Қарақалпақ тарийхы, Этнографиясы, Мәденияты


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: не указана


Бул каналымызда Қарақалпақ халқының бай тарийхы, әжайып этнографиясы, салт-дәстүрлери ҳәм мәденияты менен танысып барасыз.
Байланыс ушын:
@Allamuratova1512

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
не указана
Статистика
Фильтр публикаций


Репост из: Hoja.uz️
Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Инна лиллаҳи ва инна илайҳи рожиъун

Каналға ағза болыў: @hoja_uz


Adińnan sazi
G.Tilewmuratov atqariwinda

t.me/baqsilar


Генжебай Тилеўмуратов


Репост из: Kitaap Club channel
📚 55 КҮНЛИК КИТАПҚУМАРЛАР ЧЕЛЛЕНДЖИ! 📚


⏰ Басланыў ўақты:
5-январь 2025-жыл
Саат 00:01

🏁 Жуўмақланыў ўақты:
01-март 2025-жы
Саат 23:59


📋 Қатнасыў шәртлери:

• Ҳәр күни кеминде 10 бет китап оқыў
• Ҳәр ҳәптениң Шемби күн оқыған китабыңыз бойынша кеңнен пикир, шолыў жазыў
• Ҳәр күни оқыған бетлериңиз санын @KitaapClubBot қа жазып барыў

💎 Қатнасыўшылар алатуғын қосымша артықмашылықлар:

• Китап оқыў бойынша жабық топардағы аудиочатларда сәўбетлер арқалы пикир алмасыў имкәнияты
• Китапқумарлар жабық чатына кириў мүмкиншилиги
• Еркеклер ҳәм ҳаяллар ушын бөлек жабық топар
• Ҳәр ҳәптеде мотивациялық қатнасыўшылар тәрепинен ўебинарлар
• Өзиңиз китап оқыў ҳаққында усы ўебинарларда сөйлеп ораторлығыңызды раўажландырыў
• Тәжирийбели оқыўшылар менен байланыса алыў
• Оқыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша қунлы кеңеслер

🎁 Сыйлықлар қоры 500,000 сум!

Бас сыйлықлар:
🥇-орын: 150,000 сумлық китаплар топламы
🥈-орын: 100,000 сумлық китаплар топламы
🥉-орын: 80,000 сумлық китаплар топламы

Қосымша номинациялар:

• "Ең белсенди оқыўшы" - 70,000 сумлық китаплар
• "Ең жақсы китап шолыўы" - 50,000 сумлық китаплар
• "Турақлы қатнасыўшы" - 50,000 сумлық китаплар

✅ Клубта қатнасыўшылар саны көбейсе жеңимпазлар саны көбейиўи ҳәм Сыйлықлар қоры 500,000 сум нан асыўы мүмкин.

📊 Жеңимпазларды анықлаў критерийлери:

• Оқылған бетлер саны: бир бет ушын +1 балл
• Китаптан оқыған жериңизден бир алған ҳикметиңизди жазғаныңыз ушын:
1 қатарлы пикир +3 балл
2 қатарлы пикир +5 балл
3, 4, 5 қатарлы пикир +10 балл
• Қатнасылмаған яки ўақытында есабат берилмеген күн ушын -10балл

✍️ Қатнасыў ушын:

1. Усы пост телеграм сторисиңизде кеминде 3 күн турсын.
2. Скриншотты @KitaapClubBot қа жибериң
3. [ 8801710205787821 ] арқалы 19.000 сум төлең
10-январьға шекем 13.000сом төлеп үлгериң.
30% шегирме
4. Төлем чегин @KitaapClubBot қа жибериң
5. Егер картаға пул өткерилмей атырса ботқа жазсаңыз басқа карта нөмерин айтаман.

Топарға қосылыў линки төлем чегин жибергеннен кейин бериледи.

Жеңиллик:

1. Қаржылай жағдайға байланыслы кейинирек төлеймен деп ботқа хабарлассаңыз қарызға қосылсаңыз болады.
2. Таза дерлик оқылмаған китапларыңызды бизге берип қосылсаңыз болады.
Баҳасы 40-50мың сум болса еки адам қосылса болады.
3. Марафонға қатнаспай қаржылай қоллап қуўатласаңыз болады.

Мақсет пул табыў емес китапқумарлықты раўажландырыў!


💫 Еслетпе: Алдыңғы марафонымызда 30 дан аслам қатнасыўшы өз билимин ҳәм оқыў көнликпелерин раўажландырды. Олардың көпшилиги ҳәзир турақлы оқыўшыларымызға айланды!

⭐️ Бизиң марафонның артықмашылықлары:

• Еки бөлек топар (еркеклер/ҳаяллар) - еркин пикир алмасыў мүмкиншилиги
• Күнделикли мотивация ҳәм қоллап-қуўатлаў
• Әмелий кеңеслер ҳәм методикалар
• Актив қатнасыўшылар жәмәәти
• Қызықлы таллаўлар ҳәм дискуссиялар
• 55 видео китап ҳаққында (интернеттен көширилген)
• 55 киши пайдалы мәсләҳәтлер
• Ҳәр қатнасыўшыға жеке статистика панели
• Графиклер арқалы прогрессти көрсетиў
• Марафон соңында толық статистикалық есабат
• Ҳәр қатнасыўшыға электрон сертификат


🎯 Бизде қатнасыўшылар:

• Оқыў тезлигин асырады
• Жаңа дослар табады
• Өз билимин кеңейтеди
• Турақлы оқыў әдетин қәлиплестиреди

🔥 АЙРЫҚША УСЫНЫС:
Ерте қосылғанларға АРЗАНЛАТЫЎ!
• 10-январьға шекем - 13.000 сум
• 10-январьдан соң - 19.000 сум

🤝 ДОСТЫҢДЫ АЛЫП КЕЛ - ПАЙДА АЛ!
• 1 досты алып келсең - 3.000 сум қайтарылады
• 2 досты алып келсең - 7.000 сум қайтарылады
• 3 ҳәм оннан көп дос алып келсең - 10.000 сум
қайтарылады



Қосымша сораўларыңыз болса, ботқа хабарласың:
@KitaapClubBot

🎉 Шекленген орын! Тезирек қосылың!

#KitaapClub #марафон #оқыў #билим #раўажланыў

@KitaapClub


Репост из: Kitaap Club channel
📚 55 КҮНЛИК КИТАПҚУМАРЛАР ЧЕЛЛЕНДЖИ! 📚


⏰ Басланыў ўақты:
5-январь 2025-жыл
Саат 00:01

🏁 Жуўмақланыў ўақты:
01-март 2025-жы
Саат 23:59


📋 Қатнасыў шәртлери:

• Ҳәр күни кеминде 10 бет китап оқыў
• Ҳәр ҳәптениң Шемби күн оқыған китабыңыз бойынша кеңнен пикир, шолыў жазыў
• Ҳәр күни оқыған бетлериңиз санын @KitaapClubBot қа жазып барыў

💎 Қатнасыўшылар алатуғын қосымша артықмашылықлар:

• Китап оқыў бойынша жабық топардағы аудиочатларда сәўбетлер арқалы пикир алмасыў имкәнияты
• Китапқумарлар жабық чатына кириў мүмкиншилиги
• Еркеклер ҳәм ҳаяллар ушын бөлек жабық топар
• Ҳәр ҳәптеде мотивациялық қатнасыўшылар тәрепинен ўебинарлар
• Өзиңиз китап оқыў ҳаққында усы ўебинарларда сөйлеп ораторлығыңызды раўажландырыў
• Тәжирийбели оқыўшылар менен байланыса алыў
• Оқыў көнликпелерин раўажландырыў бойынша қунлы кеңеслер

🎁 Сыйлықлар қоры 500,000 сум!

Бас сыйлықлар:
🥇-орын: 150,000 сумлық китаплар топламы
🥈-орын: 100,000 сумлық китаплар топламы
🥉-орын: 80,000 сумлық китаплар топламы

Қосымша номинациялар:

• "Ең белсенди оқыўшы" - 70,000 сумлық китаплар
• "Ең жақсы китап шолыўы" - 50,000 сумлық китаплар
• "Турақлы қатнасыўшы" - 50,000 сумлық китаплар

✅ Клубта қатнасыўшылар саны көбейсе жеңимпазлар саны көбейиўи ҳәм Сыйлықлар қоры 500,000 сум нан асыўы мүмкин.

📊 Жеңимпазларды анықлаў критерийлери:

• Оқылған бетлер саны: бир бет ушын +1 балл
• Китаптан оқыған жериңизден бир алған ҳикметиңизди жазғаныңыз ушын:
1 қатарлы пикир +3 балл
2 қатарлы пикир +5 балл
3, 4, 5 қатарлы пикир +10 балл
• Қатнасылмаған яки ўақытында есабат берилмеген күн ушын -10балл

✍️ Қатнасыў ушын:

1. Усы пост телеграм сторисиңизде кеминде 3 күн турсын.
2. Скриншотты @KitaapClubBot қа жибериң
3. [ 8801710205787821 ] арқалы 19.000 сум төлең
10-январьға шекем 13.000сом төлеп үлгериң.
30% шегирме
4. Төлем чегин @KitaapClubBot қа жибериң
5. Егер картаға пул өткерилмей атырса ботқа жазсаңыз басқа карта нөмерин айтаман.

Топарға қосылыў линки төлем чегин жибергеннен кейин бериледи.

Жеңиллик:

1. Қаржылай жағдайға байланыслы кейинирек төлеймен деп ботқа хабарлассаңыз қарызға қосылсаңыз болады.
2. Таза дерлик оқылмаған китапларыңызды бизге берип қосылсаңыз болады.
Баҳасы 40-50мың сум болса еки адам қосылса болады.
3. Марафонға қатнаспай қаржылай қоллап қуўатласаңыз болады.

Мақсет пул табыў емес китапқумарлықты раўажландырыў!


💫 Еслетпе: Алдыңғы марафонымызда 30 дан аслам қатнасыўшы өз билимин ҳәм оқыў көнликпелерин раўажландырды. Олардың көпшилиги ҳәзир турақлы оқыўшыларымызға айланды!

⭐️ Бизиң марафонның артықмашылықлары:

• Еки бөлек топар (еркеклер/ҳаяллар) - еркин пикир алмасыў мүмкиншилиги
• Күнделикли мотивация ҳәм қоллап-қуўатлаў
• Әмелий кеңеслер ҳәм методикалар
• Актив қатнасыўшылар жәмәәти
• Қызықлы таллаўлар ҳәм дискуссиялар
• 55 видео китап ҳаққында (интернеттен көширилген)
• 55 киши пайдалы мәсләҳәтлер
• Ҳәр қатнасыўшыға жеке статистика панели
• Графиклер арқалы прогрессти көрсетиў
• Марафон соңында толық статистикалық есабат
• Ҳәр қатнасыўшыға электрон сертификат


🎯 Бизде қатнасыўшылар:

• Оқыў тезлигин асырады
• Жаңа дослар табады
• Өз билимин кеңейтеди
• Турақлы оқыў әдетин қәлиплестиреди

🔥 АЙРЫҚША УСЫНЫС:
Ерте қосылғанларға АРЗАНЛАТЫЎ!
• 10-январьға шекем - 13.000 сум
• 10-январьдан соң - 19.000 сум

🤝 ДОСТЫҢДЫ АЛЫП КЕЛ - ПАЙДА АЛ!
• 1 досты алып келсең - 3.000 сум қайтарылады
• 2 досты алып келсең - 7.000 сум қайтарылады
• 3 ҳәм оннан көп дос алып келсең - 10.000 сум
қайтарылады



Қосымша сораўларыңыз болса, ботқа хабарласың:
@KitaapClubBot

🎉 Шекленген орын! Тезирек қосылың!

#KitaapClub #марафон #оқыў #билим #раўажланыў

@KitaapClub


❤️ Қарақалпақстан Республикасы гимни

📝 Сөзи: И. Юсупов
🎼 Намасы: Н. Муҳаммеддинов


Жайҳун жағасында өскен бай терек,
Түби бир шақасы мың болар демек,
Сен сондай саялы, қуяшлы елсең,
Тынышлық ҳәм ығбал сендеги тилек.

Нақыраты:
Дийхан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.

