Билимлендириў жаңалықлары


Гео и язык канала: Узбекистан, Узбекский
Категория: Образование


Педагоглар, студентлер, абитуриентлер ҳәм оқыўшылар ушын билимлендириў тараўына байланыслы ең соңғы жаңалықларды сәўлелендирип барамыз.
Мүрәжат: @bilimlendiriwbot
Реклама: @channeladdsbot

Связанные каналы  |  Похожие каналы

Гео и язык канала
Узбекистан, Узбекский
Категория
Образование
Статистика
Фильтр публикаций


🧑‍💻 Қарақалпақстанда билимлендириў тараўына байланыслы вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәрияланды

📑 Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги системасындағы вакант лаўазымларға ашық таңлаў жәрияланды. Олар:

▪️ Нөкис қалалық бөлими баслығы — силтеме;
▪️ Шымбай районлық бөлими баслығы — силтеме;
▪️ Елликқала районлық бөлими баслығы — силтеме.

🗓 Арзаларды қабыллаў 14-январь күни саат 23:59 да өз жуўмағына жетеди.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Мектеп директоры оқытыўшыдан дөгерек шөлкемлестириўди талап етиўи мүмкин бе?

📑 Хабарыңыз бар, Улыўма орта билим бериў мектеби (мектеп-интернат) хызметкерлериниң лаўазымлық инструкцияларында оқытыўшының лаўазым миннетлемелери белгилеп берилген.

👩‍💻 Оған бола, муғаллим пәнлерди өзлестириўде қыйналып атырған ҳәм қәбилетли оқыўшылар менен ислесиў мақсетинде өз пәни бойынша дөгерек шынығыўларын шөлкемлестириўи керек.

☑️ Солай екен, мектеп директоры оқытыўшыдан өз пәни бойынша дөгерек өтиўди талап етиўи мүмкин. Бул ҳуқықый тийкарға ийе.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


️📆 Мектеплерде III шерек сабақлары 13-январь, дүйшемби күнинен басланады

📑 Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги
мектеплерде III шерек сабақлары 13-январьдан басланатуғынын мәлим еткен еди.

☑️ Мектеплерде 2025-жыл 11-январь (шемби) күни белгиленген сабақлар 2024-жыл, 28-декабрь (шемби) күнине өткерилди. Усыған муўапық, оқыў жылының III шереги 2025-жыл 13-январь (дүйшемби) күнинен басланады.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Мектеплерде ер балалардың шашының узынлығы қанша болыўы керек?

📑 Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл, 15-август күнги 666-санлы қарарына тийкар, мектеп оқыўшыларының (ер балалар) шашының узынлығы 2-3 сантиметрден узын болмаўы керек.

💇‍♂ Оқыўшылар (ер балалар) мектепке пирсинг ислеткен ҳалда ямаса татуировка түсирилген ҳалда шашларын ҳәр түрли реңлерге бояп келиўи қатаң түрде қадаған етиледи.

📤 Постты жақынларыңызға тарқатың.

👩‍🏫 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Репост из: 4-класслар ушын таярлық
🧤5-январь күни 3-4 класс  балаларын таярлыққа қабыллаймыз❗️

Бул курс Президент мектеби , Ал-Хорезмий ИТ мектеп  ҳәм қәнигелестирилген мектеплерге  таярлайды.

Муғәллимлери:
✅5 жылдан бери Президент мектебине ҳәм Ал-Хорезмий ИТ мектепке таярлап атырмыз.

Нәтийжелери:
✅ 4 жылдан берли Қарақалпақстанда ең көп оқыўшысы Президент мектепке кирген.
2021-жыл 26 оқыўшы 48ден

2022-жыл 14 оқыўшы 24тен
2023-жыл 17 оқыўшы 24тен +1 оқыўшы 10-классқа
2024-жыл 15 оқыўшы 24тен +1 оқыўшы 10-классқа, 1 оқыўшы 7-классқа. Улыўма 75 оқыўшының сол мектепке кириўине себепши болдық
.

✅Нөкис кәнигелестирилген мектеп ҳәм Нөкис Ал-Хорезмий мектепке ең көп оқыўшылары кирген.

Билимге  қуштар балаларды интизарлық пенен күтип қаламыз.
5-январь күни азаңғы 9:00 ден 16:00ге шекем отбор болып өтеди.

