлениўи төлемли тийкарда әмелге асырылған болса, енди бул процесс мәмлекет тәрепинен қаржыландырылады.

Жақында жәрияланған Президент пәрманына бола, Қарақалпақстанда вируслы гепатит А (халық арасында "сары аўырыў" деп аталатуғын кеселлик) профильактикасы ушын вакциналар миллий емлеў кестесине киргизилди. Бул болса Өзбекстан Республикасы бюджети есабынан қаржыландырылады.

Бул жаңалық усы жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасындағы балалар бийпул емленетуғынлығын аңлатады. Бул баслама кеселликтиң алдын алыў, балалардың денсаўлығын беккемлеў ҳәм улыўма санитариялық жағдайды жақсылаўға хызмет етеди.

🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ден саўлығы ушын!

Показано 20 последних публикаций.