Қабақтың аўыз қабақ аталыўы да усыннан шыққан.
Бул қабақ сүт қуйып қойыў ушын арналған. Аўзы кесип алынған үлкен қабақлардың түби ғәлле сақлайтуғын ыдыс хызметин де атқарған. Шанаш--белгили қой жанлықтың терисинен исленип, аўыз бети жиңишкелеў тигилген қалта. Оны ун, сөк, гүриш ҳәм тағы басқа усындай затларды сақлаўда пайдаланған. Шанаштың сырты нағысланып, қара үйди безейтуғын затлар қатарына кирген. Кепкир--кишкене темирден исленген, жергиликли усталар тәрепинен соғылған. Оны палаў асқанда, баўырсақ писиргенде қоланған. Буннан басқа қазан табақлар қара үйдиң ҳаял-қызлар бөлегинде турған.
Қара үй үскенелери үйдиң қалған еки бөлегине жайластырылған. Қара үйдиң төри менен ҳаял-қызлар бөлегиниң аралығында сандық, сандығы болмаса арша турады. Егер бир үйдиң сандығы да, аршасы да болса, арша үйдиң төри менен оң тәрепи--қонақ отыратуғын бөлегиниң аралығына жайластырылған. Сандық та, арша да жергиликли усталар тәрепинен исленген, сол жерде жасаўшы уруўлардағы бар нағыслар менен сырлап нағысланған. Арша да, сандық та хожалыққа керекли майда затлар турады. Бирақ, қарақалпақлардың басым кғпшилини ушын характерли нәрсе, баплық хожалықта дерлик сандық болған, арша айырым қурғын хожалықларда ғана болған. Сандықтың үстине қаршын, оның үстине боғжама қойылады. Үстинк болса үйдиң барлық жүги жыйналады.
Қаршын---бет жағының узынлығы бир ярым метр, ени ярым метр шамасындағы кишкене ғалы. Оның екинши тәрепине усындай узынлықта ҳәм кеңликте шал қурылады. Үстиңги жағы ашық болады. Ашық турған жериниң ернегине еки жағынан қызыл жыңғылдан қаршын менен тең узынлықта ҳәм кеңликте, орта жуўанлықта сыйдам жыңғыл бекитиледи. Қаршынның ишине керекли зат салынғаннан кейин жип арқалы еки жыңғыл ағашты тартып байлап бекитиледи. Қаршында көбирек гүзли-бәҳәр кийетуғын кийим--кеншеклер турады.
Боғжама~узынлығы-ени 3-4 метрден кем болмаған шал-алаша есапланады. Оны зат қойыў ушын да пайдаланады. Әсиресе, боғжамаға қонақ келгенде төселетуғын кийиз салынып қойылады. Оның ушын боғжаманы жайып, кийизди бүклеп, оптасына қояды. Соң боғжама менен орайды. Сыртынан еесиз нағыслы қур ямаса боялңан жүн жип пенен байлайды. Соң қаршынның үстине апарып жыйнайды.
Қара үйдиң керегесиниң басында белгили бир орынға қоржын илип қойылады. Қоржын ғалыдан исленген, кишкене еки жақлы сумка [қалта]. Ҳәр қалтаның аўзын жүннен тоқылған жиптен исленген илмек пенен биринен-бирин өткерип алыў жолы менен бекитиледи. Илмеклери "гүржи" деп аталады. Қоржын әсиресе, дүзге шығыўға, базарға барыўға қолайлы мүлк.
Қарақалпақлардың үй-үскене затлары, қазан-табақлары бурыннан киятырған, қарақалпақлардың хожалық турмысына бейимленген қәддинде усы ўақытқа шекем сақланған. Буны көбинесе аўыллық жерлерде көриўге болады. Үй-үскене затлары: арша, сандық, сабаяқ, қаршын, боғжама, керги, пөстек, шарық, шығыршық, уршық, келеп ағаш, тас шыра, балта, бел, орақ, шөккиш, қоржын, шелек, шот, бурғы, қашаў, қап, бойра, себет, қайгы, қырықлық, қазае, қақпақ, түбелек, самар [керсен], табақ, бадыя, зерен, тостаған, қырма, шғмиш, қасық, гүби, пискек, атлаў, гүзе, аўыз қабақ, суў қабақ, май қабақ, қарын, тулып, самовар, қара қумған, мыс қумған, қазан пышақ, келсап, дигирман, елгезер [елеўиш], кепшик, шанаш, астақта, оқлаў, тикеш, рәпийда, дәскер, тутқыш, темир қырғыш, балық қырғыш, дасмал, көсеў, әтөшкир ҳәм тағы басқа да усындай затлардан ибарат. Бул буйымлардың ҳәр бириниң турақлы ўазыйпасы болып, ҳәр бир хожалықта болыўы шәрт болған. Бул дәскелердиң үй ишинде ҳәм сыртында турақлы орны болған.
Даўамы бар.
Дәнияр БЕЛАСАРОВ.
t.me/kketnografiya