#мағлыўмат
ИСРО ҲӘМ МЕРАЖ «
Исро» - Аллаҳ таала Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды түнниң бир бөлегинде Мәккәдағы Масжидул Ҳарамнан Қуддустағы Масжидул Ақсоға сейил қылдырыўы.
Ал, «
Мераж» Аллаҳ таала Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламды Қуддусы шәрийфтен жоқарыға, яғный өзиниң Дәргайына көтерип алып шығыўы.
Исро ҳәм Мераж ўақыясының Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам Пайғамбар болғанынан
кейин, Мәккә дәўиринде, Исламға шақырыў қуўдалаў менен табыс ортасында турған бир пайытта,
ҳижраттан бир жыл алдын, пайғамбарлықтың 13-жылы, робиъул әўўәл айы, дүйшемби күни, 52 жасқа толғанында, ояў ҳалында, руўх ҳәм денеси менен, Жәбрайыл периште менен бирге, Буроқ атлы мөжизалы көликте, түнниң бир белегинде, бир
мәрте жүз бергенин көпшилик уламалар атап өткен.
Мераж мөжизасы Муҳаммад саллаллаҳу алайҳи ўа салламнан баска ҳеш бир пайғамбарға берилмеген.
•┈•┈┈•┈•⊰✿🍃🌺🍃✿⊱•┈•┈┈•┈•
Биз бенен социаллық тармақларда бирге болың!👉
Telegram|
Instagram|
Facebook|
YouTube