⚡️Қарақалпақстанда енди "сары аўырыў"ға қарсы емлеў бийпул болады
Ҳәзирге шекем халықтың вируслы гепатит А кеселлигине қарсы емлениўи төлемли тийкарда әмелге асырылған болса, енди бул процесс мәмлекет тәрепинен қаржыландырылады.
Жақында жәрияланған Президент пәрманына бола, Қарақалпақстанда вируслы гепатит А (халық арасында "сары аўырыў" деп аталатуғын кеселлик) профильактикасы ушын вакциналар миллий емлеў кестесине киргизилди. Бул болса Өзбекстан Республикасы бюджети есабынан қаржыландырылады.
Бул жаңалық усы жылдан баслап Қарақалпақстан Республикасындағы балалар бийпул емленетуғынлығын аңлатады. Бул баслама кеселликтиң алдын алыў, балалардың денсаўлығын беккемлеў ҳәм улыўма санитариялық жағдайды жақсылаўға хызмет етеди.
🔔 Постты жақынларыңызға тарқатың.
👉 @XALIQ_USHIN - халықтың ден саўлығы ушын!