Нөкис қаласының бас режеси тастыйықланды. Онда еки хәкимшилик орайы шөлкемлестириледи.
📄 Министрлер Кабинетиниң қарары менен Нөкис қаласының бас режеси тастыйықланды. Онда 2040-жылға шекемги дәўирде Нөкис қаласының Нөкис районы аймағына (876 гектар) кеңейиўи есапқа алынған.
Қарарға бола, Нөкис қаласының бас режеси жойбарының тийкарғы шешимлери ҳәм техникалық-экономикалық көрсеткишлери тастыйықланды.
Нөкис қаласында 2040-жылдың ақырына шекем:
Халық санының өсиўи -312,4 мың адамнан 400,0 мың адамға көбейиўи прогноз етилген;
Қаланың аймағы 12 507,0 гектардан 13 383,0 гектарға;
Елатлы пунктиниң турақ жай аймағы – 5 030,0 гектардан 5 486,5 гектарға өзгериўи режелестирилген.
Жаңа бас режеге муўапық қалада еки ҳәкимшилик орай шөлкемлестириледи.
Биринши ҳәкимшилик орай-қаланың бүгинги күндеги ҳәкимшилик орайы есапланып, Ислам Каримов, Әмир Темур ҳәм М.Жуманазаров көшелери кесилиспелери есапланады. Бул орай сақлап қалынады. Онда жайласқан Савицкий музейи, Еслеў майданы, мийманханалар, «IT-парк» дем алыў бағы ҳәм басқа ҳәкимшилик ҳәм хожалық имаратларын қурыў ҳәм қайта оңлаў, ески имаратлардың орнына жаңа ҳәм заманагөй көп қабатлы имаратлар жайластырыў белгиленген.
Екинши ҳәкимшилик орай –қаланың қубла-батыс бөлегин Нөкис районына шығатуғын көшелер ҳәм жойбарлық көшелери кесилиспесинде жайластырылады.
«Нөкис Сити» диң бул орайлары киши ҳәм орта бизнести, банк филиаллары, турақ жай ҳәм жәмәәт имаратларының бизнести басқарыў менен байланыслы объектлерди бирлестиреди ҳәм 7 қабаттан 16 қабатқа шекемги объектлер қурылады.
https://t.me/maman_advokat