Айдын келешекке шақырар заман,
Мәртлик, мийнет, билим жеткизер оған,
Халқын бар азамат, дос ҳәм меҳрибан,
Еркин жайнап–жасна, мәнги бол аман.

Нақыраты:
Дийхан баба нәпеси бар жеринде,
Жуўсан аңқып, кийик қашар шөлинде,
«Қарақалпақстан» деген атыңды,
Әўладлар әдиўлер жүрек төринде.



@sabaqislenbe

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


Репост из: МЕРЎЕРТ
24-декабрь — Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни қабыл етилгенине 31 жыл толды

📎 1993-жылы 24-декабрьде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң XIV сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гимни ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилген.

@sabaqislenbe

💎@Merwert_uz
Әдебий информациялық канал


#қарақалпақ_ырғақлары
#play_list_ушын

🎼Сен Ўатан бул!
🎤Жолдас Аманиязов ҳәм "Әзиз" топары.


Тәй-тәй басып босағаңды атласам,
Ашылады сеннен баслап кең жәҳән,
Жырақ кетсем әлем бойлап шарықлап,
Бетке тутар айтып жүрер урансаң.

Нақыраты:

Сен Ўатан бул әлпешлеген алақан,
Сен Ўатан бул бесигимсең шайқаған,
Сен Ўатан бул басқалардан айырмам,
Сен Ўатан(3) бул көкиректеги тумарсаң.

Сағынғанда сүрме болар көзиме,
Орнағансаң мына жүрек төрине,
Жети ықлым аржағында жүрсемде,
Саған жетип жығылғайман сүрине.

Ўатан деген сезим онда бар болса,
Сол перзентиң халықтың жырын жырласа,
Алмастырмай жәннетке де бул жерди,
Туўған жердиң бәрҳа арын арласа
.

Mp3 қосық ушын Азамат, Жаңабай Анетеев ҳәм Айдос Раметуллаевларға алғыс билдиремен. Рахмет жигитлер!!👍

канал: Қарақалпақ Байтереклери


Репост из: Respublika Baxshilar Markazi
"Yilning eng tashabbuskor xalq baxshisi" nominatsiyasi uchun munosib baxshiga ovoz bering. Ovoz berish muddat: 2024-yil 27-dekabr soat 17-00 da yakunlanadi
Опрос
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Otemuratov G'ayritdin
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Abdullayev Yetmishboy
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Chorshanbiyev Ochil
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Umirov Rasul
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Xo'jamberdiyev Shodmon
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Radjabov Maxmatmurod
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Axmedov Boyqo'chqor
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Anvarov Ismoil
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Urolov Erkin
  •   O'zbekiston xalq baxshisi Rahimov Abdimurod
78382 голосов


Устазымыз Ғайратдийн Утемуратовқа даўыс бериң. Иләжы барынша группаларға тарқатып бериң максимал дәрежеде


Гезектеги симфонический оркестр менен аткарылган каракалпак намасы аудиосы менен болисиуден алдын, кыскаша тусиник бермекшимен.)) Нама пастораль деп аталган, музыкада пастораль дегенде тыныш ауыл турмысы саулеленген, лирик шыгарма тусиниледи, усы наманы еситкенде дарриу ядыма Дарибай ага Тажимуратовтын ауыл коринислери дуркиминдеги шыгармалары ядыма тусип колымнан келгенше нама хам графикалык шыгармалардан монтаж ислеп, видеомонтаж ислеп кордим, колымнан келгенинше!)) Нама оркестр ушын 1956 жылы жазылган!


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram


Завод боян тамыры өнимлерин ислеп шығарыўда, оның өнимлерин экспорт етиўде жақсы мүмкиншиликлерге ийе. Дүнья базарында боян тамыры өнимлерине болған талаптың артыўы ҳәм журтымызда бул өнимлерди жетистиретуғын кәрханалардың ис көлеминиң жыл сайын артып барыўы себепли буннан былай боян тамыры жалпы өнимниң муғдарын көбейтиў кереклиги анық сезилмекте. Бирақ, көплеген аймақларда--Арал теңизи әтирапындағы экологиялық жағдайдың кескинлесиў, дәрья суўының жийи-жийи там-тарыс болыўы боян тамырларын тәртипсиз жыйнаў, тәбийғый боянзарлық майданларының кескин кемейиўине алып келди. Хожалықлар есабындағы қолда бар боянзарлықларды сақлаў, боян тамырларын жыйнаў барлық орынларда талапқа сай дәрежеде алып барылыўы ушын мийнет исленбекте. Бул тараўды раўажландырыў ушын тәбийғый боянзарлықлардың майданын көбейтиў, оны дақыл сыпатында егиў, олардан жоқары өним алыў ушын үлкен жумыслар жүргизилип атыр.

        Бул әҳмийети жоқары жумысларды ислеўде А.Б.Бахиев, С.К.Қаниязовлардың атамасындағы усыныс китапшасының көп пайдасы болатуғынын атап өткенимиз орынлы.
            Қарақалпақстан аймағы ықлым ҳәм топырақ шараяты бойынша  боян өсимлигиниң раўажланыўына оғада қолай. Қарақалпақстанда жетистирилип атырған боян тамыры өними өзиниң сапасы бойынша дүньялық масштабта ең жоқары орынларда турады. Дүньялық базарда бул өнимге болған талаптың жыл сайын артып барыўы буннан былай да тараўды раўажландырыўға кең мүмкиншиликлер жаратып беретуғынына исенемиз.

Даўамы бар.

Дәнияр БЕЛАСАРОВ.

t.me/kketnografiya


Соңғы жыллары үлкемиз аймақларында жер асты ҳәм жер үсти тәбийғый байлықларын изертлеўге, байлықлардан халық хожалығында утымлы пайдаланыўға үлкен итибар қаратылып атыр. Бул жумысларда дүньялық илим жаңалықларынан ҳәм ҳәзирги заман өндирис технологияларынан пайдаланыўға жетерли дәрежеде мүмкиншиликлер жаратылған. Тәбийғый байлықларды қорғаў, оларды адамлардың ийгилиги, журтымыздың экономикасының барған сайын раўажланыўы ушын жумсалыўын тәртиплестириў ислери арнаўлы нызам ҳәм норматив ҳүжжетлер менен беккемленген.

