🗣 ЖӘРДЕМГЕ МҮТӘЖ ШАҢАРАҚЛАРҒА МАТЕРИАЛЛЫҚ ЖӘРДЕМЛЕР КӨРСЕТИЛДИ
⏺Қарақалпақстанлы ҳажылар ҳәм имам-хатиблер қәўендерлер кѳмеги менен орынлардағы кем тәмийинленген, бағыўшысынан айрылған ҳәм ѳзгелер жәрдемине мүтәж шаңарақларға материаллық ҳәм әмелий жәрдемлер берип келмекте.
✅ Атап айтсақ, Пайтахтымыз Нѳкис қаласындағы «Жийдели байсын» мәкан пуқаралары жыйынында жасаўшы, жәрдемге мүтәж, бағыўшысынан айрылған шаңарақларды материаллық жақтан тәмийинлеў мақсетинде азық-аўқат ѳнимлери, шаңарақ балалары ушын қысқы кийим-кеншеклер бериў илажы шѳлкемлестирилип, Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты ҳәм «Вақф» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан бѳлими тәрепинен қәўендерлер кѳмеги менен материаллық жәрдемлер берилди. Онда Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты қазысы Б.Разов ушырасып атырған машқалаларды сабырлылық пенен жеңиў, елимизде жаратылып атырған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў мазмунында шаңарақ ағзалары менен сәўбетлести.
✅ Сондай-ақ, Нѳкис қаласы «Сәлмен ийшан» мешити имам-хатиби А.Набатов, Шымбай районы «Юсип ата» мешити имам-хатиби А.Қаражанов, Қоңырат районы «Ҳәким Сулайман» мешити имам-хатиби Р.Умаров, Әмиўдәрья районы «Ноғай ийшан» мешит имам-хатиби У.Қурбаниязовлар жәрдемге мүтәж шаңарақлар ҳалынан хабар алып, оларға азық-аўқатлық ѳнимлери берилди. Қоңырат районы «Молла Исҳақ» мешити имам-хатиби қәўендерлер кѳмеги менен кем тәмийинленген шаңарақтың жайына шифер қағып берди.
💬 Материаллық ҳәм әмелий жәрдемлер кѳрсетилген шаңарақ ағзалары бундай қайырқамлық илаж шѳлкемлестириўшилерине ѳзлериниң миннетдаршылығын билдирди.
😊Қарақалпақстан мусылманлары қазыяты
👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇👇
Бизди социаллық тармақларда бақлап барың!
🥺Телеграм| 🤪Facebook| 🛍Instagram| 😍Youtube
🧐 Интернет сайтымыз: paziylet.uz