Адрес: Бердақ №65. қоңыр жай
Ориентир: Калинин көше SQB
банк қарама-қарсы тәрепи

📍Локация

📱 +998937149091
☎️ +998612227171
👤Хабарласыў боты

Сапалы билимлендириў-жоқары нәтийжеге жетеклейди

©Мастер Шифу

Телеграм каналымыз


ҚР Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрине еки орынбасар тайынланды

Мухаббат Шылымбетова — Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң Мектепке шекемги билимлендириў мәселелери бойынша орынбасары лаўазымына;

Қәдирбай Исмаилов — Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министриниң руўхий-ағартыўшылық ислер бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

9k 0 44 5 36

💰 1-январьдан балалар бақшасы ушын төлем көтериледи

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалардың тәмийнаты ушын ата-аналар төлеминиң жаңа муғдарлары тастыйықланды.

Атап айтқанда, Өзбекстан бойынша 2025-жыл 1-январьдан баслап балалар бақшасы ушын төлем орташа 8,5−10,8 процентке көтериледи.

Төменде Ташкент қаласында, ўәлаят ҳәм район орайларында балалар бақшасы ушын ата-аналар төлеминиң жаңа муғдарларының кестеси келтирилген.

Еслетип өтемиз, соңғы рет баҳалар усы жылдың июнь айында орташа 18,7-21 процентке көтерилген еди.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
«Агролайф» «ҚВЗ»да сыйлы 2-орынды ийеледи

Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының «Агролайф» командасы «Қуўнақлар ҳәм зийреклер» таңлаўының финал басқышында сыйлы 2-орынды ийеледи ҳәм 100 млн сум пул сыйлығы менен сыйлықланды.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

9k 5 9 12 42

🏣 Қысқы оқыўды көшириў ушын арзаларды қабыллаў 20-декабрьден басланады

☑️ Қысқы «перевод»та тек ғана мәмлекетлик ЖООлар арасында тек 2 себепке бола қыста оқыўды көшириў мүмкин:

• студент шаңарақ қурыўы мүнәсибети менен өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы жоқары билимлендириў мәкемесине оқыўын көшириўди қәлегенлерге;
• мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери жумыс орны өзгерген жағдайда оның өмирлик жолдасы ямаса жас өспирим перзенти оқыўын көшириўди қәлегенлерге тийисли министрлик (хызмет) басшысының усынысы тийкарында).

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Видео недоступно для предпросмотра
Смотреть в Telegram
«САБАҚТАН СОҢ»

Қосық қатарлары Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери Мәтназар Абдулҳәким қәлемине тийисли болып, қарақалпақ тилине Аллаяр Дәрменов тәрепинен аўдарылған.

Бул қосық қатарлары ушын 2003-жылы Қарақалпақстан Республикасының Елликқала районында «Устазға ҳүрмет» естелиги орнатылған.

Сизиң нәзериңизге усынылып атырған видео Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы тәрепинен таярланды.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Репост из: Билимлендириў жаңалықлары
♻️ Оқытыўшылардың методикалық күнлери қайта енгизилиўи мүмкин

💻 Президент қарарына бола, 2025-жыл 1-январьдан баслап төмендеги ҳәпте күнлери оқытыўшылар ушын «Кәсиплик раўажланыў күнлери» сыпатында белгилениўи мүмкин:

🔴 Дүйшемби — анық пәнлер (математика, информатика ҳәм информациялық технологиялар);

🔴 Шийшемби — филология пәнлери (ана тили ҳәм әдебият, өзбек тили/рус тили);

🔴 Сәршемби — тәбийғый пәнлер (физика ҳәм астрономия, химия, биология, география ҳәм экономика, тәбийғый пән (Science));

🔴 Пийшемби — социаллық пәнлер (тарийх, мәмлекет ҳәм ҳуқық тийкарлары, тәрбия);

🔴 Жума — шет тиллери;

🔴 Шемби — әмелий пәнлер ҳәм баслаўыш тәлим (сүўретлеў өнери, сызыў, музыка мәденияты, технология, дене тәрбиясы, шақырыўға шекемги басланғыш таярлық, баслаўыш тәлим).

🚀  Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


⚡️️ Нөкис инновациялық институты тағы бир халықаралық рейтингде жоқары орынды қолға киргизди

🗓 2024-жылдың соңына келип «UI GreenMetric World University Rankings ─ 2024» (UI GreenMetric Дүнья университетлери рейтинги ─ 2024) рейтинги жәрияланды.