       Қарақалпақстан Республикасында узақ жыллардан бери, яғный 1962-жыллардан баслап өними [тамыры] шет еллерге экспорт етилип киятырған бояншылық тараўының бүгинги жағдайы көз қуўандырады. Қарақалпақстанның қайсы аўылына барсаңыз да жол бойында жап-салма ырашларында, суў салмаларда, тоғайларда, дақыллар егилген атыз бойларында ырғалып турған боянлықларды көриўге болады. Көпшилик боянды шарўа маллары ушын пайдаланыўға болатуғын от-шөп өсимлиги деп түсинеди. Бирақ, боянның тамыры әллеқашан үлкемиздеги дәстүрий ҳәм турақлы экспорт өними, халқымыздың миллий байлығына айланды. Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде боян өсимлигиниң тамыры ҳәм пақалына болған қызығыўшылық жүдә жоқары. Буның себеби неде? Илимий-тарийхый дереклерде Қытайда боянның тамырының әжайып қәсийетлери ҳаққында, бизиң эрамызға шекемги 4000 жыл бурын адамлар билген. Шығыстың уллы данышпаны Әбиў Әли Ибн Синаның мийнетлеринде боян тамырының медициналық әҳмийетин ҳәтте женшень тамырына теңлестиреди. Ҳәзирги дәўирде боян тамыры, оннан алынатуғын түрли химиялық бирикпелердиң ҳайран қаларлық қәсийетлери жаңадан ашылмақта.

        Илимий дереклерде боян тамырынан алынған затлар, бирикпелер адам организмин ҳәр тәреплеме беккемлеў, қуўатландырыў ҳәм жасартыў қәсийетлерине ийе екенлиги туўралы мағлыўматлар бар. Медицинада усы бирикпелерден таярланған дәри-дармақлар лорингит, өткир ҳәм турақлы пневмония, бронхит, туберкулез, көк жөтел, гастрит, асқазан ҳәм ишек жаралары, геморрой, өт ҳәм баўыр кеселликлери, жүрек-қан тамыр, аллергиялық ҳәм басқа аўырыўларды емлеўге пайдаланылады деп көрсетилген. Боян тамыры өнимлери темеки, азық-аўқат, химия, реңли металлургия тараўлары ҳәм бураўлаў жумысларында кең пайдаланылады. Дүньялық шийки  зат базарында жылдан-жылға боян тамырына болған зәрүрликтиң артып барыўы, тамырындағы халық хожалығы ушын керекли, қәсийетли затлардың көп болғанлығынан келип шығып отырғанлығы мәлим.
           Илимде бул өсимлик Glycyrrhiza qlabra L~ қәдимги боян (солдока обыкновенная) деп аталады. Орайлық Азия регионы аймақларында боян  өсимлигиниң тарқалыўы ҳәм морфобиологиясы илимпазлар А.И.Гладышев, А.Б.Бахиев, П.К.Закиров, Б. Б. Кербабаев, А.И.Исамбаев ҳәм басқалар тәрепинен үйренилген.

Бурынғы аўқам дәўиринде Қарақалпақстан Республикасында боян тамырын таярлаў менен агросанаат өндирислик бирлеспеси шуғылланды. Бирлеспе ҳәзир ашық акционерлик жәмийети болып қайта дүзилди ҳәм кәрхана боян тамырын жыйнап, оны экспортқа жиберип киятырған аймағымыздағы бирден-бир хожалық жүргизиўши субъект болып есапланады. Кәрхана 12534  гектар майдандағы боянзарлықлардан  тамыр  жыйнаў, тамыры жыйнап алынған майданларда жаңадан боянзарлықларды тиклеў, жыйналған тамырларды (тиккелей) экспортқа Қытай, Россия, Кореяға жиберип, усы еллердиң ири фирмалары менен бирге ислесип атыр.
    
        ашық акционерлик жәмийетине 1996-жылы Испанияда дүнья жүзи бойынша боян тамырының сапасы бойынша жулдызы тапсырылды.
        Боян тамырының экспортлық шийки зат өнимлери сыпатындағы әҳмийетиниң артыўына байланыслы соңғы жыллары республикамызда боян тамыры менен шуғылланыўшы Өзбекстан--Австрия, қоспа кәрханасы сыяқлы ири кәрханалар ҳәм олардың бөлимлери пайда болды.
         Шымбай районында қоспа кәрханасына қараслы боян тамырынан таяр өним [тамыр унтағы, глицирризин қышқылы концентраты) ислеп шығаратуғын жаңа технологияда жумыс ислейтуғын завод иске қосылды.


Оның мелодиялық диапазоны да айтарлықтай кең болмайды. Ол квинта көлеминде ғана болады. Қосықтың намасы қысқаша еки бөлекшеден ибарат. Дәслепки бөлеги, тийкарынан  алғанда еки сес айланысында (фа, соль) ғана тәкирарланып жүреди. Екинши бөлегине келгенде мелодия раўажланып "до" нотасы екинши октаваға шекем болады. Қыссахан қосықларының мелодиясы өзине тән әжайып ырғақта триолбер, фаршлагалар арқалы атқарылады"

             Қыссаханлық жанры халық поэзиясында қандай әҳмийетли орын ийелесе, музыкалық фольклорда да сондай баҳалы әҳмийетке ийе. Өйткени, ҳәр бир қосық өзиниң ҳаўазы менен жарасықлы.
         Дәстан ҳәм шығармалар жоқарыдағыдай жыраў, бақсы, қыссаханлардың атқарыўында атадан балаға өтип, таза сөз бенен байып, бизиң заманымызға шекем жетип келген.

