Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген айырым шаңарақларға субсидия ажыратылады
Пәрманға муўапық, 2025-жыл 1-апрельден «Жаслар дәптери» фондлары арқалы, 2025-жыл 1-сентябрьден болса «Ҳаяллар дәптери» фондлары арқалы төленетуғын бир мәртелик материаллық жәрдемлер орнына кем тәмийинленген шаңарақлар ушын нәзерде тутылған напақалар төленеди.
️2025-жыл 1-майдан «Социаллық дәптерлер» фондлары есабынан емлеў ҳәм хирургиялық әмелият өткериў қәрежетлери Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў фонды арқалы қаржыландырылады.
2025-жыл 1-апрельден Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында мүтәж шаңарақларға бир мәрте берилетуғын материаллық жәрдем орнына усы аймақларда жасаўшы Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген шаңарақларға үйинде артезиан қудық қазыў, суў насосларын орнатыў ҳәм ишимлик суў фильтрлерин сатып алыў қәрежетлерин қаплаў ушын субсидия ажыратыў тәртиби енгизиледи.
Бунда субсидия қәрежетлердиң 90 проценти, бирақ, БЕМның 30 есесинен көп болмаған муғдарда ажыратылады. ️
2025-жыл 1-майдан еркинен айырыў орынларынан азат етилген шахсларға БЕМның 6 есеси муғдарындағы бир мәртелик напақа пулы «Инсан» социаллық хызметлер орайлары арқалы төленеди.
Район (қала) ҳәкимликлери жанында «Инфраструктура ҳәм социаллық турақлылық» фондлары шөлкемлестириледи.
@Nizamshiliq — Нызамшылыққа байланыслы жаңалықлар