🏫 Қарақалпақстан Республикасында биринши болып жумыс баслаған жеке меншик жоқары оқыў орны ─ Нөкис инновациялық институты усы абырайлы дүнья рейтингинде мүнәсип орынды қолға киргизди.

❗️ Ҳәзирги ўақытта Нөкис инновациялық институты бул рейтингде дүньядағы 1477 жоқары оқыў орынлары арасында 1364-орында, Өзбекстандағы 200 ден аслам жоқары оқыў орынлары арасында 50-орында бармақта.

Мағлыўмат ушын, «UI GreenMetric World University Rankings» халықаралық рейтинги 2010-жылы шөлкемлестирилген болып, дүньядағы абырайлы ЖООлар 39 экологиялық норма бойынша ҳәм 6 әҳмийетли көрсеткишлер арқалы экологиялық миннетлемелери ҳәм басламаларынан келип шығып анықланады.

📌 Еслетип өтемиз, буннан бираз алдын Нөкис инновациялық институты «World University Rankings ─ 2025» дүнья рейтингине кириў ушын талабан «Репортер» статусына ийе болған еди.

Нөкис инновациялық институты Баспасөз хызмети

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


📚 Мектеп сабақлықлары быйыл да бийпул бола ма?

Усы жылдың 3-декабрь күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасында болып өткен мәжилисте 2025-жыл ушын Мәмлекетлик бюджет нызам жойбары мақулланды.

Болып өткен мәжилистиң додалаўында болса мектеп сабақлықлары ижара төлемин қайта енгизиў усынысының қабыл етилгени ямаса қабыл етилмегенлиги ҳаққында анық мағлыўмат тилге алынбаған.

Сол себепли, «xalqtaliminfo.uz» бул мәселеге анықлық киргизиў мақсетинде Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен байланысқа шыққан. Редакция сораўына жуўап ретинде министрлик хызметкери мектеп сабақлықларының ижара төлемин қайта енгизиў усынысы қабыл етилмегенин мәлим еткен.

«Мектеп сабақлықларын төлемли етиў усынысының өзи алдыннан Мәмлекетлик бюджет нызамының жойбарында жоқ еди. Бул усыныс тек ғана Бюджетнамаға айтылған еди», — делинеди министрлик хабарында.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


❗️Мектеп оқыўшылары ушын қысқы дем алыс 29-декабрьден басланады

🗂 Мектеп оқыўшылары ушын II шеректиң соңғы оқыў күни 28-декабрьге туўра келип, 29-декабрь күни қысқы дем алыстың дәслепки күни есапланады.

☑️ Дем алыс 2025-жыл 12-январьға шекем даўам етеди. III шерек 2025-жылдың 13-январынан басланады.

📑 Еслетпе: Дем алыстың соңғы күни байрам (исленбейтуғын) күнге туўра келип қалған жағдайда, сабақ шынығыўлары кейинги жумыс күнинен баслап даўам еттириледи.

🗓 1-класс оқыўшылары ушын февраль айы даўамында қосымша бир ҳәптелик дем алыс белгиленеди.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


💰 Uzbekistan Airways студентлер ушын шегирме жәриялады

▪️ Орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары оқыў орынлары студентлери ушын 23-декабрьден 2025-жыл 7-январьға шекем әмелге асырылатуғын барлық жергиликли авиақатнаўлардың эконом класс авиабилетлерине 50 процентке шекем шегирме бериледи.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


⚡️ Рәсмий: Мектеплерде сабақларды бөлип өтиўге рухсат берилди

📑 Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 30-сентябрьдеги ПҚ-346-санлы қарарының 3-қосымшасы менен Министрлер Кабинетиниң 2005-жыл 21-декабрьдеги 275-санлы қарарының 22-бәнти төмендегише редакторланды:

📍 Бөлип оқытылатуғын пәнлер бойынша топарлардан биреўиниң оқытыўшысы ҳәр түрли себеплерге бола сабақта болмаған жағдайларда топарлар қосымша оқытылады ҳәм қосымша оқытыў ушын қосымша ҳақы төлемлери әмелге асырылмайды.

Төмендеги бәнт қосылды: Бунда усы пәнлер бойынша оқытыўшылар бар болса, бөлип оқытыўға рухсат етиледи.

☑️ Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги жуўапкериниң мәлим етиўинше, орынлардағы түсинбеўшиликлердиң алдын алыў ҳәм мәселеге анықлық киргизиў мақсетинде усы абзац қосымша түрде киргизилген.