К Ө К   К Ө Й Л Е К

     "Саўыт нағыс" деген атама алған,
       Отыз түрли нағыс ойылған саған,
        Ең шебер деген қыз бес жыл тоқыған,
        Баҳасы бес сыйыр болған көк көйлек.
        Елпип есип еркинликтиң самалы,
        Миллийлигимиздиң келди заманы,
        Сүйсиндирип дуйым журтты тамамы,
        Қайтадан дүньяға келдиң көк көйлек.
           [Шайыр Г.Нурлепесова. "Көк көйлек"]

        Көк көйлек халқымыздың мақтанышы ҳәм миллий қәдириятымыз болып табылады. Қарақалпақ халқы ҳаял-қызларының көк көйлеги халқымыз қол өнериниң ең жетилискен үлгилерин өзинде жәмлеген ҳәм басқа ҳеш бир халықта ушыраспайтуғын бийбаҳа мийрасымыз саналады. Көк көйлек үлгилери әсирден-әсирге өтип, бүгинги күнге шекем музей экспонатлары қатарында сақланып келген болса, соңғы жылларда он бармағы ойылған шебер қызлар тәрепинен заманагөйлестирилип турмысымызға енип киятыр. Бурыннан ең шебер қыз бес жылда кестелеп тоқыған көйлек дәўиримиз жетискенлиги менен Қарақалпақстан Республикасы баслығы Айзада Нурымбетованың басшылығында заманагөй үскенелер жәрдеминде алты айда тоқып питкерилетуғын болды. Қарақалпақ ҳаял-қызларының бес кийиминиң бири саналған көк көйлектеги миллий нағысларды тоқыў арқалы қыз балалар сабырлылық, зейинлиликке тәрбияланған.

         Халқымызда қызлар сегиз-он жасларынан баслап кесте тоқыўға үйретилген. Буған аўыл-елдиң жасы үлкенлери де итибар берген, келиншектиң себиндеги усындай буйымлары арқалы да оған баҳа берилген. Сонлықтан да халық арасында "алты жастан басласаң асырарсаң,жети жастан басласаң жетирерсең",--деген даналық гәп бар. Себеби,сеп жыйнағанда бес кийимин, қара үйдиң безеўде қолланылатуғын тутыныў буйымларын қызлар өз қолы менен кестелеп турмысқа таярланған.

          Әдетте, көк көйлек---қарақалпақ ҳаял-қызларының той көйлеги есапланып, ҳәр бир қыз оны кийиўди әрман еткен. Көк рең--бултсыз, тыныш ҳәм ашық аспанымыздың нышаны. Оны кестелеўде дарақ, сырға ҳәм саўыт нағыслары пайдаланылады. Нағыслардың ҳәр биринде терең мәни бар. Ҳаял-қызлардың өмир даўамшылары екенлигин сәўлелендириў мақсетинде өмир дарағын кестелеген. Ол әтирапы перзентлерге толы жулдызлы аспан мәнисин де билдиреди. Шаңарақтың дарақтай өнип-өсиўи ушын тилеклеслик тымсалы болып хызмет етеди. Сырға нағысы--ҳаял--қызлардың гөззаллық тымсалы, көкирекке оқ өткермеў мәнисин билдириўши саўыт нағысы--ийесин тил-көзден, жаман нийетлерден сақлап турыўға тилеклеслик мәнисин береди. Нағыслардың ҳәр бири терең философиялық мәниге ийе болып, үш хызметтиң---кийим, тил-көзден сақлаўшы ҳәм халқымыздың тарийхы, мәденияты, күнделикли турмыс тәризи, дүньяға көз қарасын сәўлелендириўши ўазыйпаны да атқарған. Соның ушын да көк көйлек туўралы қосықлар дөретилген. Ҳәзирги күнде қайта тикленген үрп-әдетлеримиз бенен дәстүрлеримиздиң, бай мәдений мийрасларымыздың өсип киятырған жас әўладлар тәрбиясындағы әҳмийети үлкен.

Б О Я Н

БОЯН~елимиздиң бийбаҳа байлығы. Қарақалпақ аймағы тәбияты оғада гөззал ҳәм баҳалы ресурсларға бай. Боян тамырынан көплеген дәри-дәрмақлар алынады, сонлықтан Қарақалпақстандағы әҳмийетли дәстүрий ҳәм турақлы экспорт өними болып табылады. Боян жабайы өсимлик болса да, оны қолдан егип мәденийлестириўге де болады.


#тарийх

ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ
                [Даўамы]

            Қ Ы С С А Х А Н

      XIX әсирдиң ақыры XX әсирдиң басында әдебиятта, мәдениятта өткен әсирлердегиден басқаша, қарақалпақ елинде көркем өнердиң жазба мәдениятқа мәдениятқа байланыслы пайда болған бир түри~ҚЫССАХАНЛЫҚ раўажланды. Қыссаханлық бурын түркий халықлар мәдениятында бар қубылыс еди. Әсиресе, бул дәўирде миллий әдебият ҳәм мәдениятқа ылайықластырылған еки қыссахан шайырлар мектебиниң шөлкемлестирилиўи тек ғана көркем әдебияттың емес, ал қыссаханлықтың да елде кең ен жайыўына түртки болды. Елдиң миллий мәпине үйлеспейтуғын Россияның колонизаторлық сиясаты ҳәўижге минген ўақытта қыссаханлық халықлық әдебият ҳәм көркем өнерди раўажландырыўдың ең табыслы жолы еди. Шайырман деген адам қыссахан болды. Олар өз шығармаларын, халық дөретпелерин қыссаханлық өнери арқалы елге жайды. Нәтийжеде шайыршылық пенен бирге қыссазанлық та раўажланып барды.
        Елде қыссаханлық жыраў-бақсылардан кем орын ийелемеген. Соның ушын да қыссаханлықта Әжинияз жолы, Қазы Мәўлик жолы, Ақкирпик жолы, Қәўендер бала жолы деген белгили қыссаханлық жоллары қәлиплести.

Үлкен той, жыйынға қыссыханлар шақырылған. Усылайынша қыссаханлық тар шеңберде қалып кеткенликтен халықтың саз-сәўбетке болған күнлеликли талабын қанаатландыра алмаған. Күнделикли кишкене отырыспаларда дәстанларды халыққа жағымлы намада даўыслап оқып беретуғын адамлар болған. Оларды халық "қыссахан" деп атаған. Қыссахан қыссаны оқыўшы адам деген мәнини аңлатып, "қысса-дәстан, шығарма оқыйтуғын" деген мәнисти билдирген.
         Қыссаханлардың көпшилиги саўатлы ҳәм шайыр адамлар болған. Көп жағдайларда сазенде болған. Сонлықтан да, олар барлық ўақытта бақсылар айтатуғын дәстанларды оқымаған, ал отырыспа берип атырған аўылға, елге, қалаға ямаса сол аўылдың жигитлерине арнап шығарған өзиниң шығармаларын оқып берген. Шығармаларын белгили бир намаға салған.

