Каракалпакстан 24


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Политика


Қарақалпақстанда ҳәм Өзбекстанда жүз берип атырған жаңалықларды турақлы түрде @KARAKALPAK24TVтелеграм каналы арқалы бақлап барың.
📬 Мүрәжат жоллаў: @KARAKALPAK24_BOT
👉 Реклама: @

Связанные каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Политика
Статистика
Фильтр публикаций


Кимлер мийнет дем алысын узайтыў ямаса басқа ўақытқа көшириў ҳуқықына ийе?

✅ Мийнет кодексиниң 229-статьясына муўапық, хызметкерлер төмендеги жағдайларда ҳәр жылғы мийнет дем алысын узайтыў ямаса басқа ўақытқа көшириў ҳуқықына ийе:

🔹ўақытша мийнетке жарамсызлық дәўиринде;
🔹ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысының мүддети басланғанда;
🔹мийнет дем алысы оқыў дем алысына туўры келип қалғанда;
🔹мәмлекетлик ямаса жәмийетлик миннетлерди орынлап атырғанда (егер нызамшылықта бундай миннетлерди орынлаў ушын жумыстан азат етиў нәзерде тутылған болса);
🔹жәмийетлик келисимлерде ямаса шәртнамада белгиленген басқа жағдайларда.

❗️Егер жыллық мийнет дем алысынан пайдаланыўға тосқынлық етиўши себеплер дем алыс басланыўына шекем пайда болған болса, хызметкер менен жумыс бериўши ортасында келисимге муўапық дем алыстан пайдаланыўдың жаңа мүддети белгиленеди.

⚠️ Ал егер бундай себеплер дем алыстың ўақтында пайда болса, дем алыс сол күнлер санына узайтырылады ямаса хызметкер менен жумыс бериўшиниң келисимне тийкар дем алыстың пайдаланылмай қалған бөлеги басқа ўақытқа көшириледи.

📝 Хызметкер дем алыстан пайдаланыўға тосқынлық етиўши жағдайлар ҳаққында жумыс бериўшиге жазба түрде хабар бериўи шәрт.

♻️ Егер жумыс бериўши хызметкерди оның мийнет дем алысы ҳаққында кеминде 15 күн алдын ескертпесе ямаса мийнет дем алысы басланғанға шекем мийнет дем алысы пулын төлемесе, хызметкердиң арзасына муўапық мийнет дем алыс басқа ўақытқа көшириледи.

👉 @Karakalpak24


Кимлерге 120 млн сумға шекем жеңиллетилген кредит бериледи?

Президенттиң Пәрманына бола, 2024-жыл 1-июннан баслап «Мәкан жетилиги» усынысы тийкарында Кәмбағаллықтан шығарыў бағдарламасына киргизилген ҳәм үй-жай шараятын жақсылаўға мүтәж болған пуқараларға мәмлекет есабынан ипотека кредитлерин ажыратыў жолға қойылады.

❗️Кредит 120 млн сумға шекем, 20 жыллық мүддетке Орайлық банктың тийкарғы ставкасынан 4% жоқары болған ставкада (ҳәзирги күнде 18% болады) жер жай қурыў, реконструкция қылыў ҳәм оңлаў мақсетлери ушын ажыратылады.

💰Мәмлекет тәрепинен кредит алған пуқараға басланғыш төлемин қаплаў ушын алынған кредит муғдарының 15% муғдарында ҳәм процентлериниң бир бөлегин қаплаў ушын кредит мүддетиниң биринши 5 жыллы даўамында 12% тен артық бөлегине субсидия бериледи.

👉 @Karakalpak24


❓️ҮЙ-ЖАЙ УШЫН СУБСИДИЯ АЖЫРАТЫЎ ҚАНДАЙ ЖАҒДАЙЛАРДА БИЙКАР ЕТИЛЕДИ?

