МАМАН АДВОКАТ


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Блоги


Сорауларыныз хам пикирлериңизди 👉 @maman_advokatbot жибериң
Тел: 90 700-04-40
Каналда юридикалық мағлыуматлар, жаналықлар хамде адвокаттың жеке пикирлери жазылады.
Пуқаралар хам юридикалық шахсларға шартнама тийкарында юридикалық жардем көрсетиледи.

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Блоги
Статистика
Фильтр публикаций


⚡️Майыплығы болған шахсларға салықлар бойынша белгиленген жеңилликлер

🔰 Салық кодексине бола, I ҳәм II топар майыплығы болған шахсларға төмендеги салықлардан жеңилликлер белгиленген:

🔹Жәми дәраматының 3,15 млн сумлық (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 3 есеси) бөлеги дәрамат салығынан азат етилген;

🔹 Жер салығынан азат етилген;

🔹 Мал-мүлкиниң 60 м.кв. бөлеги мал-мүлк салығынан азат етилген.

☝️Бунда мал-мүлк салығы бойынша жеңиллик майыплығы болған пуқараның атындағы тек бир мал-мүлкке қолланылады.

❗️Жер салығы бойынша жеңиллик майыплығы болған пуқараның таңлаўына қарап тек бир жер участкасына қолланылады.

https://t.me/maman_advokat


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Кимде-ким хуқық хәм инглиз тилин срочно үйрениуди қәлесе оқыу таярлық курсымызда күтип қаламыз.☝️

Таярлық курсына жазылмақшы болғанлар усы 👉91.871-44-44 нөмерге хабарласыңлар.

https://t.me/maman_advokat


Нызамшылыққа бола, интизамий жазаның әмел етиў мүддети ишинде хызметкерге хошаметлеў шаралары, соның ишинде мийнетке ҳақы төлеў системасына кирмейтуғын ҳәм мийнет нәтийжелерине тийкарланбаған сыйлықлар да (байрамлар, соның ишинде, кәсиплик байрамлар, юбилейлер мүнәсибети менен ҳәм т.б.) қолланылмайтуғынлығы белгиленген.

✅Бирақ, мәмлекетлик пуқаралық хызметкериниң интизамий жуўапкершиликке тартылыўы оған хошаметлеў шараларының қолланылыўын бийкар етпейди.

https://t.me/maman_advokat


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Әне жаңалық деген. Қандай заманларға жетип келдик я? Бирақ сондада хәмме айфонға жүгиреди. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat




Нызамшылыққа бола, ўақтынша мийнет етиў ушын сырт елге кетип баратырған пуқаралар ушын плацкарт ҳәм улыўма вагонларға болған темир жол билетлериниң баҳасына 20 пайыз муғдарында шегирмелер берилиўи белгиленген.

https://t.me/maman_advokat


Ишки мийнет интизамы деген не? Оның хуқықый ақыбети қандай?

🔰Нызамшылыққа бола, мийнет интизамы деп барлық хызметкерлердиң мийнет ҳаққындағы нызамшылыққа, жәмәәт келисимлерине, жәмәәт шәртнамаларына, сондай-ақ, ишки мийнет тәртиби қағыйдаларына, басқа ишки ҳүжжетлерге ҳәм мийнет шәртнамасына муўапық белгиленген әдеп-икрамлық қағыйдаларына мәжбүрий бойсыныўы түсиниледи.

📝Интизамый жуўапкершилик хызметкер тәрепинен интизамый қылмыс исленгени ушын пайда болатуғын ҳәм уси хызметкерге интизамый жаза шара қолланылыўында көринетуғын юридикалық жуўапкершилик болип табылады.

📋 Хызметкер тәрепинен интизамый қылмыс исленгени хызметкерди интизамый жуўапкершиликке тартыў ушын тийкар болады.

https://t.me/maman_advokat


Алжаспайтын, өтирик сөйлемейтин адам болмайды. Хеш ким айыпсыз емес. Ондай инсанларға қайтадан имканият бериу керек. Бериледиде. Берилмегенде сыясатшылар тууылармеди деген пикир қара түнде бирден келип қалып, оны сизлерге жеткермекши болдым. Уйқыңызды бузған болсам кешриңлер. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat




Нөкис қаласының бас режеси тастыйықланды. Онда еки хәкимшилик орайы шөлкемлестириледи.

📄 Министрлер Кабинетиниң қарары менен Нөкис қаласының бас режеси тастыйықланды. Онда 2040-жылға шекемги дәўирде Нөкис қаласының Нөкис районы аймағына (876 гектар) кеңейиўи есапқа алынған.

Қарарға бола, Нөкис қаласының бас режеси жойбарының тийкарғы шешимлери ҳәм техникалық-экономикалық көрсеткишлери тастыйықланды.
Нөкис қаласында 2040-жылдың ақырына шекем:

Халық санының өсиўи -312,4 мың адамнан 400,0 мың адамға көбейиўи прогноз етилген;

Қаланың аймағы 12 507,0 гектардан 13 383,0 гектарға;

Елатлы пунктиниң турақ жай аймағы – 5 030,0 гектардан 5 486,5 гектарға өзгериўи режелестирилген.

Жаңа бас режеге муўапық қалада еки ҳәкимшилик орай шөлкемлестириледи.

Биринши ҳәкимшилик орай-қаланың бүгинги күндеги ҳәкимшилик орайы есапланып, Ислам Каримов, Әмир Темур ҳәм М.Жуманазаров көшелери кесилиспелери есапланады. Бул орай сақлап қалынады. Онда жайласқан Савицкий музейи, Еслеў майданы, мийманханалар, «IT-парк» дем алыў бағы ҳәм басқа ҳәкимшилик ҳәм хожалық имаратларын қурыў ҳәм қайта оңлаў, ески имаратлардың орнына жаңа ҳәм заманагөй көп қабатлы имаратлар жайластырыў белгиленген.

