#дуўа
ТҮНДЕ ОҚЫЛАТУҒЫН ДУЎА Саҳабалардан бири айтады:
Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа салламның алдында отырған едим, бир саҳаба келип: «Я Расулуллаҳ, бүгин түнде мени шаян шағып алды ҳәм таң атаман дегенше уйқлай алғаным жоқ», деди.
Сонда Расулуллаҳ саллаллаҳу алайҳи ўа саллам былай деди:
«Түн болғанда «АЪУЎЗУ БИКӘЛИМӘӘТИЛЛӘӘҲИТ ТӘӘММӘТИ МИН ШӘРРИ МӘӘ ХОЛАҚ» десең, иншааллаҳ ҳеш нәрсе зыян бермейди».
(Әбиў Даўыд рәўияты).
Дуўаның мәниси: «Аллаҳ тааланың кәмил кәлиймалары менен Ол жаратқан нәрселердиң жаманлығынан пана сорайман».
Аллаҳ таала түниңизди қайырлы қылсын! Аманлықта,саламатлықта, төрт көз түўел көрискенше әзизлер!
✈️
@MagzaniyshanUz