Министрлер Кабинетиниң 182-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар,


✅ ️Төмендеги жағдайларда арза бериўшиге субсидия ажыратыў бийкар етиледи:

❌ усынылған арзада көрсетилген мағлыўматлар социаллық нормальарға муўапық келмегенде;

❌ усыныс етилген маглиўматлар надурис яки жалган болганда; (Бунда арза көрип шығыў процесине өткерилмейди ҳәм автоматикалық түрде бийкар етиледи)

❌ алдын ипотека кредитлери бойынша субсидиядан пайдаланған (алдын алынған субсидиялы ипотека кредитин сөндирген ҳәм турақ жайды басқа шахсқа өзлестирип жиберген жағдайда да) арза бериўши, соның ишинде, зайыбы тәкирар мүрәжат еткенде;

❌ усы жылы аймақ ушын ажыратылатуғын субсидия саны таўсылғанда;

❌ ️айлық дәрамат белгиленген нормадан аз ямаса көп болғанда;

❌ арзаны көрип шығыўда арза бериўшиниң өмирлик жолдасы тәрепинен алдын тапсырылған ҳәм көрип шығыў процесинде болған арза анықланғанда.

❗️️Жоқарыда көрсетилмеген басқа тийкарлар бойынша субсидия ажыратыўдан бас тартылыўына жол қойылмайды.

️👉 @Karakalpak24


Өзбекстанға гибрид жеңил автомобильлер импорты 21 есеге қысқарды

2025-жылдың февраль айында Өзбекстанға жеңил автомобиль импорты қун жағынан 3,5 есеге, муғдар жағынан болса 2,8 есеге қысқарды. Ең үлкен азайыў гибрид автомобильлер импортында бақланған - 21 есе.

Электромобиллер ҳәм бензинли жеңил автомобильлер импортындағы қысқарыў болса сәйкес түрде 2 есе ҳәм 2,8 есе болған.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Жыллық дәраматы 100 млн сумнан асқан таксистлер салық төлейди

Енди егер такси айдаўшысының жыллық дәраматы 100 миллион сумнан асса, ол рәсмий түрде салық төлеўшиге айланады.

👉 @Karakalpak24


Енди исбилерменлер ҳәм юридикалық шахслар «свет» ҳәм газды артықша пайдаланғаны ушын 2 есе емес, ал 20% көбирек пул төлейди

➖ Исбилерменлик субъектлери ҳәм басқа юридикалық шахслар электр энергиясы ҳәм газ лимитинен 20% ке шекем артықша пайдаланса, тариф ставкасы бойынша төлейбереди. Егер артықша пайдаланыў муғдары 20% тен артық болса, тариф ставкасы 20% ке қымбатлайды.

Алдын исбилерменлер лимиттен 10% артық пайдаланса, тариф ставкасы еки есеге қымбатлар еди.

❗️Бул өзгеристиң пуқараларға тәсири жоқ.

👉 @Karakalpak24


Нызамшылықта жасларға берилген айырым жеңилликлер

➖ Мүддетли әскерий хызметти өтеген ҳәм контракт бойынша оқып атырған жәмийетлик белсенди студентлерге контракт суммасының 35 проценти төлеп бериледи.

➖ Контракт тийкарында оқып атырған студентлерге тәлим кредити бериледи.

➖ «Жаслар дәптери»не киргизилгенлердиң имканияты шекленген шаңарақ ағзаларына дәри-дәрмақ, майыплық арбашалары, еситиў аппаратлары ҳәм ортопедикалық өнимлер сатып алыўы ушын БЕМның 5 есеси (1 млн 650 мың сум) муғдарында жәрдем көрсетиледи.

➖ Майыплығы болған жасларға оқыў, жасаў ҳәм трансторт қәрежетлерин қаплаў ушын БЕМның 50 есесине шекемги (16 млн 500 мың сум) муғдарда субсидия ажыратылады.

➖ Мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына кириўде ең жоқары балл топлаған 200 жас ушын Президент гранты енгизилген.

