#рәўият #рамазан_жақынласпақта #рамазанның_пазыйлети
Рамазанда жақсы әмеллердиң саўабы бир нешше есеге көбейтип бериледи
Рамазан ҳаққында Салман Фарсыйдан рәўият қылынған узын ҳәдисте: «Ким онда ықтыярлы тәризде бир жақсы ис қылса, тап бир парызды орынлағандай болады. Ким онда бир парызды орынласа, жетпис парызды ислегендей болады», делинген.
Ибн Ражаб раҳматуллаҳи алайҳи айтады: «Оразаның сонда да басқа әмеллерге қарағанда саўабы бир нешше есе көп болғаннан кейин, Рамазанның оразасы да басқа оразаларға қарағанда бир нешше есе үстем болады. Бул оның ўақтының шарапаты ҳәм ол Аллаҳ парыз қылған ораза болғаны ҳәм Ол бул оразаны Ислам қурылған сүтинлериниң бири қылғаны итибарынан».
Рамазанда жақсы әмел қылған адам тәбийий тәризде оны ораза тутқан ҳалда орынлайды. Бир әмелди ибадат ишинде қылыў оны басқа ўақыт қылыўдан көре пазыйлетли ҳәм саўаплы болады.
✈️ @MagzaniyshanUz