Соңғы жыллары үлкемиз аймақларында жер асты ҳәм жер үсти тәбийғый байлықларын изертлеўге, байлықлардан халық хожалығында утымлы пайдаланыўға үлкен итибар қаратылып атыр. Бул жумысларда дүньялық илим жаңалықларынан ҳәм ҳәзирги заман өндирис технологияларынан пайдаланыўға жетерли дәрежеде мүмкиншиликлер жаратылған. Тәбийғый байлықларды қорғаў, оларды адамлардың ийгилиги, журтымыздың экономикасының барған сайын раўажланыўы ушын жумсалыўын тәртиплестириў ислери арнаўлы нызам ҳәм норматив ҳүжжетлер менен беккемленген.
Қарақалпақстан Республикасында узақ жыллардан бери, яғный 1962-жыллардан баслап өними [тамыры] шет еллерге экспорт етилип киятырған бояншылық тараўының бүгинги жағдайы көз қуўандырады. Қарақалпақстанның қайсы аўылына барсаңыз да жол бойында жап-салма ырашларында, суў салмаларда, тоғайларда, дақыллар егилген атыз бойларында ырғалып турған боянлықларды көриўге болады. Көпшилик боянды шарўа маллары ушын пайдаланыўға болатуғын от-шөп өсимлиги деп түсинеди. Бирақ, боянның тамыры әллеқашан үлкемиздеги дәстүрий ҳәм турақлы экспорт өними, халқымыздың миллий байлығына айланды. Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде боян өсимлигиниң тамыры ҳәм пақалына болған қызығыўшылық жүдә жоқары. Буның себеби неде? Илимий-тарийхый дереклерде Қытайда боянның тамырының әжайып қәсийетлери ҳаққында, бизиң эрамызға шекемги 4000 жыл бурын адамлар билген. Шығыстың уллы данышпаны Әбиў Әли Ибн Синаның мийнетлеринде боян тамырының медициналық әҳмийетин ҳәтте женшень тамырына теңлестиреди. Ҳәзирги дәўирде боян тамыры, оннан алынатуғын түрли химиялық бирикпелердиң ҳайран қаларлық қәсийетлери жаңадан ашылмақта.
Илимий дереклерде боян тамырынан алынған затлар, бирикпелер адам организмин ҳәр тәреплеме беккемлеў, қуўатландырыў ҳәм жасартыў қәсийетлерине ийе екенлиги туўралы мағлыўматлар бар. Медицинада усы бирикпелерден таярланған дәри-дармақлар лорингит, өткир ҳәм турақлы пневмония, бронхит, туберкулез, көк жөтел, гастрит, асқазан ҳәм ишек жаралары, геморрой, өт ҳәм баўыр кеселликлери, жүрек-қан тамыр, аллергиялық ҳәм басқа аўырыўларды емлеўге пайдаланылады деп көрсетилген. Боян тамыры өнимлери темеки, азық-аўқат, химия, реңли металлургия тараўлары ҳәм бураўлаў жумысларында кең пайдаланылады. Дүньялық шийки зат базарында жылдан-жылға боян тамырына болған зәрүрликтиң артып барыўы, тамырындағы халық хожалығы ушын керекли, қәсийетли затлардың көп болғанлығынан келип шығып отырғанлығы мәлим.
Илимде бул өсимлик Glycyrrhiza qlabra L~ қәдимги боян (солдока обыкновенная) деп аталады. Орайлық Азия регионы аймақларында боян өсимлигиниң тарқалыўы ҳәм морфобиологиясы илимпазлар А.И.Гладышев, А.Б.Бахиев, П.К.Закиров, Б. Б. Кербабаев, А.И.Исамбаев ҳәм басқалар тәрепинен үйренилген.
Бурынғы аўқам дәўиринде Қарақалпақстан Республикасында боян тамырын таярлаў менен агросанаат өндирислик бирлеспеси шуғылланды. Бирлеспе ҳәзир ашық акционерлик жәмийети болып қайта дүзилди ҳәм кәрхана боян тамырын жыйнап, оны экспортқа жиберип киятырған аймағымыздағы бирден-бир хожалық жүргизиўши субъект болып есапланады. Кәрхана 12534 гектар майдандағы боянзарлықлардан тамыр жыйнаў, тамыры жыйнап алынған майданларда жаңадан боянзарлықларды тиклеў, жыйналған тамырларды (тиккелей) экспортқа Қытай, Россия, Кореяға жиберип, усы еллердиң ири фирмалары менен бирге ислесип атыр.
ашық акционерлик жәмийетине 1996-жылы Испанияда дүнья жүзи бойынша боян тамырының сапасы бойынша жулдызы тапсырылды.
Боян тамырының экспортлық шийки зат өнимлери сыпатындағы әҳмийетиниң артыўына байланыслы соңғы жыллары республикамызда боян тамыры менен шуғылланыўшы Өзбекстан--Австрия, қоспа кәрханасы сыяқлы ири кәрханалар ҳәм олардың бөлимлери пайда болды.
Шымбай районында қоспа кәрханасына қараслы боян тамырынан таяр өним [тамыр унтағы, глицирризин қышқылы концентраты) ислеп шығаратуғын жаңа технологияда жумыс ислейтуғын завод иске қосылды.