➖ Мәҳәлледеги
жаслар жетекшилери усынысы тийкарында 13 түрдеги жәрдем бериледи.

➖ Айырым
жаслар ЖООна оқыўға қабыл етиўде тест сынаўларында қатнасыў ушын өндирилетуғын төлемлерден азат етиледи.

➖ «Өтмишке саяхат» бағдарламасы шеңберинде «Жаслар дәптери»не киргизилгенлер мәмлекетлик музейлерге бийпул киргизиледи.

Сырт елдеги жас ўатанласларымыздың министрлик, мәкемелер ҳәм шөлкемлерде жумыс ислеўи ушын шараятлар жаратылады.

👉 @Karakalpak24


19-мартқа шекем магнит боранлары болады

Магнит боранының унамсыз тәсириниң ең кең тарқалған көринислери:

• мий айланыўы ҳәм бас аўырыўы;
• уйқының бузылыўы;
• дыққатты жәмлеў менен байланыслы жағдайлар;
• қан басымының өзгериўи;
• созылмалы кеселликлердиң кушейиўи;
• аўырыўлар, соның менен бирге, сүйеклердеги аўырыў;
• иштейдиң төменлеўи ҳәм кеўил айныўы;
• ҳәлсизлик.

Бундай күнлерде организмге жәрдем бериў ушын күнине кеминде 7-8 саат уйықлаў мәсләҳәт берилген. Аўқат рационынан майлы ҳәм ашшы аўқатларды алып таслап, күнине кеминде 2 литр суў ишиў усыныс етиледи. Кофе, спиртли ишимликлерден ўаз кешип, өсимликлерден таярланған шай ишиў керек.

Соның менен бирге, контрастлы душ, азанғы шынығыўлар, таза ҳаўада жүриў, жуўырыў магнит бораны фонында саламатлықты жақсылаўға үлес қосады.

👉 @Karakalpak24


Аўыл хожалығы жерлерин аукционда сатыў бойынша жаңа тәртип енгизилди

Аўыл хожалығы егислик майданларынан нәтийжели пайдаланыўды жеделлестириў мақсетинде 2025-жыл 11-марттан баслап "E-aukcion" электрон саўда платформасында онлайн-аукцион саўдаларын шөлкемлестириў бойынша жаңа жеңиллетилген тәртип енгизилди.

Бунда:

➖ Биринши аукцион бес күн мүддетте, қайта саўда бойынша аукцион бир күн мүддетте өткериледи;
➖ Аукционда бир қатнасыўшы болғанда да саўдалар өткен деп есапланады;
➖ Қайта саўдаларда басланғыш баҳасы 10%тен басқышпа-басқыш 20%ке шекем төменлетиледи.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
Тақыятаста 30 жасқа субсидия берилди

Тақыятас районында 30 жасқа 330 бас нәсилли қоян, арнаўлы кетеклер ҳәм бир айлық от-жем субсидия тийкарында берилди. Сондай-ақ, олар ушын қоян өсириў бойынша әмелий семинар шөлкемлестирилди. Жойбар жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
❗️Жыллық дәраматы 100 млн сумнан асқан таксистлер салық төлеўи мүмкин.

👉 @Karakalpak24


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
ЮНЕСКО Қарақалпақ мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм ислеп шықты

Президентимиз тәрепинен қарақалпақ миллий саз әсбабы болған қобызды ҳәм жыраўшылық өнерин UNESCOның Дүньяжүзлик мәдений мийрасы дизимине киргизиў бойынша тапсырма берилген еди.

Әмелий жумыслар шеңберинде Қарақалпақстанның мәдений мийрасын қәстерлеў ҳәм келешек әўладлар ушын сақлап қалыў мақсетинде UNESCO халықаралық шөлкеми тәрепинен Қобыз саз әспабы ҳәмде жыраўшылық мийрасы ҳаққында ҳүжжетли фильм таярланды.

