#сораў_жуўап
☪ТИК ТУРЫП ТАҒАМ ЖЕЎ
💬 Жуўап: Бисмиллаҳир Роҳманир Роҳийм. Шәриятымызға көре тик турып яки жолда жүрип аўқатланыў макруҳ әмел саналады. Бундай аўқатланыў әдеп-икрамлық қағыйдаларына қайшы келеди. Анас ибн Мәлик ҳәм де Әбиў Саъийд Худрий разыяллаҳу анҳумадан рәўият қылынған ҳәдисте былай делинеди:
✅ "Әлбетте, Пайғамбар саллаллаҳу алайҳи ўа саллам тик турып суў ишиўди қадаған етти (басқа рәўиятта "қайтарды" делинген)", деди. Сонда, Қатода разыяллаҳу анҳу Анас разыяллаҳу анҳуға "Тик турып жеў не?", деп сорады. Анас разыяллаҳу анҳу "Тик турып жеў — тик турып суў ишкеннен де жаманырақ", деп жуўап берди" (Имам Муслим рәўияты).
Ибн Ҳажар Асқаланий өзиниң "Фатҳул Барий" китабында усы ҳәдиске шолыў жасап былай дейди:
"Тик турып тағам жеўди тик турып суў ишиўден жаманырақ екенине себеп — тағам жеўге суў ишиўден көре көбирек ўақыт сарпланады" (10-том, 82-бет).
⏺Демек, зәрүрликсиз тик турған яки жүрген ҳалда тағам жеў, суў ишиўден сақланыў Ислам әдеплерине муўапық есапланады. Ўаллоҳу аълам.
Өзбекстан мусылманлар басқармасы Пәтўа кеңеси
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz
☪ТИК ТУРЫП ТАҒАМ ЖЕЎ
❓857-Сораў: Пайғамбарымыз Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан тик турған ҳалда аўқат жеў ҳаққында ҳәдислер келген бе?