       "Жаз болса шымбайлы атларын бағар,
        Ат мойнына лалы-маржанлар тағар,
        Қызлары керилип қасларын қағар,
        Сүмбил шашлы қызлары бар Шымбайдың",

----деп басланатуғын қыссахан ҳәм шайыр Қазы Мәўликтиң қосығы усындай жол менен таралған.
         Қысса оқыў---халық дәстанлары менен шайырлардың шығармаларын халыққа таратыўдың бақсы, жыраў айттырыўдан бираз жеңил ҳәм түсиникли формасы. Халық усындай жол менен айтылған дәстан, шығарма, намаларды тез уғып алған. Жоқарыда айтылған қосығының , [ намасы композитор Әбдирейим Султановтың қайта ислеўинде тазадан жаңлады]  атамасы менен умытылмай елеге шекем айтылып жүриўи де мине усыннан.
        Қыссазанлар қарақалпақ халқы жыршыларының бир топарына киреди. Олар ел аралап, китап оқып, шайырлардың дөреткен қосықларын, айтысларын айтып жүретуғын, көпшиликке тамаша беретуғын сөз шеберлери.
         Қыссаханлық өнери қарақалпақларда жыраўлар менен бақсылардан кейинлеў пайда болған. Бул арабша "қысса", парсыша "кван" (хан)  деген еки сөзден қуралған. "Кван" сөзи "оқыў" ямаса "оқыўшы" мәнисин берген. Сазенде~сащ шертиўши, гөйенде~қосық айтыўшы, деп те айтылады. Демек, қыссахан китап оқыўды кәсип еткен адам деген сөз. Ал, "қысса"  сөзиниң араб тилиндеги мәниси әңгимени, ўақыяны сөйлеп бериўши мәнисин берген.

         Қарақалпақ қыссаханлары қыссаны "әл--қисса" деп баслайды. Сөйтип баянламақшы болған ўақыяның мәнисин түсиндирип алады. Ал, арасында қыссаханлар қыссаны оқығанда "әл-қисса" деген сөздиң орнына "ал-ғәрез" деп те қолланылады. Бул енди ўақыяның өзгерип атырғанынан дәрек береди.
         Қыссаханлық өнери Орта Азия халықларына таралғанына көп заманлар болған. Өткен әсирдиң белгили қыссаханларынан Аббаз Дабылов, Садық Нурымбетов, Рәм шайыр--Рәмберген Хожамбергенов, ҳәзирги дәўирдеги шайыр--қыссазан Қарақалпақстан халық шайыры Халила Дәўлетназаровларды келтирип өтсек болады. Әсиресе, Аббаз шайырдың жолы өзине тән айрықша мелодиялық ырғаққа ийе. Ҳаўазы менен өзине тартады. Музыка изертлеўшиси Т.Адамбаева өзиниң мийнетинде былай дейди:




Қабақтың аўыз қабақ аталыўы да усыннан шыққан.

Бул қабақ сүт қуйып қойыў ушын арналған. Аўзы кесип алынған үлкен қабақлардың түби ғәлле сақлайтуғын ыдыс хызметин де атқарған. Шанаш--белгили қой жанлықтың терисинен исленип, аўыз бети жиңишкелеў тигилген қалта. Оны ун, сөк, гүриш ҳәм тағы басқа усындай затларды сақлаўда пайдаланған. Шанаштың сырты нағысланып, қара үйди безейтуғын затлар қатарына кирген. Кепкир--кишкене темирден исленген, жергиликли усталар тәрепинен соғылған. Оны палаў асқанда, баўырсақ писиргенде қоланған. Буннан басқа қазан табақлар қара үйдиң ҳаял-қызлар бөлегинде турған.

        Қара үй үскенелери үйдиң қалған еки бөлегине жайластырылған. Қара үйдиң төри менен ҳаял-қызлар бөлегиниң аралығында сандық, сандығы болмаса арша турады. Егер бир үйдиң сандығы да, аршасы да болса, арша үйдиң төри менен оң тәрепи--қонақ отыратуғын бөлегиниң аралығына жайластырылған. Сандық та, арша да жергиликли усталар тәрепинен исленген, сол жерде жасаўшы уруўлардағы бар нағыслар менен сырлап нағысланған. Арша да, сандық та хожалыққа керекли майда затлар турады. Бирақ, қарақалпақлардың басым кғпшилини ушын характерли нәрсе, баплық хожалықта дерлик сандық болған, арша айырым қурғын хожалықларда ғана болған. Сандықтың үстине қаршын, оның үстине боғжама қойылады. Үстинк болса үйдиң барлық жүги жыйналады.

          Қаршын---бет жағының узынлығы бир ярым метр, ени ярым метр шамасындағы кишкене  ғалы. Оның екинши тәрепине усындай узынлықта ҳәм кеңликте шал қурылады. Үстиңги жағы ашық болады. Ашық турған жериниң ернегине еки жағынан қызыл жыңғылдан қаршын менен тең узынлықта ҳәм кеңликте, орта жуўанлықта сыйдам жыңғыл бекитиледи. Қаршынның ишине керекли зат салынғаннан кейин жип арқалы еки жыңғыл ағашты тартып байлап бекитиледи. Қаршында көбирек гүзли-бәҳәр кийетуғын кийим--кеншеклер турады.
        Боғжама~узынлығы-ени 3-4 метрден кем болмаған шал-алаша есапланады. Оны зат қойыў ушын да пайдаланады. Әсиресе, боғжамаға қонақ келгенде төселетуғын кийиз салынып қойылады. Оның ушын боғжаманы жайып, кийизди бүклеп, оптасына қояды. Соң боғжама менен орайды. Сыртынан еесиз нағыслы қур ямаса боялңан жүн жип пенен байлайды. Соң қаршынның  үстине апарып жыйнайды.

        Қара үйдиң керегесиниң басында белгили бир орынға қоржын илип қойылады. Қоржын ғалыдан исленген, кишкене еки жақлы сумка [қалта]. Ҳәр қалтаның аўзын жүннен тоқылған жиптен исленген илмек пенен биринен-бирин өткерип алыў жолы менен бекитиледи. Илмеклери "гүржи" деп аталады. Қоржын әсиресе, дүзге шығыўға, базарға барыўға қолайлы мүлк.