👉 @Karakalpak24


❓️ҮЙ-ЖАЙ УШЫН СУБСИДИЯ АЖЫРАТЫЎ ҚАНДАЙ ЖАҒДАЙЛАРДА БИЙКАР ЕТИЛЕДИ?

Министрлер Кабинетиниң 182-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар,


✅ ️Төмендеги жағдайларда арза бериўшиге субсидия ажыратыў бийкар етиледи:

❌ усынылған арзада көрсетилген мағлыўматлар социаллық нормальарға муўапық келмегенде;

❌ усыныс етилген маглиўматлар надурис яки жалган болганда; (Бунда арза көрип шығыў процесине өткерилмейди ҳәм автоматикалық түрде бийкар етиледи)

❌ алдын ипотека кредитлери бойынша субсидиядан пайдаланған (алдын алынған субсидиялы ипотека кредитин сөндирген ҳәм турақ жайды басқа шахсқа өзлестирип жиберген жағдайда да) арза бериўши, соның ишинде, зайыбы тәкирар мүрәжат еткенде;

❌ усы жылы аймақ ушын ажыратылатуғын субсидия саны таўсылғанда;

❌ ️айлық дәрамат белгиленген нормадан аз ямаса көп болғанда;

❌ арзаны көрип шығыўда арза бериўшиниң өмирлик жолдасы тәрепинен алдын тапсырылған ҳәм көрип шығыў процесинде болған арза анықланғанда.

❗️️Жоқарыда көрсетилмеген басқа тийкарлар бойынша субсидия ажыратыўдан бас тартылыўына жол қойылмайды.

️👉 @Karakalpak24


Мектеплерде бәҳәрги дем алыс 21-марттан басланады

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 15-марттағы 140-санлы қарары менен тастыйықланған Режениң 26-бәнтине муўапық, улыўма орта билим бериў мектеплеринде бәҳәрги дем алыс 21-март сәнесинен басланып, 7 календарь күн даўам етиўи белгиленген.

Оқыўшылар ушын бәҳәрги дем алыс 21-март сәнесинен басланады ҳәм 27-мартқа шекем даўам етеди.

Солай екен, IV шерек 28-март сәнесинен басланады.

️👉 @Karakalpak24


Кимлер мийнет дем алысын узайтыў ямаса басқа ўақытқа көшириў ҳуқықына ийе?

✅ Мийнет кодексиниң 229-статьясына муўапық, хызметкерлер төмендеги жағдайларда ҳәр жылғы мийнет дем алысын узайтыў ямаса басқа ўақытқа көшириў ҳуқықына ийе:

🔹ўақытша мийнетке жарамсызлық дәўиринде;
🔹ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алысының мүддети басланғанда;
🔹мийнет дем алысы оқыў дем алысына туўры келип қалғанда;
🔹мәмлекетлик ямаса жәмийетлик миннетлерди орынлап атырғанда (егер нызамшылықта бундай миннетлерди орынлаў ушын жумыстан азат етиў нәзерде тутылған болса);
🔹жәмийетлик келисимлерде ямаса шәртнамада белгиленген басқа жағдайларда.

❗️Егер жыллық мийнет дем алысынан пайдаланыўға тосқынлық етиўши себеплер дем алыс басланыўына шекем пайда болған болса, хызметкер менен жумыс бериўши ортасында келисимге муўапық дем алыстан пайдаланыўдың жаңа мүддети белгиленеди.

⚠️ Ал егер бундай себеплер дем алыстың ўақтында пайда болса, дем алыс сол күнлер санына узайтырылады ямаса хызметкер менен жумыс бериўшиниң келисимне тийкар дем алыстың пайдаланылмай қалған бөлеги басқа ўақытқа көшириледи.

📝 Хызметкер дем алыстан пайдаланыўға тосқынлық етиўши жағдайлар ҳаққында жумыс бериўшиге жазба түрде хабар бериўи шәрт.

