📋 Аллаяр Досназаров (1896-1937) ҳаққында
Аллаяр Досназаров 1896-жылы Шымбай уездиниң «Көк өзек» болыслығында туўылған. 7 жасынан баслап бир байдың падашысы, 9 жасынан Шымбай қаласында саўдагер армянның үинде аспаз, кейин жумыскер болып ислеген. 13 жасқа толғанында Хийўа қаласына келип, Ярославль пахта тазалаў заводында үскенелерди майлаўшы хызметине орналасқан. 17 жасқа толғанында Төрткүл қаласына келип, Әмиўдәрья бөлими баслығының кеңсесинде сипсекеш болып бир жыл ислеген. Кейин Төрткүл балық кәрханасында аспаз, инженерлик жер өлшеў мәкемесинде жумыскер, дәриханада аспаз болып ислеген…
А.Досназаров 1924-жылдың июль айында Орта Азияда миллий мәмлекетлик шегараларды белгилеў мәселеси додаланып атырғанын еситип, қарақалпақ халқына еркин автономия бериў кереклиги ҳаққында баянат жасайды. Оның усынысы есапқа алынып, 1924-жылдың 16-августында миллий территориялық шегараларды белгилеў бойынша Қарақалпақ киши комиссиясы дүзиледи. Досназаров усы комиссияның ағзасы етип тастыйықланады.
Ол Қарақалпақстанның автономия алыў ҳаққындағы жойбарын ислеп шығады. Жойбар 1924-жыл 6-сентябрде Орайлық миллий шегараларды белгилеў комиссиясы тәрепинен қызғын додаланады. Додалаўда биразлар ашықтан-ашық қарсы шығып, «қарақалпақ деген халық жоқ, дәрьяның шеп жағалаўын Өзбекстанға, оң жағалаўын Қазақстанға бериў керек» деп ортаға усыныс таслайды.
Усы мәжилисте Досназаров төрт мәрте шығып сөйлейди.
– Анаў отырған Исламов өзбек болса, мынаў отырған С.Хожанов қазақ болса, онда минберде турып сөйлеп турған мен қарақалпақпан. Демек, усылай екен, қарақалпақ халқы бар, және бәрҳә болабереди – дейди.
Жыйналыс Досназаров усынған жойбарды додалаўға қойыўға мәжбүр болады ҳәм даўыс бериў пайытында утып шығады.
Дерек: Үлкемиздиң әжайып адамлары. М.Нызанов. Нөкис: Билим, 2022. 4-7-бетлер.
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар