⚡️Метан заправкаларға газ жеткерип бериў тоқтатылмайтуғын болыпты
Қарақалпақстандағы бир неше каналларда, сол қатарда Халық ушын каналында “Метан заправкаларға бүгин саат 15:00 ден баслап газ жеткерип бериў тоқтатылған” деген хабарлар жайластырылды.
Бул хабардың тийкарғы дереги “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ мәлимлеме хызметиниң рәсмий Телеграм каналы (https://t.me/hududgaz_Pressa) еди.
Бул хабар рәсмий каналдан өширилгенлиги себепли барлық каналлардан алып тасланды.
Рәсмий каналдың хабар бериўинше, республика тутыныўшыларын тәбийий газ бенен тәмийнлеўши магистрал газ тармағында жүз берген авариялық жағдай сапластырылған.
Сонлықтан, Қарақалпақстан Республикасы аймағындағы барлық автомобиллерге газ қуйыў компрессор шақапшаларына (метан заправкалар) газ жеткерип бериў бурынғысындай даўам еттириледи. Автомобиллерге газ қуйыў шақапшаларының жумысы тоқтатылмайды.
☝️Демек, рәсмий каналдан хабардың өширилгенлиги себеби усы екен.
⚠️ Ҳүрметли “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” ГТФ басшылары, илтимас, қарар қабыл етиў ҳәм оны жәмийетшиликке жәриялаўдан алдын “7 рет өлшеп бир кесиң”. Кейин сиз де сизге исенип хабарды тарқатқан жеке каналлар да “өтирикши” атын алып жүрмейик. Газ мәселеси халық ушын ең биринши дәрежедеги актуал мәселе екенин де ядтан шығармайық!
👉 @XALIQ_USHIN - тек рәсмий ҳәм исенимли мағлыўматлар