♻️ Егер жумыс бериўши хызметкерди оның мийнет дем алысы ҳаққында кеминде 15 күн алдын ескертпесе ямаса мийнет дем алысы басланғанға шекем мийнет дем алысы пулын төлемесе, хызметкердиң арзасына муўапық мийнет дем алыс басқа ўақытқа көшириледи.

👉 @Karakalpak24


❗️Бүгиннен баслап "Басламалы бюджет"те даўыс бериў басланды

Бүгин 2025-жыл 1-мәўсими ушын таңлаўдан өткен жойбарларға даўыс бериў басқышы басланады.

Даўыс бериў 20-март саат 23:59ға шекем даўам етеди.

👉 @Karakalpak24


«Telegram»да алдаўшылықлардан қорғаныў бойынша жаңа функция иске түсирилди

Ендигиден былай «Telegram»да контактлардан басқа шахслар биринши мәрте хабар жибергенде толық мағлыўмат бети көринеди. Бул ҳәттеки жуўап бериўден алдын алдаўшылықларды анықлаў, өзин басқа шахс етип көрсететуғынлардан қашыў ҳәм ким менен сөйлесип атырғанын тастыйықлаў имканын жаратады.

Бул бет сизге жибериўши ҳаққында әҳмийетли мағлыўматларды, соның ишинде, оның мәмлекетин (телефон номерине тийкар), сиз бенен улыўмалық топарларын, «Telegram»ға қашан қосылғанын, пайдаланыўшы атын ямаса профиль сүўретин соңғы мәрте қашан жаңалағанын, пайдаланыўшының рәсмий есап екенин, үшинши тәреп тастыйықлаўына ийе ямаса әпиўайы пайдаланыўшы екенлигин көрсетеди.

👉 @Karakalpak24


Assalawma alekum kanal agzalari kanal ayrim sebeblerge kore satiladi algan adamga hamme narse tusindirip beriledi baxasi :100 000 sum murajjat:@oralbaev15


Енди смартфонларға да қуяш панельлери орнатылады

Қытайлылар қуяш панельлерин смартфонлар ҳәм олар ушын арналған корпусларға интеграциялаўды жобаластырып атыр.

Қытайдың Infinix прототиплери әллеқашан таяр. Олар 2 Vt қуўатлылыққа ийе болыўын ҳәм қурылма ҳәдден тыс қызып кетпеўи ушын тек пайдаланылмай атырғанда қолланыўды усыныс етеди және оны ҳәттеки лампа жақтылығынан да зарядлаў мүмкин болады.

Бирақ еле шығыў сәнеси жәрияланбады.

👉 @Karakalpak24


Мигрантлардың пул өткермелерисиз Өзбекстанда кәмбағаллық муғдары 17%ке шекем артыўы мүмкин

Жәҳән банкиниң изертлеўине бола, мигрантлардың пул өткермелери болмаса, Өзбекстанда кәмбағаллық дәрежеси 9,6%тен 16,8%ке шекем артыўы мүмкин. Бул болса мигрантлар жиберген қаржылардың халықтың турмыс дәрежесин сақлаўдағы әҳмийетин көрсетеди.

Изертлеўде атап өтилиўинше, өзбекстанлы мигрантлар ағымы соңғы жылларда диверсификацияланған. Ҳәзирги ўақытта олардың 57%и Россияда, 15%и Қазақстанда, 10%и Украинада жумыс ислеп атыр. Алдынлары мигрантлардың тийкарғы бөлеги Россияны таңлаған болса, енди басқа мәмлекетлерге де бағдарлар кеңейген.

Миграция пүткил Европа ҳәм Орайлық Азия регионында экономикалық раўажланыўға тәсир көрсетпекте. Дәраматлар айырмашылығы, демографиялық өзгерислер, климат машқалалары ҳәм қураллы келиспеўшиликлер мийнет мигрантлары ағымының өсиўине себеп болып атырған тийкарғы факторлардың бири болып қалып атыр.

👉 @Karakalpak24

Показано 20 последних публикаций.