Оның мелодиялық диапазоны да айтарлықтай кең болмайды. Ол квинта көлеминде ғана болады. Қосықтың намасы қысқаша еки бөлекшеден ибарат. Дәслепки бөлеги, тийкарынан алғанда еки сес айланысында (фа, соль) ғана тәкирарланып жүреди. Екинши бөлегине келгенде мелодия раўажланып "до" нотасы екинши октаваға шекем болады. Қыссахан қосықларының мелодиясы өзине тән әжайып ырғақта триолбер, фаршлагалар арқалы атқарылады"
Қыссаханлық жанры халық поэзиясында қандай әҳмийетли орын ийелесе, музыкалық фольклорда да сондай баҳалы әҳмийетке ийе. Өйткени, ҳәр бир қосық өзиниң ҳаўазы менен жарасықлы.
Дәстан ҳәм шығармалар жоқарыдағыдай жыраў, бақсы, қыссаханлардың атқарыўында атадан балаға өтип, таза сөз бенен байып, бизиң заманымызға шекем жетип келген.
К Ө К К Ө Й Л Е К
"Саўыт нағыс" деген атама алған,
Отыз түрли нағыс ойылған саған,
Ең шебер деген қыз бес жыл тоқыған,
Баҳасы бес сыйыр болған көк көйлек.
Елпип есип еркинликтиң самалы,
Миллийлигимиздиң келди заманы,
Сүйсиндирип дуйым журтты тамамы,
Қайтадан дүньяға келдиң көк көйлек.
[Шайыр Г.Нурлепесова. "Көк көйлек"]
Көк көйлек халқымыздың мақтанышы ҳәм миллий қәдириятымыз болып табылады. Қарақалпақ халқы ҳаял-қызларының көк көйлеги халқымыз қол өнериниң ең жетилискен үлгилерин өзинде жәмлеген ҳәм басқа ҳеш бир халықта ушыраспайтуғын бийбаҳа мийрасымыз саналады. Көк көйлек үлгилери әсирден-әсирге өтип, бүгинги күнге шекем музей экспонатлары қатарында сақланып келген болса, соңғы жылларда он бармағы ойылған шебер қызлар тәрепинен заманагөйлестирилип турмысымызға енип киятыр. Бурыннан ең шебер қыз бес жылда кестелеп тоқыған көйлек дәўиримиз жетискенлиги менен Қарақалпақстан Республикасы баслығы Айзада Нурымбетованың басшылығында заманагөй үскенелер жәрдеминде алты айда тоқып питкерилетуғын болды. Қарақалпақ ҳаял-қызларының бес кийиминиң бири саналған көк көйлектеги миллий нағысларды тоқыў арқалы қыз балалар сабырлылық, зейинлиликке тәрбияланған.
Халқымызда қызлар сегиз-он жасларынан баслап кесте тоқыўға үйретилген. Буған аўыл-елдиң жасы үлкенлери де итибар берген, келиншектиң себиндеги усындай буйымлары арқалы да оған баҳа берилген. Сонлықтан да халық арасында "алты жастан басласаң асырарсаң,жети жастан басласаң жетирерсең",--деген даналық гәп бар. Себеби,сеп жыйнағанда бес кийимин, қара үйдиң безеўде қолланылатуғын тутыныў буйымларын қызлар өз қолы менен кестелеп турмысқа таярланған.
Әдетте, көк көйлек---қарақалпақ ҳаял-қызларының той көйлеги есапланып, ҳәр бир қыз оны кийиўди әрман еткен. Көк рең--бултсыз, тыныш ҳәм ашық аспанымыздың нышаны. Оны кестелеўде дарақ, сырға ҳәм саўыт нағыслары пайдаланылады. Нағыслардың ҳәр биринде терең мәни бар. Ҳаял-қызлардың өмир даўамшылары екенлигин сәўлелендириў мақсетинде өмир дарағын кестелеген. Ол әтирапы перзентлерге толы жулдызлы аспан мәнисин де билдиреди. Шаңарақтың дарақтай өнип-өсиўи ушын тилеклеслик тымсалы болып хызмет етеди. Сырға нағысы--ҳаял--қызлардың гөззаллық тымсалы, көкирекке оқ өткермеў мәнисин билдириўши саўыт нағысы--ийесин тил-көзден, жаман нийетлерден сақлап турыўға тилеклеслик мәнисин береди. Нағыслардың ҳәр бири терең философиялық мәниге ийе болып, үш хызметтиң---кийим, тил-көзден сақлаўшы ҳәм халқымыздың тарийхы, мәденияты, күнделикли турмыс тәризи, дүньяға көз қарасын сәўлелендириўши ўазыйпаны да атқарған. Соның ушын да көк көйлек туўралы қосықлар дөретилген. Ҳәзирги күнде қайта тикленген үрп-әдетлеримиз бенен дәстүрлеримиздиң, бай мәдений мийрасларымыздың өсип киятырған жас әўладлар тәрбиясындағы әҳмийети үлкен.
Б О Я Н
БОЯН~елимиздиң бийбаҳа байлығы. Қарақалпақ аймағы тәбияты оғада гөззал ҳәм баҳалы ресурсларға бай. Боян тамырынан көплеген дәри-дәрмақлар алынады, сонлықтан Қарақалпақстандағы әҳмийетли дәстүрий ҳәм турақлы экспорт өними болып табылады. Боян жабайы өсимлик болса да, оны қолдан егип мәденийлестириўге де болады.