☝️ Яғный, енди анық бөлип оқытылатуғын пән муғаллимлеринен биреўиниң шериги сабақта болмаса, бирақ усы пән бойинша мектепте жетерли муғаллимлер бар болса, бундай жағдайларда сабақ басқа муғаллимлерге бириктирилип, бөлип өтилиўи мүмкин болады.

📨 Постты жақынларыңызға тарқатың.

🔹 @bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


❗️Оқыў ханаларына парталарды жайластырыўда төмендеги талапларға әмел етилиўи керек

Улыўма билим бериў мектеплеринде мектеплердиң сақланыўы ҳәм оқыўшылардың оқытылыўына қойылатуғын санитариялық-эпидемиологик талапларға (СанПиН № 0341-16) муўапық, оқыў ханаларында парта, стол-стуллер төмендеги тәртипте жайластырылыўы керек:

👉 2 орынлы столлар қатарындағы аралық 60 сантиметрден кем болмаўы керек;

👉 парта қатарлары менен сыртқы дийўал арасындағы аралық 50-70 сантиметр;

👉 парта қатарлары менен ишки дийўал, тосық, шкаф арасындағы аралық 50 сантиметр;

👉 соңғы парта менен дийўал арасы 70 сантиметр;

👉 доска менен биринши парта арасы 240 сантиметр;

👉 доска менен соңғы парта арасындағы аралық 860 сантиметр;

👉 досканың төменги тәрепи менен пол арасындағы аралық 70-90 сантиметр болыўы керек.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


Оқыўды көшириў мәўсими жақынласпақта: кимлер оқыўын көшириўи мүмкин?

Мәмлекетлик емес ямаса шет ел жоқары билимлендириў мәкемелеринен мәмлекетлик ЖООға оқыўды көшириў әмелдеги тәртипке муўапық, тек июль-август айларында әмелге асырылады.

Қысқы дәўирде болса тек ғана мәмлекетлик ЖОО ушын 2 кеширимли себеп пенен оқыўды көшириўге рухсат бериледи:

студент шаңарақ қурыўы мүнәсибети менен өмирлик жолдасы турақлы жасайтуғын аймақтағы жоқары оқыў орнына оқыўын көшириў ушын;

мәмлекетлик уйым хызметкерлери жумыс орны өзгерген жағдайда оның өмирлик жолдасы ямаса жас өспирим перзенти оқыўын көшириўи ушын (тийисли министрлик (мәкеме) басшысының усынысы тийкарында).

Кеширимли себеплерге бола оқыўды көшириў ҳаққындағы арзалар 20-декабрьден 20-январь сәнесине шекем аймақлық жумысшы топарлар тәрепинен қабыл етиледи.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар


❗️1-классты оқытатуғын оқытыўшылар жоқары ямаса биринши категориялы болыўы керек

📑 Усы мазмунда ҳәм избе-излиликте мектеплерге төмендеги тапсырмалар жеткерилмекте:

🔸 1-классты оқытатуғын оқытыўшылар жоқары ямаса биринши категориялы болыўы шәрт;

🔹 Оқытыўшы өз сөзин жеткере алатуғын, креатив пикирлей алатуғын, заман талапларына сай болыўы керек (орта жаслы болыўы керек);

🔸 1-классты алып атырған оқытыўшы кеминде 10 жыллық тәжирийбеге ийе болыўы керек;

🔹 1-класс оқытыўшысы жаңа әўлад сабақлықларындағы инглис тилинде берилген математика, информатика пәнине тийисли терминлерди ядтан билиўи керек;

🔸 1-класс оқытыўшысының билимлендириўге тийисли бир жыллық жобасы болыўы ҳәм сол жоба тийкарында 1-классқа сабақ бериўи керек;

🔹 1-класс оқытыўшысы жойбар үстинде ислей алатуғын устаз дөретиўши болыўы ҳәм оқыўшыларын да дөретиўшиликке бағдарлай алатуғын болыўы шәрт.

@bilimlendiriw_uz — билимлендириў тараўына байланыслы әҳмийетли хабарлар

16.4k 1 337 11 34

❓ «Қарақалпақстан жаслары» газетасы қашаннан шыға баслады?

😊 Өз билимиңизди сыннан өткериң.

▪️ Бизди бақлап барыўды даўам етиң.

📰 Канал: @qaraqalpaqstan_jaslari_gazetasi

Показано 20 последних публикаций.