         Қарақалпақлардың үй-үскене затлары, қазан-табақлары бурыннан киятырған, қарақалпақлардың хожалық турмысына бейимленген қәддинде усы ўақытқа шекем сақланған. Буны көбинесе аўыллық жерлерде көриўге болады. Үй-үскене затлары: арша, сандық, сабаяқ, қаршын, боғжама, керги, пөстек, шарық, шығыршық, уршық, келеп ағаш, тас шыра, балта, бел, орақ, шөккиш, қоржын, шелек, шот, бурғы, қашаў, қап, бойра, себет, қайгы, қырықлық, қазае, қақпақ, түбелек, самар [керсен], табақ, бадыя, зерен, тостаған, қырма, шғмиш, қасық, гүби, пискек, атлаў, гүзе, аўыз қабақ, суў қабақ, май қабақ, қарын, тулып, самовар, қара қумған, мыс қумған, қазан пышақ, келсап, дигирман, елгезер  [елеўиш],  кепшик, шанаш, астақта, оқлаў, тикеш, рәпийда, дәскер, тутқыш, темир қырғыш, балық қырғыш, дасмал, көсеў, әтөшкир ҳәм тағы басқа да усындай затлардан ибарат. Бул буйымлардың ҳәр бириниң турақлы ўазыйпасы болып, ҳәр бир хожалықта болыўы шәрт болған. Бул дәскелердиң үй ишинде ҳәм сыртында турақлы орны болған.
  
        Даўамы бар.

Дәнияр БЕЛАСАРОВ.

t.me/kketnografiya


Себеби, таң атса түңликти ашып жақты түсиретуғын да, күн ысыса түңликти жаўып, көлеңке түсиретуғын да, жатарда түңликти жаўып үйди қараңғылайтуғын да бақан есапланады.
         Усындай әҳмийети ушын ба ямаса қарақалпақларда ағаш материалларының кемлигинен бе, бақанға халық жүдә ҳүрмет пенен қарайды, жүдә абайлылық пенен услайды. Хожалық қурыўға таярланып атырған жас келиншеклерди де усыған үйретеди. Қарақалпақ халқында ески дәстүр бойынша келиншектиң беташары:

      Үй сыртына мал келсе,
      Бақанлама келиншек,
      Бақаныңды сындырып,
      Қақаңлама келиншек,---деп басланады.

Барлық қәдеси менен тигилип, безенип үскенеленген үйди "отаў" деп атайды. Отаў атамасы қарақалпақларда кең мағынада қолланылады. Булардан тысқары, қара үйдиң жүдә әпиўайы, көлеми бойынша отаўдан кишилеў ҳәм пәс, үлкен безеўди талап етпейтуғын түри бар, оны "жолым үй" деп атайды. Ерте заманларда адамлар қара үйди таба алмай, үйдиң керегесин қурастырып, үстин табылған зат пенен бастырып оңысық қылған. Буны халықта "ылашық" деп атайды. Отаў да, ылашық  та халықтың турмысына ерте заманлардан кирип келген, дәстан ҳәм толғаўларда да ушырасады.
Мысалы:

         Алмабас, қуба үйрек, соналы ғазлар,
         Ушса ғарқылдасып, көлди жандырар,
          Ақ отаў ишинде отырған қызлар,
          Сүйсең додақынан тилди жаздырар,---
деп, "отаў" атамасы, тоқ турмыстың, шадлы өмирдиң, ўақтыхошлық пенен бир қатарда гезлеседи.
        Қара үй халықтың тийкарғы турақ жайы болған, онда қыста да отырған. Бирақ, сыртын шеңгелден, қамыстан ямаса жыңғылдан ислеген қора менен қоршаған. Бул қора, қара үйге қатты самалды жибермеў ушын.

Қара үйдиң ортасы от жағыўға бейимлестирилип, төрт мүйешли етип қазылған, оны "ошақ" дейди. Дөгерегине 4-5 сантиметр енликтеги тақта қағылған, оны "алақшын" деп атаған. Оның ортасына от жағылған. От жағыларда түңлик ашылған. Хожалықтың ағзаларъы ошақты айланшықлап отырып жылынған. Буннан тысқары үйдиң кирер жериниң оң тәрепи үйдиң ҳаял-қызлар отыратуғын бөлими болып, сол жерде қазан асыў ушын ылайдан соғылған екинши ошақ болған. Оны "қазан ошақ" ямаса "тандыр ошақ" деп атайды.
         Жазда қара үйди тигип өзиниң шарўашылығына қолайлы жерде адамлар бөлек-бөлек отыра берген. Бирақ, қысқа қарай отырықшы бир аўыл болып, ямаса бир уруў болып, уруў басшылары, бийлери, байлардың қалаларында қыслаған.

       Тәртип бойынша ҳәр қандай қара үй үш бөлимнен ибарат болады. Үйдиң кирер жери--үйдин "шеп тәрепи" деп аталып, бул ъаял-қызлардың бөлеги есапланған. Бул негизинен асхана хызметин атқарып, үйдиң дәскелери усы жерге жыйналған. Ал, үйдиң кирер жериниң шеп қапталы үйдиң "оң жағы" деп аталып, ҳүрметли, сыйлы орын есапланған. Бул жер азада тутылған, онда тек қонақлар отырған. Есиктиң туўрысы--үйдиң "төри" деп аталады. Төрде еркек адамлар отырған.
        Үйдиң усылайынша бөлиниўине байланыслы үй-үскенелери [үй тутыныў затлары] ҳәм қазан-табақлар белнили бир тәртипте жайластырылған. Мысалы, үйдиң "шеп тәрепинде" ылайдан исленген ошақ болған. Онда аўқат писирилген. Аўқат шойыннан исленген қазанда асылған. Қазан алты яки он еки қарыс болып, шаңарақтың үлкен яки кишилигине қарай қолланылған. Қазанға ағаш қақпақ бастырылған. Аўқат исленгеннен кейин ағаштан исленген түбелекке түсирилген. Түбелек ошақтың түбинде турған. Оннан арыда, иргеге жақын жерде сабаяқ турған. Сабаяқ ағаштан исленген стол сыяқлы буйым. Тийкарғы ўазыйпасы торақ салынған тулыпты ызғардан сақлап турыў болған. Сабаяқ ярым метр бийикликте болып, үстине торақ салынған тулып қойылса, астына қазан-табақ жайластырылған. Сабаяқтың үстинде керегениң басына илдириўли керги турған. Керги жүннен  нағысланып тоқылған. Оның ишинде қасық-табақлар турған. Барлық қасық-табақ кергиге салына бермеген, гейпара ўақытлапда керги қара үйдиң безеўин де атқарған. Бундай кергилер қара үйдиң тғринде турған. Қасық-табақ салынатуғын керги менен бир қатарда, кергиниң басына майқабақ, аўыз қабақ, шанаш, кепкир усаған үй дәскелери илдирилген. Май қабақ--суў тасыйтуғвн суў қабақтың кишкене түри. Оған тек май қуйып қойылған. Аўыз қабақ суў тасыйтуғын бөлимине шекем кесип алынған қабақ болған.


#тарийх

ҚАРАҚАЛПАҚ ҲАҚҚЫНДА СӨЗ

               
                                 Ислам Кәримов.

            Қ А Р А  Ү Й

       Ерте заманлардан-ақ тийкарынан жер егип, отырықшы турмыс кеширген қарақалпақлардың турақ жайы қара үй болды.
        Улыўма, қара үй халықтың дәстүрине кирген турақ-жайы есапланады. Қара үйдиң ҳәзирге шекем қарақалпақларда кеңнен қолланылыўы усының менен дәлилленеди.
          Қара үйди усталар соққан, оны халықта "үйши" деп атаған. Бул атақлы кәсип болған. Үй тийкарынан төрт, алты ҳәм сегиз қанатлы етип соғылған. Үйдиң төрт ямаса алты қанатлы болыўы материаллық мүмкиншиликтен келип шыққан. Неше қанатлы үй болса да, бәри бир,  ҳәр бир үй, үйдиң тийкарын қурайтуғын керегесинен, оның басына уўық баў менен бекитилетуғын уўығынан, оның үстине қойылатуғын шаңарақтан, үйдиң ергенегинен, ергенектиң үстиңги тәрепин бекитип туратуғын маңлайшадан ҳәм астыңғы тәрепин бекитип туратуғын табалдырықтан ибарат болады.

Қара үй тоғайда өсетуғын майысқақ ағаштан исленеди. Оны "үй тал" ("тоғай тал") деп атайды. Бирақ, үй тал ҳәммеге жете бермейди. Сонлықтан да айырым жағдайда қара талды геллеклеп, соннан шықтан нарттан да қара үй исленеди.

        Қара үйдиң керегеси, үш тәрепи сүйирленген бир қатар жиңишке ағаштың үстине, қыясына екинги қатар қойылған ҳәм ағашлар бири екиншисине тийген жеринен тесилип, қой териси таспасы менен бекитилген бир қанаттан (қанат~қара үйдиң ҳәр бир керегесин "қанат" деп атайды) ибарат болады. Еки ағашты тесип өткерилген қам таспа терини керегениң "көги" деп атайды.
         Кереге үй тигилерде енине қарата жайылады. Үй жығылып жыйналарда кереге қысылады. Көлем кеңлиги узынына кетеди.
       Үйди тигерде, кереге жайылғаннан кейин ҳәр бир қанат бир-бири менен жүннен исленген жиңишке дизбе қур менен беккем оралып байланады. Уўықтың ушы шаңараққа барып киреди. Уўықтың бас жағы ярым ийилген қадалардан ибарат болып, үйге гүмбездей сән береди. Шаңарақ~ийилген тоғын болып, оның төменинде уўықтың басы кирип туратуғын тесиклери болады. Шаңарақ үйдиң уўықларын жоқарыдан бириктирип услап турады. Шаңарақ тоғынының үстинги ернегинен бирин-бири кесип өткен, ортасы иймейген төрт-бес қада суғылған. Бул қадалар бириншиден шаңарақты беккем услап турса, екиншиден оның иймеги үйдиң ишине, дүңкийген тәрепи үйдиң сыртына (жоқарыға қарап) үйге айрықша сән береди.
         Үйдиң керегеси сыртынан, орта белинен қырық елиў сантиметр енликтеги нағыслап жүннен исленген қур менен қатты тартылады, оны "ақ басқур" деп атайды.
         Ақбасқур менен тартыў шәрт емес, таппаған адам арқан менен де байлап қояды. Бирақ, не менен байласа да, керегениң сыртынан байланыўы шәрт. Сондай-ақ, уўықтың керегеге бекитилген жериниң жоқарылаўынан, уўықтың ярым иймейген жеринен, екинши сондай қур менен байлайды, оны "қызыл басқур" деп атайды. Бул да үйге сән бериўи менен бир қатарда, үйдиң уўықларын беккем услап турады.

         Үйдиң уўық бөлими жүннен бастырылған, үйге бейимленген кийиз бенен жабылады, оны "үзик" деп атайды. Шаңарақ бөлими де шаңараққа жабыўға бейимлестирилген айрықша кийиз бенен жабылады, оны "түңлик" деп атайды. Үйдиң аўзына ағаштан ойып [нағыслап] исленген ергенек қойылады. Ергенектиң үстинен нағысланған шийден тоқылған есик жабылады. Керегениң сырты жақсы тоқылған ший менен  қоршалады. Керегениң белинен, шийдиң сыртынан қатты етип арқан менен тартылады, буны "белбеў" деп атайды. Усының менен үйдиң тийкарғы қурылысы питеди.
         Үйди безеў ушын ҳәр түрли нәрселер пайдаланылады. Бирақ, бул жүдә шәрт емес, ҳәр ким өзиниң жағдайынан келип шығып үскенелейди, көркемлейди. Үйден айырылмайтуғын нәрсениң бири, үйдиң түңлигин ашып  жабатуғын үш метр шамасындағы, басы аша ағаш есапланады. Оны қарақалпақ халқы "бақан" деп атайды. Бақансыз үй болыўы мүмкин емес.

Показано 20 последних публикаций.