Екинши ҳәкимшилик орай –қаланың қубла-батыс бөлегин Нөкис районына шығатуғын көшелер ҳәм жойбарлық көшелери кесилиспесинде жайластырылады.

«Нөкис Сити» диң бул орайлары киши ҳәм орта бизнести, банк филиаллары, турақ жай ҳәм жәмәәт имаратларының бизнести басқарыў менен байланыслы объектлерди бирлестиреди ҳәм 7 қабаттан 16 қабатқа шекемги объектлер қурылады.

https://t.me/maman_advokat


Өзбекстанда крипто-активлер жумысын лицензиялаў баҳалары белгиленди

"Крипто-активлер айланысы тараўындағы хызметлер провайдерлериниң жумысын әмелге асырыўға лицензиялар берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажы муғдарларын белгилеў ҳаққында"ғы буйрық мәмлекетлик дизимнен өткерилди.

Оған бола, крипто-активлер айланысы тараўындағы хызметлер провайдерлериниң жумысын әмелге асырыўға лицензиялар берилгенлиги ушын мәмлекетлик бажының муғдарлары төлеў санында әмелде болған базалық есаплаў муғдарының төмендеги есапта белгиленеди:

➖ крипто-биржа ушын — 73 400;
➖ майнинг-пул ушин — 3 000;
➖ крипто-депозитарий ушын — 7 000;
➖ крипто-дүкән ушын — 3 700.

Р.s. Лицензия алып шуғылланың. Болмаса 3 жылға қамалып кетиуиңиз мүмкин.

https://t.me/maman_advokat


Бүгин фирмамыздың барлық адвокатлары хәм жәрдемшилеримиз менен бирге арқа районға хызмет бабында кеттик. Топарласып, групповой болып жумыс питирдик.

Соның ушын бүгин түстен кейин ушрасыуға офисқа келген пуқаралар менен көрисиу имканияты болмады. Несип қылса ертең офиста боламыз. Келебериңлер.

https://t.me/maman_advokat


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Келиң мен сизлерге хеш ким емеслигимизди дәлиллеп беремен.

https://t.me/maman_advokat


⚡️2025-жылдан баслап шаңарақлық бағшаларға баратуғын кәмбағал шаңарақлардың балалары ушын төлемнен жеңиллик бериледи

✅ Президент Ш.Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрине 2025-жылы кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған 1000 мәканда биреўден шаңарақлық бағшаларды шөлкемлестириў ўазыйпасын жүкледи.

☝️Сондай-ақ, кейинги жылдан баслап шаңарақлық бағшалардағы орынлардың 15 процентине кәмбағал шаңарақлардың балалары қабылланады ҳәм оларға бағша төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи.

https://t.me/maman_advokat


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Сезимге орын жоқ. Дос керек болса ийт бақ. 🫣😁

https://t.me/maman_advokat


⚡️Өзбекстанда “әкелик дем алысы” белгилениўи жобаластырылмақта

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутутлары Мийнет кодексине өзгерис ҳәм қосымша киргизиў ҳаққындағы нызам жойбарын қарап шықпақта.

Нызам жойбарында жумыс ислейтуғын еркеклерге перзентли болғанда, өмирлик жолдасына жәрдем бериў ҳәм перзентлерине қарап турыўы ушын 5 календарь күнлик қысқа мүддетли дем алыс берилиўи нәзерде тутылмақта.

Бунда дем алыс дәўиринде хызметкердиң жумыс орны ҳәм орташа айлық ис ҳақы сақланады.

Депутатлар бул жойбарды үйренип шығып, “әкелик дем алысын” қатаң түрде “5 календарь күн” деп емес, ал “5 календарь күннен кем болмаған муғдарда ” деп белгилениўин усыныс етти.

https://t.me/maman_advokat


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
12 жыллық тәжрийбемде қаншадан-қанша инсанлардың көз алдымда қамақға алынғанлығын көрдим. Олардың хәммесинде айыпкер деп айталмайман. Себеби көпшилигиниң наласы хақыйқый еди.

https://t.me/maman_advokat


«Аўыл хожалығын механизацияластырыў дәрежесин және де арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилиўи менен агротехникалық хызметлерди көрсетиўшилер жер салығы ҳәм мүлк салығын азайтылған ҳалда төлейтуғын болды.

Толық оқыў 👉 https://kknews.uz/223266.html

https://t.me/maman_advokat


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Сондай инсанлар бар Кабаға барыуға уялады. Сондай инсанлар бар Кабаны былғауға уялмайды.

https://t.me/maman_advokat


⚡️Исбилерменликти баслаўды қәлеўши пуқараларға шәртсиз 300 миллион сумлық кредит бериледи

Президент басшылығында өткерилип атырған жыйналыста айтылыўынша, өткен 6 жылда шаңарақлық исбилерменлик бағдарламасы шеңберинде 750 мың адам кредитин ўақтында қайтарып, дәраматлы бизнеске ийе болды. Олардың 58 мың адамы жаңа кәрхана да ашты.

Банклер сынақтан өткен клиентлерин қоллап-қуўатлап, оларды киши ҳәм орта бизнес дәрежесине алып шығыўы кереклиги айтылды.

Оларға “Киши бизнести қоллап-қуўатлаў ” бағдарламасы шеңберинде шәртсиз 300 миллион сум кредит бериледи.

Бул арқалы кейинги жылларда 1,5 миллион халықты жумыслы етиў мүмкинлиги айтылды.

https://t.me/maman_advokat

Показано 20 последних публикаций.