📚 Мектеп сабақлықлары быйыл да бийпул бола ма?
Усы жылдың 3-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен мәжилисте 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет нызам жойбары мақулланды.
Болып өткен мәжилистиң додалаўында болса мектеп сабақлықлары ижара төлемин қайта енгизиў усынысының қабыл етилгени ямаса қабыл етилмегенлиги ҳаққында анық мағлыўмат тилге алынбаған.
Сол себепли, «xalqtaliminfo.uz» бул мәселеге анықлық киргизиў мақсетинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен байланысқа шыққан. Редакция сораўына жуўап ретинде министрлик хызметкери мектеп сабақлықларының ижара төлемин қайта енгизиў усынысы қабыл етилмегенин мәлим еткен.
«Мектеп сабақлықларын төлемли етиў усынысының өзи алдыннан Мәмлекетлик бюджет нызамының жойбарында жоқ еди. Бул усыныс тек ғана Бюджетнамаға айтылған еди», — делинеди министрлик хабарында.
📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.
🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар