❤️ Қарақалпақстан Республикасы гимни
📝 Сөзи: И. Юсупов
🎼 Намасы: Н. Муҳаммеддинов
@sabaqislenbe
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал
📝 Сөзи: И. Юсупов
🎼 Намасы: Н. Муҳаммеддинов
Жайҳун жағасында өскен бай терек,
Түби бир шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.
Нақыраты:
Дийхан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.
Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик, мийнет, билим жеткизер оған,
Халқын бар азамат, дос ҳәм меҳрибан,
Еркин жайнап–жасна, мәнги бол аман.
Нақыраты:
Дийхан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.
@sabaqislenbe
💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал